Лука жазған Хош Хабар 20 bob

1 Ийсаның бийлиги ҳаққында сораў. 9 Жаўыз дийханлар ҳаққында тымсал. 20 Салық төлеў туўралы. 27 Қайта тирилиў ҳаққында сораў. 41 Масих кимниң Урпағы? 45 Диний муғаллимлер ҳаққында. 

1 Күнлердиң биринде Ийса халыққа Ибадатханада тәлим берип, оларға Хош Хабарды жәриялап турғанда, Оның қасына бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер ақсақаллар менен бирге келип,
2 Оннан: – Бизлерге айтшы, бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады.
3 Ийса жуўап қайтарып: – Мен де сизлерден бир нәрсени сорайын. Айтыңларшы:
4 Яқыяның шомылдырыўы аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? – деди.
5 Олар ѳз ара ойласып: – Егер «аспаннан» десек, Ол бизлерге: «Онда неге сизлер оған исенбедиңлер», – деп айтар.
6 Ал егер «адамлардан» десек, пүткил халық бизлерге тас атар, ѳйткени олар Яқыяның пайғамбар екенине исенеди, – дести.
7 Сонлықтан олар Ийсаға: – Ќаяқтан екенин билмеймиз, – деп жуўап берди.
8 Сонда Ийса оларға: – Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.
9 Соңынан Ийса халыққа мына тымсалды айтып берди: – Бир адам жүзим бағын отырғызыпты ҳәм оны дийханларға ижараға берип, ѳзи узақ ўақытқа алыс жерге кетип қалыпты.
10 Терим мәўсими келгенде, бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, ол дийханларға ѳзиниң бир хызметшисин жиберипти. Бирақ дийханлар оны урып, қуры қол қайтарыпты.
11 Ол басқа хызметшисин жибергенде, оны да урып, масқаралап, қуры қол қайтарыпты.
12 Үшиншисин жумсағанда, оны да жарадар етип, қуўып жиберипти.
13 Сонда жүзим бағының ийеси: «Не қылсам екен? Сүйикли улымды жиберейин. Мүмкин, оны ҳүрмет етер», – депти.
14 Бирақ дийханлар оны кѳрип, ѳз ара ойласып: «Бул мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны ѳлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти де,
15 оны жүзим бағынан сыртқа шығарып, ѳлтирипти. Енди жүзим бағының ийеси оларға не ислейди?
16 Ол келип, сол дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди. Буны еситкенлер: – Ќудай сақласын! – дести.
17 Бирақ Ийса кѳзлерин оларға тигип: – Олай болса, Мухаддес Жазыўдағы: «Ќурылысшылар керексиз деп таслаған тас, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды», – деген сѳзлер нени аңлатады?
18 Сол тасқа түскен ҳәр бир адамның шыл-пәршеси шығады. Тас кимниң үстине түссе, соны женшип таслайды, – деди.
19 Ийсаның бул тымсалды ѳзлерине тийгизип айтып атырғанын түсинген диний муғаллимлер менен бас руўханийлер Оны сол ўақытта-ақ қолға алыўға тырысты, бирақ халықтан қорқты.
20 Олар Ийсаны дыққат пенен аңлый баслады. Ийсаны сѳзинен тутып, Оны ҳәкимниң бийлигине ҳәм ҳүкимине тапсырыў ушын, Оған ѳзлерин ҳақ нийетли қылып кѳрсететуғын жансызларды жиберди.
21 Жансызлар Ийсадан: – Устаз, бизлер Сениң ҳақыйқатты айтып тәлим берип атырғаныңды билемиз. Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, Ќудайдың жолын дурыс үйретип отырсаң.
22 Айтшы, бизлердиң Рим патшасы-Ќайсарға салық тѳлеўимиз дурыс па ямаса надурыс па? – деп сорады.
23 Бирақ Ийса олардың ҳийлесин түсинип, оларға:
24 – Маған бир динар кѳрсетиңлер. Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деди. Олар: – Ќайсардың, – деп жуўап берди.
25 Сонда Ийса: – Олай болса, Ќайсардың ҳақын Ќайсарға, Ќудайдың ҳақын Ќудайға бериңлер, – деди.
26 Солай етип, олар Ийсаны халық алдында айтқан бирде бир сѳзинен тута алмады. Оның жуўапларына таң қалысып, лал болып қалды.
27 Ќайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң айырымлары Ийсаға келип, Оннан:
28 – Устаз, Муўса бизлерге: «Егер биреўдиң ағасы баласыз ѳлип ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, ѳз ағасының урпағын даўам еттирсин», – деп жазып қалдырған.
29 Жети ағайинли бар еди: бириншиси үйленип, баласыз ѳлди.
30 Екиншиси де,
31 үшиншиси де сол ҳаялды алды. Ҳаялды жетеўиниң ҳәммеси де алып, бала қалдырмай ѳлип кетти.
32 Ең соңында ҳаялдың ѳзи де қайтыс болды.
33 Ал қайта тирилиўде ол жетеўиниң ишинде қайсысының ҳаялы болады? Ол жетеўине де ҳаял болған еди-ғо, – деп сорады.
34 Ийса жуўап берип былай деди: – Бул дүньяның адамлары үйленеди ҳәм турмысқа шығады.
35 Ал келеси дүньяға ҳәм ѳлимнен қайта тирилиўге ылайықлы болғанлар үйленбейди де, турмысқа да шықпайды.
36 Олар периштелер сыяқлы болғанлықтан, енди ѳлмейди. Ѳлимнен қайта тирилгенликтен, Ќудайдың балалары болады.
37 Муўса да ѳлгенлердиң қайта тирилетуғынын жанып турған пута ҳаққында аятта кѳрсеткен еди. Ол сол жерде Жаратқан Ийемизди: «Ибрайымның Ќудайы, Ысақтың Ќудайы, Яқыптың Ќудайы» деп атаған.
38 Ќудай ѳлилердиң емес, ал тирилердиң Ќудайы. Себеби Оған тийисли адамлардың ҳәммеси тири.
39 Диний муғаллимлердиң гейбиреўлери: – Устаз, Сен дурыс айттың, – деди.
40 Оған және сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.
41 Ийса оларға былай деди: – Неге Масихты Даўыттың Урпағы деседи?
42 Даўыттың ѳзи Забурда: «Ийем мениң Ийеме айтты:
43 „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“» – деген-ғо.
44 Солай етип, Даўыт Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның Урпағы болады?
45 Пүткил халық тыңлап турғанда, Ийса Ѳз шәкиртлерине:
46 – Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийиўди, базар майданларында ѳзлерине сәлем берилиўин, мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда тѳрде отырыўды жақсы кѳреди.
47 Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, кѳзге кѳриниў ушын узын дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди.