Лука жазған Хош Хабар 9 bob

1 Ийсаның он еки елшисине тапсырма бериўи. 7 Ийса ҳәм Ҳирод. 10 Ийсаның бес мыңнан аслам адамды тойғызыўы. 18 Петрдиң Ийсаның Масих екенлигин мойынлаўы. 21 Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында алдын ала айтыўы. 28 Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи. 37 Ийсаның жин урған баланы азат қылыўы. 46 Ең уллы ким? 51 Самариялылардың Ийсаны тән алмаўы. 57 Ийсаға шәкирт болыўдың шәртлери. 

1 Ийса қасына он еки елшисин шақырып алып, оларға барлық жинлерди қуўып шығарыўға ҳәм аўырыўларға шыпа бериўге күш ҳәм бийлик берди.
2 Ќудай Патшалығын жәриялап, аўырыў адамларға шыпа бериў ушын оларды жиберип,
3 Ийса былай деди: – Жолға ҳеш нәрсе: таяқ та, қалта да, нан да, ақша да, артық кийим де алмаңлар.
4 Ќайсы үйге кирсеңлер де, ол жерден кеткениңизше, сол үйде болыңлар.
5 Егер бир қалада сизлерди қабыл алмаса, сол қаладан шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер.
6 Шәкиртлер жолға шықты. Олар ҳәмме жерде Хош Хабарды жәриялады ҳәм аўырыўларға шыпа берип, аўылларды аралап жүрди.
7 Үлке ҳүкимдары Ҳирод болып атырған барлық ўақыялар ҳаққында еситип, тынышсызланып қалды. Себеби гейбиреўлер: «Яқыя ѳлимнен қайта тирилипти» десе,
8 басқалар: «Илияс пайда болыпты» деп, және биреўлер: «Бурынғы пайғамбарлардың бири тирилипти», – дейтуғын еди.
9 Ал Ҳирод: «Яқыяның басын кестирген едим-ғо. Енди мынадай ислерди ислеп атыр деп, мен еситкен Адам ким болды екен?» – деп Ийсаны кѳриўдиң жолын излестирди.
10 Елшилер қайтып келип, ислеген ҳәмме ислери ҳаққында Ийсаға айтып берди. Ийса Ѳзи менен бирге тек оларды ғана алып, Бетсайда деп аталған қалаға кетти.
11 Бирақ халық буны билип, Ийсаның изинен келди. Ийса оларды жақсы қабыл алып, оларға Ќудай Патшалығы ҳаққында айтты ҳәм шыпаға мүтәж адамларға шыпа берди.
12 Күн кеш бола баслағанда, он еки елшиси Ийсаның алдына келип: – Халықты жибер. Єтираптағы аўыл-елатларға барып, түнейтуғын жер менен азық-аўқат тапсын. Ѳйткени бизлер бир елсиз жердемиз-ғо, – деди.
13 Бирақ Ийса оларға: – Оларға сизлер аўқат бериңлер, – деди. – Бизлер барып, сонша адамға азық сатып алмасақ, бес нан менен еки балықтан басқа ҳеш нәрсемиз жоқ, – деди шәкиртлери.
14 Себеби ол жерде бес мыңға шамалас ер адам бар еди. Ийса шәкиртлерине: – Оларды елиў-елиўден топқа бѳлип отырғызыңлар, – деди.
15 Шәкиртлери солай ислеп, ҳәммесин жерге отырғызды.
16 Ийса бес нан менен еки балықты алды да, аспанға қарап, олар ушын Ќудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын, шәкиртлерине берди.
17 Ҳәмме жеп тойды. Аўысқан бѳлеклерин жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.
18 Күнлердиң биринде Ийса аўлақ жерде дуўа етип турғанда, шәкиртлери де Оның менен бирге еди. Ийса олардан: – Халық Мени ким деп санайды? – деп сорады.
19 Шәкиртлери жуўап берип былай деди: – Шомылдырыўшы Яқыя деп санайды, ал базылары Илияс, және басқалары: «Бурынғы пайғамбарлардың бири тирилип келипти», – деседи.
20 Ийса олардан: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деп сорады. Петр Оған: – Сен – Ќудайдың жиберген Масихысаң, – деп жуўап берди.
21 Ийса бул туўралы ҳеш кимге айтпаўларын оларға қатаң ескертти де:
22 – Адам Улы кѳп азап шегип, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен қабыл алынбай ѳлтирилиўи ҳәм үшинши күни қайта тирилиўи тийис, – деди.
23 Сонда Ийса ҳәммеге былай деди: – Ким де ким Маған ергиси келсе, ѳзинен кешсин ҳәм ҳәр күни ѳз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин.
24 Ким де ким ѳз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады, ал ким де ким ѳз жанын Мен ушын жоғалтса, ол оны сақлап қалады.
25 Егер адам пүткил дүньяны ийелегени менен, ѳз жанын жойтып, ѳзине зыян келтирсе, буннан оған не пайда?
26 Ким де ким Меннен ҳәм Мениң сѳзлеримнен арланса, Адам Улы да Ѳзиниң, Єкесиниң ҳәм мухаддес периштелердиң салтанатында келгенде, оннан арланады.
27 Сизлерге шынын айтаман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Ќудай Патшалығын кѳрмегенше, ѳлмейди.
28 Бул сѳзлерди айтқаннан соң сегиз күндей ѳткенде, Ийса Петр, Юхан ҳәм Яқыпты қасына алып, дуўа етиў ушын таўға шықты.
29 Ийса дуўа еткенде, Оның түр-түси ѳзгерди, кийимлери де аппақ түске енип, жарқырап кетти.
30 Сонда еки ер адам Оның менен сѳйлесип турған еди. Олар: Муўса менен Илияс еди.
31 Олар уллы салтанат пенен кѳринип, Ийсаның жақында Ерусалим қаласында дүньядан ѳтип, Ќудайдың еркин орынлаўы тийис екени ҳаққында сѳйлести.
32 Ал Петр менен оның қасындағыларды күшли уйқы басқан еди. Олар оянып кетип, Ийсаның уллылығын ҳәм Оның менен турған еки ер адамды кѳрди.
33 Олар Ийсаның жанынан кете баслағанда, Петр Ийсаға: – Устаз, бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди. Ол не айтқанын ѳзи билмеди.
34 Петр усыларды айтып турғанда бир булт пайда болып, оларды қаплады. Шәкиртлер булт ишине киргенде қорқысып қалды.
35 Сонда булттан: – Бул – Мениң таңлап алған Улым, Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
36 Даўыс тынып қалғаннан соң, Ийсаның жалғыз Ѳзи қалды. Шәкиртлери тис жарып, кѳргенлери ҳаққында сол күнлери ҳеш кимге айтпады.
37 Келеси күни олар таўдан түскенде, Ийсаны кѳп халық күтип алды.
38 Күтилмегенде халық арасынан биреў бақырып: – Устаз, Сеннен ѳтинип сорайман, мениң балама бир нәзер сала гѳр! Ол мениң жалғыз балам еди.
39 Баламды жаўыз руўх тутқанда, ол бирден қышқырып жибереди. Жаўыз руўх оны қалтыратып, аўзынан кѳбик ағызады да, азаплап болғаннан соң, зорға дегенде оннан кетеди.
40 Мен Сениң шәкиртлериңнен жаўыз руўхты қуўып шығарыўды ѳтинген едим, бирақ олардың қолынан келмеди, – деди.
41 Ийса жуўап берип: – Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге болып, сизлерге шыдайман? Балаңды бул жерге алып кел, – деди.
42 Бала киятырғанда жин оны жерге жығып, қалтырата баслады. Бирақ Ийса жаўыз руўхқа тыйым салып, балаға шыпа берди ҳәм оны әкесине тапсырды.
43 Ҳәмме Ќудайдың уллылығына таң қалысты. Халық Ийсаның барлық ислерине ҳайран қалысып турғанда, Ийса Ѳз шәкиртлерине:
44 – Мына сѳзлеримди қулақларыңызға қуйып алыңлар: Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, – деди.
45 Бирақ олар бул сѳздиң мәнисин түсинбеди. Оның мәниси оларға жасырын болғанлықтан, олар оны уға алмады. Ал бул сѳз туўралы Ийсадан сораўға қорқты.
46 Шәкиртлер ѳз ара: – Ќайсы биримиз уллымыз? – деп тартыса баслады.
47 Ийса олардың кеўиллериндеги ойды билип, бир кишкене баланы алды да, оны жанына қойып,
48 оларға былай деди: – Ким де ким бул баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның Мени Жибергенди қабыл еткени болады. Ѳйткени араңызда ким ең кишкене болса, сол ең уллы болады.
49 Сонда Юхан: – Устаз! Сениң атың менен жинлерди қуўып шығарып жүрген бир адамды кѳрдик. Бирақ ол бизлер менен бирге Саған ермегенликтен, оған тыйым салдық, – деди.
50 Ийса Юханға: – Оған тыйым салмаңлар. Себеби ким де ким сизлерге қарсы болмаса, ол сизлердиң тәрепдарыңыз, – деди.
51 Ийсаның бул дүньядан аспанға алынатуғын күнлери жақынлағанда, Ол Ерусалимге барыўға қарар етти.
52 Ол алдынан хабаршыларын жиберди. Олар барып, Ийсаның келиўине таярлық кѳриў ушын, Самарияның бир аўылына кирди.
53 Бирақ Ийса Ерусалимге қарай баратырғанлықтан, ол жерде Оны қабыл етпеди.
54 Шәкиртлери Яқып пенен Юхан буны кѳрип: – Ийем! Буларды жоқ қылып жибериў ушын, аспаннан от түсиўин буйырыўымызды қәлейсең бе? – деди.
55 Бирақ Ийса бурылып, оларға кейиди.
56 Соңынан олар басқа аўылға кетти.
57 Олар жолда киятырғанда, биреў Ийсаға: – Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди.
58 Ийса оған: – Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының бас паналайтуғын орны да жоқ, – деди.
59 Ал басқа биреўине: – Мениң изиме ер, – деди. Бирақ ол: – Ийем! Дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди.
60 Ийса оған: – Ѳз ѳлгенлерин жерлеўди ѳлилерге қалдыр. Ал сен барып, Ќудайдың Патшалығы туўралы жәрияла, – деди.
61 Және биреў Ийсаға: – Ийем, мен Сениң изиңе еремен, бирақ дәслеп үй-ишим менен хошласып келиўиме рухсат ет, – деди.
62 Бирақ Ийса оған: – Атызды сүриўди баслап, артына қарай беретуғын адам Ќудайдың Патшалығына ылайықлы емес, – деди.