Лука жазған Хош Хабар 5 bob

1 Ийсаның дәслепки шәкиртлери. 12 Ийсаның мақаў кесел болған адамға шыпа бериўи. 17 Ийсаның ләң адамға шыпа бериўи. 27 Ийсаның Лебийди шақырыўы. 33 Ораза ҳаққында сораў. 

1 Бир күни Ийса Генесарет кѳлиниң жағасында турғанда, халық Ќудайдың сѳзин еситиў ушын Оның жанында тығылысып турды.
2 Сонда Ийса кѳлдиң жағасында турған еки қайықты кѳрди. Ал балықшылар қайықтан түсип, аўларын жуўып атырған еди.
3 Ќайықлардың бири Симонға тийисли еди. Ийса оған минип, Симоннан жағадан бираз арманырақ жүзип барыўын ѳтинди де, қайықта отырып, халыққа тәлим бере баслады.
4 Сѳзин тамамлағаннан соң, Симонға: – Тереңирек жерге жүзип барып, балыққа аў сал, – деди.
5 Симон Оған жуўап берип: – Устаз! Бизлер түни менен мийнет етип, ҳеш нәрсе тута алмадық. Бирақ, Сениң сѳзиң бойынша аў саламан, – деди.
6 Олар усылай ислегенде, кѳп балық тутқанлығы соншелли, ҳәтте, аўлары да жыртыла баслады.
7 Сонда олар басқа қайықтағы шериклерине белги берип, жәрдемлесиўге шақырды. Жолдаслары келип, еки қайықты да суўға батар дәрежеде балыққа толтырды.
8 Буны кѳрген Симон Петр Ийсаның аяғына жығылып: – Ийем! Мениң қасымнан кет, ѳйткени мен гүнакар адамман, – деди.
9 Себеби ѳзлериниң буншама кѳп балық аўлағанына ѳзи де, қасындағылар да ҳайран қалған еди.
10 Симонның шериклери болған Зебедейдиң уллары Яқып пенен Юхан да усындай аўҳалда еди. Ийса Симонға: – Ќорқпа, буннан былай адамларды аўлайтуғын боласаң, – деди.
11 Сонда олар қайықларын жағаға шығарды да, ҳәммесин қалдырып, Ийсаның изине ерди.
12 Ийса бир қалада болғанда, пүткил денеси мақаў кесел болған бир адам келди. Ол Ийсаны кѳрип, аяғына жығылды да: – Ийем! Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деп жалынды.
13 Ийса қолын созып, оған тийгизди де: – Ќәлеймен, тазалан! – деди. Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланды.
14 Ийса оған: – Буны ҳеш кимге айтпа! Тек руўханийге барып, ѳзиңди кѳрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деп буйырды.
15 Бирақ Ийса ҳаққында хабар бурынғыдан да кѳбирек жайылды. Кѳп халық Оны тыңлап, аўырыўларына шыпа алыў ушын, Оның алдына ағып келе берди.
16 Ал Ийса аўлақ жерге барып, дуўа ететуғын еди.
17 Бир күни Ийса тәлим берип отырғанда, Галила менен Яҳудияның барлық аўылларынан ҳәм Ерусалимнен келген парисейлер менен диний муғаллимлер Оның қасында еди. Ал Ийсада аўырыўларға шыпа бериўши Жаратқан Ийемиздиң қүдирети бар еди.
18 Сонда биреўлер ләң болған адамды тѳсеги менен кѳтерип алып келди. Олар Ийсаның алдына оны қойыў ушын, үйге киргизиўге тырысты.
19 Адамлардың кѳплигинен алып кире алмаған олар тамның басына шықты. Оны ашты да, ләң адамды тѳсеги менен ортаға, Ийсаның алдына түсирди.
20 Ийса олардың исенимин кѳрип: – Достым, сениң гүналарың кеширилди, – деди.
21 Диний муғаллимлер менен парисейлер: «Ќудайға тил тийгизип турған Бул ким? Гүналарды жалғыз Ќудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ишлеринен ойлай баслады.
22 Ийса олардың не ойлағанын билип, оларға: – Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар?
23 Ќайсысын айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса: «Орныңнан турып, жүре бер», – деў ме?
24 Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деп жуўап берди де, ләң адамға: – Саған айтаман: орныңнан турып, тѳсегиңди ал да, үйиңе бар! – деди.
25 Сонда ләң адам ҳәммениң кѳз алдында дәрҳал орнынан турып, ѳзи жатқан тѳсегин алды да, Ќудайды алғыслап үйине қайтты.
26 Ҳәмме қатты таң қалысып, Ќудайға мақтаўлар айтты. Олар қорқынышқа толып: – Бизлер бүгин таң қаларлық ислер кѳрдик, – дести.
27 Соннан кейин, Ийса сол жерден шығып, салық кеңсесинде отырған Лебий атлы салықшыны кѳрди де, оған: – Изиме ер! – деди.
28 Ол орнынан турды да, ҳәмме нәрсесин қалдырып, Ийсаның изине ерди.
29 Лебий ѳз үйинде Ийса ушын үлкен зыяпат иследи. Олар менен бирге кѳплеген салықшылар ҳәм басқа да адамлар дастурханлас болды.
30 Парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсаның шәкиртлерине наразылық билдирип: – Сизлер неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ишип-жеп отырсызлар? – деди.
31 Ийса оларға жуўап берип: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж.
32 Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды тәўбеге шақырыўға келдим, – деди.
33 Олар Ийсаға: – Яқыяның шәкиртлери жийи-жийи ораза тутып, дуўа етеди. Парисейлердиң шәкиртлери де солай ислейди. Ал Сениң шәкиртлериң ишип-жеп жүрипти, – деди.
34 Ийса оларға: – Күйеў ѳзлери менен бирге болғанда, тойға келгенлерди ораза тутыўға мәжбүр ете аласызлар ма?
35 Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады, – деди.
36 Ийса оларға және бир тымсал айтып, былай деди: – Ҳеш ким жаңа кийимнен жыртып алып, ески кийимге жамаў салмайды. Олай етсе, жаңа кийим де жыртылып қалады, жаңа жамаў да ески кийимге үйлеспейди.
37 Ҳеш ким жаңа шарапты да ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап мести жарып ағып кетеди, мес те бузылады.
38 Жаңа шарапты жаңа меске қуйыў керек.
39 Ҳеш ким ески шарапты ишип кѳрип, жаңасын қәлемейди: ѳйткени «ескиси жақсырақ», – дейди.