Лука жазған Хош Хабар 2 bob

1 Ийсаның туўылыўы. 8 Шопанлар ҳәм периштелер. 22 Шимон ҳәм Аннаның Ийса менен ушырасыўы. 41 Ийсаның балалығы. 

1 Сол күнлери Рим патшасы Август пүткил Рим патшалығының турғынлары дизимнен ѳтиўи тийис, деген пәрман шығарды.
2 Бул биринши дизимнен ѳтиў Кирини Сирияға ҳәкимлик қылған заманда болды.
3 Ҳәр бир адам дизимнен ѳтиў ушын ѳз қаласына барды.
4 Юсуп те Галиладағы Насыра қаласынан жолға шығып, Яҳудиядағы Бейтлеҳем деп аталған Даўыттың қаласына келди. Ѳйткени ол Даўыттың урпағынан еди.
5 Дизимнен ѳтиў ушын, оның менен бирге қалыңлығы болған ҳәмледар Мәриям да барды.
6 Олар сол жерде болғанда Мәриямның айы-күни толып,
7 туңғыш Улын туўды. Оны қундақлап, бир ақырға жатқызды, себеби мийманханада оларға орын жоқ еди.
8 Сол әтирапта шопанлар болып, олар түнде ѳз падасын далада қараўыллайтуғын еди.
9 Тосаттан олардың алдында Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, Ийемиздиң салтанаты олардың әтирапын жарқыратып жиберди. Олар қатты қорқып кетти.
10 Периште оларға: – Ќорқпаңлар! Мен сизлерге ҳәмме адамларды шексиз қуўандыратуғын хош хабар жәриялайман.
11 Бүгин Даўыттың қаласында сизлер ушын Ќутқарыўшы туўылды. Ол – Ийемиз Масих.
12 Сизлер ушын оның белгиси мынадай: сизлер ақырда қундақлаўлы жатырған Нәрестени табасызлар, – деди.
13 Бирден периштениң қасында аспандағы периштелердиң үлкен топары пайда болды ҳәм былай деп Ќудайды алғыслады:
14 «Аспанда Ќудай алғыслансын, Ќудайға унайтуғын жердеги адамларға тынышлық болсын!»
15 Периштелер аспанға кѳтерилгеннен соң, шопанлар бир-бирине: – Жүриңлер, Бейтлеҳемге барайық. Жаратқан Ийемиз бизлерге билдирген, сол жүз берген ўақыяны кѳрейик, – дести.
16 Олар асығыслық пенен келип, Мәриям менен Юсупты ҳәм ақырда жатырған Нәрестени тапты.
17 Оны кѳрип, периштелерден Нәресте ҳаққында еситкенлерин айтып берди.
18 Буны еситкен адамлардың ҳәммеси шопанлардың сѳзлерине таң қалысты.
19 Ал Мәриям бул сѳзлерди жүрегинде сақлап, ойлап жүрди.
20 Шопанлар ѳзлерине айтылғанлардың ҳәммесин еситип-кѳргенлери ушын Ќудайды алғыслап, мақтаў айтып, қайтып кетти.
21 Арадан сегиз күн ѳтип, Нәрестени сүннет еткенде, Оның атын Ийса деп қойды. Мәриям ҳәмледар болмасынан бурын, периште Оған усы атты берген еди.
22 Муўсаның Нызамы бойынша тазаланыў күнлери тамам болғанда, Юсуп пенен Мәриям Ийсаны Жаратқан Ийемизге арнаў ушын, Оны Ерусалимге алып келди.
23 Ѳйткени Жаратқан Ийемиздиң Нызамында: «Туўылған ҳәр бир туңғыш ул Жаратқан Ийемизге арналсын», – деп жазылған.
24 Және Жаратқан Ийемиздиң Нызамында айтылғандай, олар «жуп қумыры ямаса кептердиң еки палапанын» қурбан етпекши болды.
25 Сол ўақытта Ерусалимде Шимон атлы бир адам бар еди. Ол ҳақ ҳәм диншил адам болып, Израилдың тәселле табыўын интизарлық пенен күтип жүр еди. Мухаддес Руўх оған яр еди.
26 Жаратқан Ийемиз жиберген Масихты кѳрмегенше ѳлмейтуғынын оған Мухаддес Руўх алдын ала айтқан еди.
27 Шимон Мухаддес Руўхтың басқарыўында Ибадатханаға келди. Ийсаның ата-анасы Мухаддес Нызам бойынша тийисли үрп-әдетлерди орынлаў ушын Оны Ибадатханаға алып келгенде,
28 Шимон Оны қолына алып, Ќудайды алғыслап былай деди:
29 «О, Ќүдиретли Ийем, Ѳзиң айтқаныңдай, енди қулыңды бул дүньядан тынышлық пенен жибересең.
30 -
31 Себеби кѳзлерим Сениң ҳәмме халықлар ушын таярлап қойған қутқарыўыңды кѳрди:
32 Ол басқа миллетлердиң кѳзин ашатуғын нур болып, Сениң халқың Израилға даңқ келтиреди».
33 Нәрестениң ата-анасы Ол туўралы айтылған сѳзлерге таң қалысты.
34 Шимон оларға пәтиясын берип, Оның анасы Мәриямға: – Мине, бул Нәресте Израилда кѳп адамлардың қулаўына ҳәм қайта тиклениўине себепши болады. Ол Ийемиздиң белгиси болып, Ол себепли кѳп талас-тартыслар келип шығады.
35 Сонда кѳп адамлардың жүреклериниң түпкириндеги ой-қыяллары әшкара болып, ал сениң кеўлиңе ҳәсирет қылышы суғылады, – деди.
36 Сол жерде Ашер урыўынан шыққан Пануелдиң қызы Анна атлы, жүдә қартайған бир пайғамбар ҳаял да бар еди. Ол турмысқа шыққаннан соң, күйеўи менен жети жыл жасады.
37 Соңынан сексен тѳрт жасына дейин жесир болып, Ибадатханадан шықпай ораза тутып ҳәм дуўа етип, күни-түни Ќудайға сыйынатуғын еди.
38 Сол ўақытта ол да жақынлап келип, Ќудайға шүкирлик билдирди ҳәм Ерусалимниң қутқарылыў күнин күткенлердиң ҳәммесине Нәресте ҳаққында айтып берди.
39 Юсуп пенен Мәриям Жаратқан Ийемиздиң Нызамы бойынша барлық тийисли нәрселерди орынлап болғаннан соң, Галиладағы ѳз қаласы Насыраға қайтып келди.
40 Нәресте ѳсип, күш пенен ақыл-даналыққа толысып барды ҳәм Ќудайдың мийрими Оның үстинде еди.
41 Ийсаның ата-анасы ҳәр жылы Ќутқарылыў байрамында Ерусалимге баратуғын еди.
42 Ийса он еки жасқа толғанда, олар әдеттегидей Ерусалимге байрамлаўға келди.
43 Байрам күнлери тамам болғаннан соң, олар үйине қарай жолға шықты, ал жас ѳспирим Ийса Ерусалимде қалып қойған еди. Бирақ буны ата-анасы билмеди.
44 Олар Ийсаны басқалар менен киятыр деп ойлап, бир күнлик жолды басып ѳткеннен соң, Оны ағайинлери менен танысларының арасынан изледи.
45 Таппағаннан кейин, Оны излеп Ерусалимге қайтып барды.
46 Үш күннен соң, олар Ийсаны Ибадатханадан тапты. Ол диний муғаллимлердиң ортасында олардың сѳзлерин тыңлап, сораўлар берип отырған еди.
47 Тыңлап отырғанлардың ҳәммеси Оның ақылына ҳәм берген жуўапларына ҳайран қалысты.
48 Ата-анасы Ийсаны кѳрип, аң-таң болды ҳәм анасы Оған: – Балам, Сен неге бизлерге бундай иследиң? Єкең менен екеўимиз қатты қайғырып, Сени изледик, – деди.
49 Ийса оларға: – Мени излеўдиң неге кереги бар еди? Єкемниң үйинде болыўым керек екенин билмедиңиз бе? – деди.
50 Бирақ олар Ийсаның айтқан сѳзлерин түсинбеди.
51 Ийса олар менен бирге Насыра қаласына қайтып келип, олардың тилин алып жүрди. Ал Оның анасы болған ўақыялардың ҳәммесин кеўлинде сақлады.
52 Ийсаның жасы да, ақыл-даналығы да ѳсип, Ќудайдың ҳәм адамлардың сүйиспеншилигине бѳленип барды.