Лука жазған Хош Хабар 4 bob

1 Ийсаның сыналыўы. 14 Ийсаның Галиладағы ўазы. 16 Насыралылардың Ийсаны қабыл алмаўы. 31 Ийсаның жинди қуўып шығарыўы. 38 Ийсаның көп аўырыўларға шыпа бериўи. 42 Ийсаның мәжилисханаларда ўаз айтыўы. 

1 Ийса Мухаддес Руўхқа толып, Иордан дәрьясынан қайтып келгенде, Руўх Оны шѳл далаға алып барды.
2 Оны шайтан сол жерде қырық күн сынады. Ол бул күнлери ҳеш нәрсе жемеди. Олар ѳткеннен соң, ақыры аш болды.
3 Сонда шайтан Ийсаға: – Егер Сен Ќудайдың Улы болсаң, мына тасқа буйыр, ол нанға айлансын, – деди.
4 Ийса оған жуўап берип: – Мухаддес Жазыўда: «Адам тек ғана нан менен жасамайды», – деп айтылған, – деди.
5 Сонда шайтан Ийсаны бир бийик жерге шығарды да, Оған бир демде дүньяның барлық патшалықларын кѳрсетип,
6 Оған: – Мен усы мәмлекетлердиң пүткил бийлигин ҳәм олардың сән-салтанатларын Саған беремен. Ѳйткени олар маған берилген, оларды қәлеген адамыма беремен.
7 Егер маған табынсаң, ҳәммеси Сеники болады, – деди.
8 Ийса оған жуўап берип: – Мухаддес Жазыўда: «Ќудай-Ийеңе сыйынып, тек Оған хызмет ет», – деп айтылған-ғо, – деди.
9 Соңынан шайтан Ийсаны Ерусалимге апарып, Ибадатхананың тѳбесине турғызып қойды да, Оған: – Егер Сен Ќудайдың Улы болсаң, Ѳзиңди бул жерден тѳменге тасла,
10 себеби былай деп жазылған-ғо: «Ол Ѳз периштелерине Сени сақлап қалыўға буйрық береди.
11 Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын, олар Сени қолларында кѳтерип алып кетеди», – деди.
12 Ийса шайтанға: – «Ќудай-Ийеңди сынама!», – деп айтылған-ғо, – деди.
13 Шайтан ҳәмме сынаўларын тамамлағаннан кейин, ўақытша Ийсаның қасынан кетти.
14 Мухаддес Руўхтың күшине толған Ийса Галилаға қайтып келди ҳәм Ол туўралы хабар пүткил дѳгерекке тарқады.
15 Ийса олардың мәжилисханаларында тәлим берди ҳәм Ол ҳәмме адамлар тәрепинен алғысланды.
16 Ийса Ѳзи ѳскен Насыра қаласына келип, Ѳз әдети бойынша дем алыс күни мәжилисханаға кирди. Ийса оқыў ушын орнынан турғанда,
17 Оған Ийшая пайғамбардың китабы берилди. Ол китапты ашып, мына аятлар жазылған жерди тапты:
18 -
19 «Жаратқан Ийемниң Руўхы Мениң үстимде. Ѳйткени Ол Мени жарлыларға Хош Хабар жәриялаў ушын тайынлады. Ол Мени тутқынлардың азат болатуғынын, соқырлардың кѳретуғынын хабарлаўға, азап шеккенлердиң еркинликке шығыўы ушын ҳәм Жаратқан Ийемиздиң мийримлилик жылын жәриялаў ушын жиберди».
20 Соңынан Ийса китапты жаўды да, оны хызметкерге берип, орнына отырды. Мәжилисханадағы ҳәмме адамлар Оған тигилип қалды.
21 Ийса оларға сѳйлей баслап: – Усы Мухаддес Жазыўлар бүгин, сизлер еситкен ўақытта орынланды, – деди.
22 Ҳәмме Ийсаны мақтады ҳәм Оның аўзынан шыққан шешен сѳзлерине ҳайран қалысып: – Бул – Юсуптың баласы емес пе? – дести.
