Лука жазған Хош Хабар 11 bob

1 Дуўа етиў ҳаққында. 14 Ийса ҳәм Белзебүл. 29 Кәраматлы белги ҳаққында. 33 Жақтылық ҳәм көз ҳаққында. 37 Ийса диндарлар ҳаққында. 

1 Күнлердиң биринде Ийса бир жерде дуўа етип турған еди. Дуўа етип болғаннан соң, шәкиртлериниң бири Оған: – Ийем! Яқыя ѳз шәкиртлерине дуўа етиўди үйреткениндей, Сен де бизлерге дуўа етиўди үйрет, – деди.
2 Ийса оларға былай деди: – Дуўа еткениңизде былай деңлер: Єке! Сениң атың мухаддес бола берсин. Сениң Патшалығың келсин.
3 Бизлерге ҳәр күни күнделикли нанымызды бере гѳр.
4 Гүналарымызды кешире гѳр. Ѳйткени бизлер де ѳзлеримизге гүна қылған ҳәр бир адамды кеширемиз. Бизлердиң азғырылыўымызға жол қойма.
5 Ийса оларға және былай деди: – Айтайық, араңыздағы бириңиздиң достысы бар. Ол ярым ақшамда достысына барып: «Достым! Маған қарызға үш нан берип тур.
6 Себеби сапарда жүрген бир достым келип еди, оның алдына қоятуғын ҳеш нәрсем жоқ», – депти.
7 Сонда достысы иштен: «Мениң тынышымды алма. Есигим беклеўли. Балаларым да мениң менен бирге тѳсекте жатыр. Орнымнан турып, саған ҳеш нәрсе бере алмайман», – деп жуўап берипти.
8 Бирақ сизлерге айтатуғыным: орнынан турып, досты болғаны ушын сорағанын бермесе де, изинен қалмай сорағаны себепли ол орнынан турып, қанша сораса, сонша береди.
9 Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады.
10 Ѳйткени сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады.
11 Араңызда қайсы әке баласы балық сораса, оған балық орнына жылан береди?
12 Мәйек сораса, оған шаян береди?
13 Солай етип, ѳзлериңиз жаман бола тура, ѳз балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, аспандағы Єке де Ѳзинен сорағанларға Мухаддес Руўхты бериўи сѳзсиз.
14 Бир күни Ийса бир адамнан гүңелек жинди қуўып шығарды. Жин шыққаннан соң, гүңелек адам сѳйлей баслағанда, халық ҳайран қалды.
15 Бирақ олардың гейбиреўлери: «Ол жинлерди жинлердиң баслығы Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дести.
16 Ал басқалары Ийсаны сынап кѳрмекши болып, аспаннан кәраматлы белги кѳрсетиўин талап етти.
17 Бирақ Ийса олардың ойларын билип, былай деди: – Ѳз ара қарсы болып бѳлинген ҳәр бир патшалық жоқ болады. Ѳз ара қарсы болып бѳлинген ҳәр бир үй қулайды.
18 Егер шайтан ѳз ара қарсы болып бѳлинсе, оның патшалығы қалай сақланады? Сизлер Мени: «Жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығарып жүр», – дейсизлер.
19 Егер Мен жинлерди Белзебүл-шайтанның күши менен қуўып шығаратуғын болсам, онда сизлердиң шәкиртлериңиз оларды кимниң күши менен қуўып шығарып жүр? Солай етип, олар сизлердиң надурыс екениңизди әшкаралайды.
20 Бирақ, егер Мен жинлерди Ќудайдың күши менен қуўып шығарып атырған болсам, онда сизлерге Ќудай Патшалығының жетип келгени.
21 Тис-тырнағына дейин қуралланған бир күшли адам ѳз үйин қорғаса, оның мал-мүлки аман болады.
22 Ал оннан да күшлирек биреў оған ҳүжим жасап, оны жеңсе, оның исенген барлық қуралларын тартып алып, олжасын бѳлистиреди.
23 Ким де ким Мениң менен бирге болмаса, ол Маған қарсы. Ким де ким Мениң менен бирге жыйнамаса, ол шашады.
24 Жаўыз руўх адамнан шыққаннан кейин суўсыз жерлерди гезип, дем алыўға орын излейди. Таба алмағаннан соң, ол: «Шыққан үйиме қайтайын», – дейди.
25 Ќайтып келгенде, үйдиң тазаланып ҳәм жыйналып турғанын кѳреди.
26 Сонда ол барып, ѳзинен де жаўыз жети руўхты ертип келеди де, кирип сол үйде турады. Солай етип, сол адамның соңғы аўҳалы бурынғыдан да жаман болады.
27 Ийса усыларды айтып турғанда халық ишинен бир ҳаял даўыслап, Оған: – Сени кѳтерген қурсақ ҳәм Сени емизген кѳкиреклер қандай бахытлы! – деди.
28 Бирақ Ийса оған: – Ќудайдың сѳзин тыңлап, оны орынлаўшылар оннан да бахытлы! – деди.
