Лука жазған Хош Хабар 21 bob

1 Жесир ҳаялдың садақасы. 5 Ақырзаманның белгилери. 20 Ерусалимниң қыйратылыўы. 25 Адам Улының қайта келиўи. 29 Сергек болып, дуўа етиңлер! 

1 Ийса нәзер салып, Ибадатхананың садақа қутысына Ќудайға арналған сыйларын салып атырған байларды кѳрди.
2 Ол бир ғәрип жесир ҳаялдың да еки тийин салғанын кѳрип:
3 – Сизлерге ҳақыйқатын айтаман: бул жарлы жесир ҳаял ҳәммеден кѳп салды.
4 Ѳйткени булардың ҳәммеси ѳз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн кѳрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди.
5 Гейбиреўлер Ибадатхананың сулыў таслар ҳәм Ќудайға арналған сыйлар менен безетилгенин айтып турғанда, Ийса:
6 – Сизлер усы жерде кѳрип турғанларыңыздан тас үстинде тас қалмай, ҳәммеси қыйратылатуғын күнлер келеди, – деди.
7 Олар Ийсадан: – Устаз, булар қашан болады? Булардың болатуғынын алдын ала қандай белги билдиреди? – деп сорады.
8 Ийса оларға: – Алданыўдан сақ болыңлар! Себеби кѳплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» ямаса «Ўақыт жақын» дейди. Олардың излерине ермеңлер.
9 Урыслар ҳәм кѳтерилислер ҳаққында еситкениңизде, қорқпаңлар. Ѳйткени дәслеп усылар болыўы тийис. Бирақ ақыры дәрҳал келмейди, – деди.
10 Соңынан Ийса оларға былай деди: – Миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы кѳтериледи.
11 Күшли жер силкиниўлер, кѳп жерлерде ашаршылықлар ҳәм қырғынлар болады. Аспаннан қорқынышлы қубылыслар ҳәм уллы кәраматлы белгилер жүз береди.
12 Бирақ булардың ҳәммесинен бурын адамлар сизлерди услап алып қуўғын қылады, мәжилисханаларға тапсырып, қамаққа салады. Мениң атым ушын сизлерди патшалар менен ҳәкимлердиң алдына алып барады.
13 Сонда сизлерге Мен туўралы гүўалық бериўге мүмкиншилик туўылады.
14 Сонлықтан ѳзлериңизди қалай қорғаўды алдын ала ойламаўды кеўиллериңизге түйип алыңлар.
15 Себеби Мен сизлерге сондай шешенлик пенен даналық беремен, сизлерге қарсы шыққанлардың ҳеш қайсысы да қарсы сѳйлей де, сѳзлериңизди бийкарлай да алмай қалады.
16 Ҳәтте, ата-ана, аға-ини, ағайин-туўған ҳәм досларыңыз да сизлерге сатқынлық ислейди. Ал гейбиреўлериңизди ѳлтиреди.
17 Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек кѳреди.
18 Бирақ басларыңыздағы бир тал шаш та набыт болмайды.
19 Сабырлық пенен ѳз жаныңызды қутқарасызлар.
20 – Ерусалимди әскерлердиң қоршап алғанын кѳргениңизде, оның ўайран болатуғын ўақтының жақынлағанын билиңлер.
21 Сонда Яҳудиядағылар таўларға қашсын. Ќаланың ишиндегилер тез сыртқа шықсын, әтираптағылар қалаға кирмесин.
22 Ѳйткени сол күнлер Мухаддес Жазыўда айтылғанлардың ҳәммеси орынланатуғын жаза күнлери болады.
23 Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! Себеби жер жүзинде үлкен апатшылық болып, бул халық Ќудайдың ғәзебине ушырайды.
24 Олар қылыш жүзинен ѳткерилип, барлық еллерге тутқын етилип алып кетиледи. Басқа миллетлердиң дәўраны тамам болмағанша, Ерусалим олар тәрепинен аяқ асты қылынады.
25 – Ќуяш, ай ҳәм жулдызларда кәраматлы белгилер пайда болады. Жер жүзинде халықлар теңиздиң шуўлап толқынланғанынан үмитсизликке түсип албырайды.
26 Адамлар дүньяға киятырған апатшылықты күтип, қорқыўдан ҳәлсизленеди. Ѳйткени аспан күшлери силкинеди.
27 Сонда адамлар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен бултта киятырғанын кѳреди.
28 Бул ўақыялар бола баслағанда турып, басларыңызды кѳтериңлер. Себеби қутқарылыўыңыз жақын.
29 Ийса оларға мына тымсалды айтып берди: – Єнжир ағашына ҳәм басқа барлық тереклерге қараңлар.
30 Олардың жапырақ шығара баслағанын кѳргениңизде, жаздың жақынлағанын ѳзлериңиз билесизлер.
31 Сол сыяқлы, сизлер бул ўақыялардың болып атырғанын кѳргениңизде, Ќудай Патшалығының жақын екенин билиңлер.
32 Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпесинен бурын булардың ҳәммеси болады.
33 Аспан ҳәм жер жойылады, бирақ Мениң сѳзлерим ҳеш жойылмайды.
34 Сақ болыңлар! Шағал мәслик қылып, мәс болып, турмыс тәшиўишлери астында жүреклериңизди аўыр жүк баспасын. Және сол күн сизлерге тор сыяқлы тосаттан түспесин.
35 Ѳйткени сол күн пүткил жер жүзинде жасаўшылардың басына түседи.
36 Сол себептен болажақ бул ислерден қутылып, Адам Улы алдында тура алыў ушын ҳәмме ўақыт сергек болып, дуўа етиңлер.
37 Ийса күндиз Ибадатханада тәлим берип, ал түнлерин болса қаладан шығып, Зәйтүн таўында ѳткизетуғын еди.
38 Таң атыўдан пүткил халық Ийсаны тыңлаў ушын Ибадатханаға келетуғын еди.