23 Ийса оларға былай деди: – Сизлер, әлбетте, Маған: «Шыпакер, ѳзиңди ѳзиң емле», – деген нақылды айтып, «Бизлер Капарнаҳумда ислеген ислериң ҳаққында еситтик. Бул жерде, Ѳз ана журтыңда да соларды исле!» – демекшисизлер.
24 Ийса даўам етип: – Сизлерге шынын айтаман: ҳеш бир пайғамбар ѳз ўатанында қабыл алынбайды.
25 Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Илияс пайғамбардың заманында үш жыл, алты ай аспан жаўылып, жаўын болмай, елде аўыр ашаршылық болғанда, Израил елинде кѳп жесир ҳаяллар бар еди.
26 Бирақ Илияс олардың ҳеш биреўине жиберилмей, тек Сидон елиниң Сарафат қаласындағы бир жесир ҳаялға жиберилген еди.
27 Сол сыяқлы, Елиша пайғамбардың заманында да Израилда мақаў кесел болып аўырғанлар кѳп еди. Бирақ, тек сириялы Наманнан басқа ҳеш ким аўырыўынан жазылған жоқ, – деди.
28 Буны еситкен мәжилисханадағылардың барлығы қатты ашыўға минди.
29 Орынларынан турып, Ийсаны қаладан қуўып шығарды да, Оны тик жардан таслап жибериў ушын, сол қала қурылған таўдың басына алып барды.
30 Бирақ Ийса олардың арасынан ѳтип, Ѳз жолына түсти.
31 Ийса Галиладағы Капарнаҳум қаласына келди ҳәм дем алыс күни халыққа тәлим берди.
32 Халық Ийсаның тәлимине ҳайран қалды, себеби Оның сѳзинде бийлик бар еди.
33 Мәжилисханада жинге шалынған, жаўыз руўхлы бир адам бар еди. Ол бәлент даўыс пенен бақырып:
34 – О, Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Ќудайдың Мухаддесисең! – деди.
35 Ийса оған кейип: – Үниңди ѳшир де, оннан шығып кет! – деди. Сонда жин адамды ҳәммениң кѳз алдында жерге қулатты да, ҳеш зыян тийгизбей, оннан шығып кетти.
36 Ҳәмме таң қалысып, бир-бирине: – Бул не гәп? Ол жаўыз руўхларға бийлик ҳәм қүдирет пенен буйрық бергенде, олар шығып кетеди-ғо, – дести.
37 Солай етип, Ийса туўралы хабар сол үлкедеги барлық жерлерге жайылды.
38 Ийса мәжилисханадан шығып, Симонның үйине барды. Симонның қәйин енесиниң қатты ыссылығы кѳтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсадан оны кѳриўди ѳтиниш етти.
39 Ийса ҳаялдың бас ушында турып ыссылыққа тыйым салғанда, ҳаялдың ыссылығы түсти. Ҳаял дәрриў орнынан турып, оларға хызмет етти.
40 Ќуяш батарда ҳәмме ҳәр түрли кеселлерге шалынған адамларын Ийсаға алып келди. Ийса олардың ҳәр бириниң үстине қолын қойып, шыпа берди.
41 Кѳп адамлардан жинлер шығып баратырып: «Сен – Ќудайдың Улысаң!» – деп бақыратуғын еди. Бирақ Ийса оларға кейип, сѳйлеўге тыйым салды. Ѳйткени олар Оның Масих екенин билетуғын еди.
42 Таң атқанда Ийса үйден шығып, аўлақ жерге кетти. Халық Оны излеп қасына келди ҳәм оларды таслап кетпеўи ушын, Оны алып қалмақшы болды.
43 Бирақ Ийса оларға: – Ќудай Патшалығы туўралы Хош Хабарды басқа қалаларда да жәриялаўым керек, себеби Мен сол ушын жиберилгенмен, – деди.
44 Солай етип, Ийса Яҳудиядағы мәжилисханаларда ўаз айтып жүрди.