Лука жазған Хош Хабар 7 bob

1 Римли жүзбасының исеними. 11 Жесир ҳаялдың баласының тирилиўи. 18 Ийса ҳәм Шомылдырыўшы Яқыя. 36 Ийса ҳәм гүнакар ҳаял. 

1 Ийса Ѳзин тыңлап турған халыққа ҳәмме сѳзин айтып болғаннан соң, Капарнаҳумға кетти.
2 Сол жерде бир римли жүзбасының қәдирлейтуғын хызметшиси аўырып, ѳлим тѳсегинде жатырған еди.
3 Жүзбасы Ийса туўралы еситип, Ол келип, хызметшиме шыпа бермес пе екен деп, ѳтиниш етиў ушын, Оған яҳудийлердиң ақсақалларын жиберди.
4 Олар Ийсаның қасына келди де, қатты ѳтиниш етип: – Ол Сениң жәрдем бериўиңе минәсип.
5 Себеби ол халқымызды жақсы кѳреди, бизлерге мәжилисхана да салып берди, – деди.
6 Ийса олар менен бирге кетти. Ол үйге жақынлап қалғанда, жүзбасы Оған досларын жиберип, былай деп айтқызды: – Єўере болмай-ақ қой, Ийем! Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен.
7 Сонлықтан ѳзимниң Саған барыўымды да минәсип кѳрмедим. Тек бир сѳз айтсаң болды, хызметшим жазылып кетеди.
8 Ѳйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, ѳзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине: «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди. Ќулыма: «мынаны исле» десем, ислейди.
9 Бул сѳзлерди еситкен Ийса таң қалды ҳәм изине ерип киятырған халыққа бурылып: – Сизлерге айтатуғыным: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим, – деди.
10 Жиберилгенлер үйге қайтып келгенде, аўырыў хызметшиниң жазылып кеткенин кѳрди.
11 Арадан кѳп ѳтпей, Ийса Наин деген қалаға келди. Оның менен шәкиртлери ҳәм кѳп халық бирге жүрди.
12 Ийса қала дәрўазасына жақынлағанда, бир жесир ҳаялдың жалғыз баласының ѳлигин кѳтерип шығарып атыр еди. Ќаланың кѳп адамлары ҳаял менен бирге жүрип киятыр еди.
13 Ийемиз ҳаялды кѳргенде жаны ашып: – Жылама! – деди.
14 Ийса жақынлап келип, табытқа қолын тийгизгенде, табыт кѳтерип киятырғанлар тоқтап қалды. Ол: – Ҳәй жас жигит, саған айтаман: орныңнан тур! – деди.
15 Ѳли тикейип отырды да, сѳйлей баслады. Ийса оны анасына тапсырды.
16 Ҳәммени қорқыныш бийлеп: – Арамызда уллы пайғамбар пайда болды. Ќудай Ѳз халқына жәрдемге келди, – деп Ќудайға алғыс айтты.
17 Ийса туўралы бул хабар пүткил Яҳудия үлкесине ҳәм дѳгеректеги жерлерге жайылды.
18 Шәкиртлери Яқыяға болып ѳткен ўақыялар ҳаққында хабарлады.
19 Яқыя шәкиртлериниң екеўин шақырып алып: «Келетуғын Ќутқарыўшы Сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп сораў ушын, оларды Ийемизге жиберди.
20 Олар Ийсаға келип: – Шомылдырыўшы Яқыя бизлерди: «Келетуғын Ќутқарыўшы Сен бе ямаса басқасын күтейик пе?» – деп сораў ушын, Саған жиберди, – деди.
21 Сол ўақытта Ийса аўырыў менен кеселлерге ҳәм жаўыз руўхларға шалынған кѳплеген адамларға шыпа берип, кѳп соқырлардың кѳзин ашқан еди.
22 Ийса оларға жуўап берип: – Барыңлар, еситип-кѳргенлериңизди Яқыяға билдириңлер. Соқырлардың кѳрип, ақсақ болғанлардың жүрип, мақаў кесел болғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, ѳлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер.
23 Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы! – деди.
24 Яқыяның жиберген адамлары қайтып кеткеннен соң, Ийса халыққа Яқыя туўралы былай деп айта баслады: – Сизлер шѳл далаға нени кѳриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма?