29 Халық жыйналып, кѳбейип атырғанда, Ийса оларға былай деп айта баслады: – Бул әўлад – жаман әўлад! Ол кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнустың кәраматлы белгисинен басқасы кѳрсетилмейди.
30 Юнус Ниневия турғынлары ушын қандай белги болса, Адам Улы да бул әўлад ушын сондай белги болады.
31 Ќубладағы ҳаял патша ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўладтың адамлары пенен бирге турып, оны айыплайды. Себеби ол Сулайманның даналығын еситиў ушын, жер бетиниң арғы шетинен келген-ғо. Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар.
32 Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде усы әўлад пенен бирге турып, оны айыплайды. Ѳйткени Юнус жәриялағанда, олар тәўбе еткен-ғо. Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар.
33 – Ҳеш ким де шыраны жағып, оны жасырын жерге ямаса ыдыстың астында қоймайды. Керисинше, киргенлер жақтыны кѳрсин деп, оны шыра қойғышқа қояды.
34 Кѳзиң – денеңниң шырағы. Егер кѳзиң саў болса, пүткил денең де жарық болады. Егер кѳзиң саў болмаса, денең де пүткиллей қараңғы болады.
35 Сонлықтан да, абайла, ишиңдеги жарық қараңғы болмасын!
36 Егер пүткил денең жарық болып, ҳеш бир қараңғы жери болмаса, шыра сени ѳз нуры менен жақты қылғаны сыяқлы, денең пүткиллей жарық болады.
37 Ийса усы сѳзлерди айтып турғанда, бир парисей Оны үйине аўқатланыўға шақырды. Ийса оның үйине кирип, аўқатланыўға отырды.
38 Ийсаның аўқаттан бурын қол жуўмағанын кѳрип, парисей таң қалды.
39 Сонда Ийемиз оған: – Ҳәй парисейлер, сизлер табақ-кесениң сыртын тазалайсызлар, бирақ ѳз ишиңиз нәпсиқаўлық ҳәм жаўызлыққа толы.
40 Ҳәй, ақылсызлар, сыртын жаратқан ишин де жаратқан емес пе?
41 Жақсысы, ишиңиздегиден қайыр-садақа бериңлер, сонда сизлер ушын ҳәмме нәрсе таза болады.
42 Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер жалбыз, ийисли шѳп ҳәм ҳәр түрли палыз ѳнимлериниң оннан бирин бересизлер, бирақ әдилликке ҳәм Ќудайдың сүйиспеншилигине бийпәрўа қарайсызлар. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди-ғо.
43 Ҳәсирет шегесизлер, парисейлер! Сизлер мәжилисханаларда тѳрде отырыўды, базарда ѳзлериңизге сәлем берилиўин жақсы кѳресизлер.
44 Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер адамлар билмей үстилеринен басып ѳтетуғын белгисиз қәбирлерге уқсайсызлар, – деди.
45 Сонда нызам муғаллимлериниң бири Ийсаға: – Устаз! Сен бул сѳзлерди айтып, бизлерди де қапа қылып атырсаң, – деди.
46 Бирақ Ийса: – Сизлер де ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Ѳйткени сизлер кѳтерип жүриўге қыйын жүклерди адамларға артып, ѳзлериңиз оларды кѳтерисиўге бармағыңызды да қозғамайсызлар.
47 Сизлер ҳәсирет шегесизлер! Себеби сизлер ата-бабаларыңыз ѳлтирген пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар.
48 Солай етип, сизлер ата-бабаларыңыздың ислерин мақуллап, оларды дәлиллейсизлер. Олар пайғамбарларды ѳлтирген еди, ал сизлер оларға мазарлар орнатасызлар.
49 Сонлықтан да, Ќудайдың даналығы былай деген: «Мен оларға пайғамбарлар менен елшилерди жиберемен. Олар гейбиреўлерин ѳлтирип, гейбиреўлерин қуўғын қылады».
50 -
51 Сол себептен Абылдың қанынан баслап, қурбанлық шалынатуғын орын менен Ибадатхана арасында ѳлтирилген Зекерияның қанына дейин, дүнья жаратылғаннан бери тѳгилген барлық пайғамбарлардың қаны усы әўладтан талап етиледи. Аўа, сизлерге айтатуғыным: усы әўладтан талап етиледи!
52 Ҳәсирет шегесизлер, нызам муғаллимлери! Ѳйткени сизлер қутқарылыў ҳаққында билим қапысының гилтин тартып алдыңлар: бул қапыдан ѳзлериңиз де кирмедиңлер, кирмекши болғанларға да тосқынлық жасадыңлар, – деди.
53 Ийса сол жерден кетип баратырғанда, ашыўланған диний муғаллимлер менен парисейлер Оны қысқыға алып, кѳп сораўларға жуўап бериўге мәжбүрледи.
54 Олар Ийсаны сѳзинен тутып айыплаў ушын, Оны аңлыды.