Лука жазған Хош Хабар 6 bob

1 Дем алыс күни ҳаққында тартыс. 12 Ийсаның он еки елшисин таңлаўы. 17 Ийсаның тәлийматы ҳәм шыпа бериўи. 20 Бахытлылар ҳәм бахытсызлаp. 27 Душпанларыңызды сүйиңлер! 37 Басқаларды ҳүким етпеңлер! 43 Терек мийўесинен билинер. 

1 Бир дем алыс күни Ийса бийдай атызының арасы менен ѳтип баратырғанда, Оның шәкиртлери бийдай масақларын үзип алып, алақанлары менен уўқалап жей баслады.
2 Гейпара парисейлер оларға: – Сизлер неге дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атырсызлар? – деди.
3 Ийса оларға жуўап берип: – Ѳзи де, қасындағылар да аш болғанда Даўыттың не ислегенин сизлер оқымағансызлар ма?
4 Ол Ќудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын Ќудайға арналған нанларды ѳзи де жеп, қасындағыларға да берген емес пе? – деди.
5 Және оларға: – Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди.
6 Ийса басқа бир дем алыс күни мәжилисханаға кирип, тәлим бере баслады. Сол жерде оң қолы ләң бир адам бар еди.
7 Диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсадан айып табыў ушын, дем алыс күни аўырыўларға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды.
8 Бирақ Ийса олардың усы ойын билип, қолы ләң адамға: – Орныңнан турып, ортаға шық, – деди. Ол орнынан турып, ортаға шықты.
9 Сонда Ийса оларға: – Сизлерге бир сораў берейин: нызам бойынша дем алыс күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деди.
10 Ийса әтирапындағылардың ҳәммесине қарап шықты да, қолы ләң адамға: – Ќолыңды соз, – деди. Ол солай ислегенде, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды.
11 Сонда олар қатты ашыўға минип, Ийсаға не ислеў керек екенин ѳз ара кеңесе баслады.
12 Сол күнлери Ийса дуўа етиў ушын таўға шықты ҳәм түнди Ќудайға дуўа етиў менен ѳткизди.
13 Таң атқанда, Ѳз шәкиртлерин жанына шақырып алып, арасынан он екисин таңлап алды да, оларды «елшилер» деп атады.
14 Олар: Ийса Петр деп атаған Симон ҳәм оның иниси Андрей, Яқып пенен Юхан, Филип пенен Бартоломей,
15 Матта менен Томас, Алпейдиң улы Яқып пенен ўатансүйер деп аталған Симон,
16 Яқыптың улы Яҳуда ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.
17 Ийса олар менен бирге таўдан тѳмен түсип, бир тегислик жерге келип турды. Сол жерде Оның кѳплеген шәкиртлери, пүткил Яҳудия ҳәм Ерусалимнен, Тир ҳәм Сидондағы үлкен теңиз жағасынан келген кѳп халық бар еди.
18 Олар Ийсаны тыңлаўға ҳәм ѳз кеселликлерине шыпа табыўға келген еди. Жаўыз руўхлардан азап шеккен адамлар да келип, шыпа тапты.
19 Пүткил халық Ийсаға қол тийгизиўге тырысатуғын еди. Себеби Оннан күш шығып, ҳәммеге шыпа беретуғын еди.
20 Ийса шәкиртлерине қарап былай деди: – Жарлы болғанлар, сизлер бахытлысызлар! Себеби Ќудайдың Патшалығы сизлердики.
21 Ҳәзир аш болып жүргенлер, сизлер бахытлысызлар! Себеби тоқ боласызлар. Ҳәзир жылап жүргенлер, сизлер бахытлысызлар! Себеби күлесизлер.
22 Адамлар сизлерди Адам Улы ушын жек кѳрсе, араларынан шетлетсе, хорлап, атларыңызға дақ түсирсе, сизлер бахытлысызлар!
23 Сол күни қуўанып, шадлыққа бѳлениңлер! Ѳйткени сизлердиң аспандағы сыйлығыңыз үлкен. Олардың ата-бабалары да пайғамбарларға усылай ислеген.
24 Бирақ, ҳәй байлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер ѳз ҳәзлигиңизди әлле қашан алып болдыңлар.
25 Ҳәзир тоқ болғанлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер аш қаласызлар. Ҳәзир күлип атырғанлар, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер ѳкирип жылайсызлар.
26 Ҳәмме сизлерди мақтаса, сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби олардың ата-бабалары жалған пайғамбарларға усылай ислеген.
27 – Бирақ, Мени тыңлап отырған сизлерге айтатуғыным: Душпанларыңызды сүйиңлер, ѳзлериңизди жек кѳретуғынларға жақсылық ислеңлер.
28 Сизлерди ғарғайтуғынларға жақсы тилек тилеңлер, қапа қылатуғынлар ушын дуўа етиңлер.
29 Бетиңниң бир жағына урғанға екинши бетиңди де тут. Шапаныңды тартып алғанға кѳйлегиңди де алыўға рухсат ет!
30 Сеннен сораған ҳәр бир адамға бер, сеникин алғаннан қайтарып бериўди талап қылма!
31 Адамлардың сизлерге не ислегенин қәлесеңлер, сизлер де оларға соны ислеңлер!
32 Егер сизлер ѳзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да ѳзлерин сүйгенлерди сүйеди-ғо.
33 Егер ѳзлериңизге жақсылық ислегенлерге ғана жақсылық ислесеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да усылай ислейди-ғо.
34 Егер сизлер қайтарып алыўдан үмит етип, қарыз берсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да қанша қарыз берсе, сонша қайтарып алыў ушын, гүнакарларға қарыз береди-ғо.
35 Бирақ сизлер душпанларыңызды сүйиңлер. Жақсылық қылып, ҳеш нәрсе дәметпей, қарыз бериңлер. Сонда сизлер үлкен сыйлық алып, қүдиретли Ќудайдың балалары боласызлар. Ѳйткени Ол жақсылықты билмейтуғынларға да, жаман адамларға да мийримли.
36 Солай етип, Єкеңиз мийрим-шәпәәтли болғаны сыяқлы, сизлер де мийрим-шәпәәтли болыңлар.
37 – Басқаларды ҳүким етпеңлер, сонда сизлер де ҳүким етилмейсиз. Айыпламаңлар, сонда сизлер де айыпланбайсыз. Кешириңлер, сонда сизлер де кеширилесиз.
38 Бериңлер, сонда сизлерге де бериледи. Басып, силкитип толтырылған, тасып тѳгилген мѳлшер менен етеклериңизге салып бериледи. Сизлер қандай ѳлшем менен ѳлшеп берсеңлер, Ќудай да сизлерге сондай ѳлшем менен ѳлшеп береди.
39 Ийса оларға және бир тымсал айтты: – Соқырды соқыр жетелеп жүре ала ма? Екеўи де бир шуқырға қулап түспей ме?
40 Шәкирт устазынан уллы емес. Бирақ ҳәр бир адам билимин жетилистиргеннен кейин, ѳз устазындай болады.
41 Сен неге туўысқаныңның кѳзиндеги шѳпти кѳрип турып, ѳз кѳзиңдеги қаданы сезбейсең?
42 Ѳз кѳзиңдеги қаданы кѳрмей турып, қалай: «Туўысқаным, қәне, кѳзиңдеги шѳпти шығарып алайын», – деп туўысқаныңа айта аласаң? Ҳәй, еки жүзли! Дәслеп ѳз кѳзиңдеги қаданы шығар, сонда анық кѳрип, туўысқаныңның кѳзиндеги шѳпти шығара аласаң.
43 – Жаман мийўе беретуғын жақсы терек ҳәм жақсы мийўе беретуғын жаман терек жоқ.
44 Ҳәр бир терек мийўесинен билинеди: ҳеш ким шеңгелден әнжир жыйнамайды, тикенликтен жүзим термейди.
45 Жақсы адам кеўлиндеги жақсы ғәзийнесинен жақсылық шығарады, ал жаман адам кеўлиндеги жаман ғәзийнесинен жаманлық шығарады. Адамның кеўли неге толып тасса, аўзынан сол шығады-ғо.
46 Неге сизлер Мени: «Ийем, Ийем» деп шақырып, айтқанларымды қылмайсызлар?
47 Маған келип, сѳзлеримди тыңлап, оларды орынлайтуғын адамның кимге уқсайтуғынын сизлерге айтайын:
48 ол – жерди терең етип қазып, тийкарын жар тас үстине қалап, үй салған адамға уқсайды. Сел тасып, сол үйди соққылағанда, үй беккем салынғанлығы себепли, оны қозғалта алмайды.
49 Бирақ сѳзлеримди еситсе де, оны орынламайтуғын адам үйин жер үстине тийкарсыз салған адамға уқсайды. Суўлар тасып, бул үйди соққылағанда, ол сол ўақытта-ақ қулап, қатты қыйралып қалады.