25 Нени кѳриўге бардыңлар? Жипек кийим кийген бир адамды ма? Бирақ ҳасыл кийим кийип, байлықта жасайтуғынлар патша сарайларында болады-ғо.
26 Солай етип, нени кѳриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы.
27 Бул адам ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Мине, Мен Сеннен бурын Ѳз хабаршымды жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды алдыңнан таярлап қояды».
28 Сизлерге айтатуғыным: ҳаялдан туўылғанлардың арасында Шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Ќудай Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы.
29 Буны еситкен пүткил халық, ҳәтте, салықшылар да Ќудайдың ҳақлығын мойынлады. Себеби олар Яқыяның қолынан шомылдырылған еди.
30 Бирақ парисейлер менен нызам муғаллимлери Ќудайдың оларға арнаған еркин қабыл алмады. Ѳйткени олар Яқыяның қолынан шомылдырылыўдан бас тартқан еди.
31 Ийса және: – Ҳәзирги әўладтың адамларын кимге уқсатайын, олар кимлерге мегзейди?
32 Олар базарда бир-бирине қышқырысып: «Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ сизлер ойнамадыңлар! Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ сизлер жыламадыңлар!» – деп отырған балаларға уқсайды.
33 Себеби Шомылдырыўшы Яқыя келип, нан да жемеди, шарап та ишпеди. Ал сизлер оны: «Жин урған», – дейсизлер.
34 Адам Улы келип, жеп те, ишип те жүр, сизлер Оны: «Мине, тамақсаў ҳәм арақхор адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – дейсизлер.
35 Ал Ќудайдың даналығы оны қабыл ететуғынлардың ҳәммеси арқалы ақланады, – деди.
36 Парисейлердиң бири Ийсаны аўқатқа мирәт етти. Ийса парисейдиң үйине кирип, дастурхан әтирапына отырды.
37 Сол қалада жасаўшы бир гүнакар ҳаял Ийсаның парисейдиң үйинде, дастурхан басында отырғанын билип, ишинде әтир майы бар мәрмер ыдыс алып келди.
38 Ол артта, Ийсаның аяқ бетинде турып жылап, кѳз жасларын Ийсаның аяқларына тѳге баслады ҳәм оларды шашлары менен сүртти. Оның аяқларын сүйип, ийис май менен майлады.
39 Ийсаны мирәт еткен парисей буны кѳрип, ишинен: – Егер Ол пайғамбар болса, Оған қолын тийгизип турған ҳаялдың кимлигин ҳәм оның қандай ҳаял екенин билер еди. Ол – гүнакар ҳаял-ғо, – деди.
40 Ийса оған: – Симон, саған айтатуғын бир аўыз сѳзим бар, – деди. – Айта бер, Устаз! – деди Симон.
41 Ийса оған: – Бир қарыз бериўшиниң еки қарыздары бар екен: биреўиниң бес жүз, екиншисиниң елиў динар қарызы болыпты.
42 Бирақ олардың тѳлейтуғын ҳеш нәрсеси болмағанлықтан, ол екеўиниң де қарызынан кешипти. Ќәне, айтшы, олардың қайсысы оны кѳбирек сүйеди? – деди.
43 Симон: – Мениң ойымша: қарызы кѳбирек кеширилгени, – деп жуўап берди. – Дурыс айтасаң, – деди Ийса оған.
44 Соңынан ҳаялға бурылып, Симонға: – Бул ҳаялды кѳрип турсаң ба? Үйиңе келгенимде, сен Маған аяқларымды жуўатуғын суў да бермедиң. Ал ол кѳз жаслары менен аяқларымды жуўып, шашлары менен сүртти.
45 Сен Мени сүймедиң, ал ол Мен келгеннен бери аяқларымды тоқтамастан сүйип атыр.
46 Сен басыма май да жақпадың, ал ол аяқларыма ийис май жақты.
47 Сонлықтан саған айтатуғыным: оның кѳп гүналары кеширилди. Сүйиспеншилигиниң күшли болыўының себеби – сол. Ким аз кеширилсе, сол аз сүйеди, – деди.
48 Соңынан ҳаялға: – Гүналарың кеширилди, – деди.
49 Сонда Ийса менен бирге дастурхан басында отырғанлар ѳз ара: – Гүналарды да кеширетуғын бул ким ѳзи? – дести.
50 Ал Ийса ҳаялға: – Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди.