Лука жазған Хош Хабар 16 bob

1 Наҳақ үй басқарыўшы ҳаққында тымсал. 19 Тиленши Лазар ҳәм бай ҳаққында тымсал. 

1 Ийса Ѳз шәкиртлерине және былай деди: – Бир бай адамның үй басқарыўшысы бар екен. Байдың қулағына: «Үйиңди басқарыўшы мал-мүлкиңди сарп етип жүрипти», – деген шағым жетипти.
2 Бай оны шақырып алып: – Сен туўралы еситип атырғаным не гәп? Ѳз жумысың бойынша есап бер. Сен буннан былай үй басқарыўшы бола алмайсаң, – депти.
3 Сонда үй басқарыўшы ѳз-ѳзине: – Не қылсам екен? Хожайыным мени жумыстан босатып атыр. Жер қазыўға күшим жетпейди, садақа сораўға уяламан.
4 Басқарыўшылықтан босатылғанымнан соң, адамлар мени үйлерине қабыл қылыўы ушын не ислесем екен? Ҳе, таптым, – депти де,
5 хожайынына қарыздар адамларды бирим-бирим шақырып алып, олардың бириншисинен: – Хожайынымнан қанша қарызың бар? – деп сорапты.
6 Ол: – Жүз батпан май, – деп жуўап берипти. – Тил хатыңды ал да, тез отырып, елиў батпан деп жаз, – депти басқарыўшы.
7 Соңынан басқасынан: – Сениң қанша қарызың бар? – деп сорапты. – Мың қап бийдай, – деп жуўап берипти ол. Оған да: – Тил хатыңды ал да, сегиз жүз қап деп жаз, – депти.
8 Хожайыны наҳақ үй басқарыўшыны ақыллы ис қылғаны ушын мақтапты. Себеби бул дүньяның адамлары ѳзи сыяқлылар арасында Нурдың балаларынан гѳре ақыллырақ ҳәрекет қылады.
9 Мениң сизлерге айтатуғыным: бул дүньяның байлығынан пайдаланып дос арттырыңлар, бул байлық таўсылғанда, олар сизлерди мәңгилик мәканға қабыл қылсын.
10 Кишкене исте исенимли болған адам үлкен исте де исенимли болады, ал кишкене исте садық болмаған адам үлкен исте де садық болмайды.
11 Солай етип, егер сизлер бул дүньяның байлығына садық болмасаңыз, ким сизлерге аспандағы ҳақыйқый байлықты исенип тапсырады?
12 Егер сизлер басқаға тийисли нәрсеге садық болмасаңыз, ким сизлерге ѳзлериңиздикин береди?
13 Ҳеш бир хызметши еки хожаға хызмет ете алмайды. Ѳйткени ол биреўин жек кѳрип, екиншисин жақсы кѳреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳәм Ќудайға, ҳәм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар.
14 Булардың ҳәммесин дүньяхор парисейлер еситип, Ийсаны мазақ қылды.
15 Ийса оларға былай деди: – Сизлер ѳзлериңизди адамлар алдында ҳақ қылып кѳрсетесизлер, бирақ Ќудай кеўиллериңизди биледи. Адамлар қымбат деп санаған нәрсе Ќудай алдында жеркенишли.
16 Яқыяға дейин Мухаддес Нызам ҳәм пайғамбарлар дәўири болды. Сол ўақыттан баслап, Ќудай Патшалығы ҳаққында Хош Хабар жәрияланып киятыр ҳәм ҳәр бир адам оған кириўге күш салып жүр.
17 Бирақ Мухаддес Нызамнан бир ноқат жоғалғанынан гѳре, аспан ҳәм жердиң жоқ болып кетиўи аңсатырақ.
18 Ѳз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаялға үйленген ҳәр бир адам неке ҳадаллығын бузған болады. Күйеўинен ажырасқан ҳаялға үйленген адам да неке ҳадаллығын бузған болады.
19 – Ќымбат баҳалы сәнли кийимлер кийип, ҳәр күни үлкен зыяпатлар беретуғын бир бай адам болыпты.
20 Байдың дәрўазасы алдында пүткил денесин жара басқан Лазар атлы бир тиленши жатады екен.
21 Ол байдың дастурханынан түскен усақлар менен қарнын тойдырыўды әрман етипти. Ийтлер де келип, оның жараларын жалап кетеди екен.
22 Ўақты келгенде тиленши қайтыс болып, периштелер оны Ибрайымның жанына алып барыпты. Бай адам да қайтыс болып, оны жерлепти.
23 Бай дозақ отында азап шегип атырып, басын кѳтерип қарағанда, алыста Ибрайымды ҳәм оның қасындағы Лазарды кѳрипти.
24 Ол қатты бақырып: «Ибрайым ата, маған реҳим ете гѳр! Лазарды жибер, ол бармағының ушын суўға басып, мениң тилиме суў тамызсын. Себеби мен бул от ишинде қатты қыйналып атырман», – депти.
25 Бирақ Ибрайым оған: «Балам, сен ѳмириңде тек жақсылық кѳргениңди, ал Лазардың жаманлық кѳргенин умытпа. Енди болса, ол бул жерде жубаныш таўып, ал сен қыйналып атырсаң.
26 Буның үстине, сизлер менен бизлердиң арамызға үлкен туңғыйық орнатылған. Сонлықтан бул жерден сизлерге ѳтпекши болғанлар ѳте алмайды ҳәм ол жерден де бизлерге ҳеш ким ѳте алмайды», – депти.
27 Сонда бай адам: «Ата, олай болса, сеннен ѳтинемен, Лазарды мениң әкемниң үйине жибер.
28 Ѳйткени мениң бес аға-иним бар. Олар да бул азап шегетуғын жерге түспеўи ушын ол барып, оларды ескертсин», – депти.
29 Бирақ Ибрайым оған: «Оларда Муўса ҳәм басқа пайғамбарлардың Жазыўлары бар-ғо. Оларды тыңласын», – депти.
30 Ал бай адам: «Яқ, Ибрайым ата! Бирақ егер ѳлгенлердиң биреўи тирилип оларға барса, тәўбе етеди», – депти.
31 Сонда Ибрайым оған: «Егер Муўса менен пайғамбарларды тыңламағанда, ѳлгенлердиң биреўи тирилсе де, исенбейди», – деп жуўап берипти.