1 Ийсаның қайта тирилиўи. 13 Еммаусқа баратуғын жолда. 36 Ийсаның шәкиртлерине көриниўи.
Лука жазған Хош Хабар 24 bob
1 Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни таң сәҳәрде ҳаяллар таярлап қойған хош ийисли майларын алып, қәбирге келди.
2 Олар қәбирдиң аўзындағы тастың домалатып алып тасланғанын көрди.
3 Бирақ ишке киргенде, Ийемиз Ийсаның денесин таба алмады.
4 Олар буған таң қалысып турғанда, тосаттан жарқыраған кийим кийген еки адам пайда болды.
5 Ҳаяллардың ҳүрейлери ушып, басларын жерге ийгенде, еки адам оларға былай деди: – Тирини ѳлилердиң арасынан неге излейсизлер?
6 Ол бул жерде жоқ, Ол қайта тирилди! Галилада болғанында, Оның сизлерге не айтқанын еслериңизге түсириңлер.
7 Ол сизлерге: «Адам Улы гүнакар адамлардың қолына услап бериледи, атанақ ағашқа шегеленеди ҳәм үшинши күни қайта тириледи», – деген еди-ғо.
8 Сонда олар Ийсаның сѳзлерин еслерине түсирди.
9 Ќәбирден қайтып барған ҳаяллар булардың ҳәммесин он бир елшиге ҳәм басқа барлық адамларға хабарлады.
10 Бул хабарды елшилерге жеткизгенлер магдалалы Мәриям, Юханна, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм олар менен бирге жүрген басқа ҳаяллар еди.
11 Бирақ бул сѳзлер елшилерге бос гәп болып кѳринип, олар ҳаялларға исенбеди.
12 Ал Петр орнынан турып, қәбир тәрепке қарай жуўырып кетти. Ол ишке еңкейип қарағанда, тек жатырған кепинликти ғана кѳрди. Болған ўақыяға таң қалып, изине қайтты.
13 Тап сол күни шәкиртлердиң екеўи Ерусалимнен он еки шақырымдай қашықлықтағы Еммаус деп аталатуғын бир аўылға баратырып,
14 болған усы ўақыялар ҳаққында ѳз ара сѳйлести.
15 Олар ѳз ара сѳйлесип, пикир алысып баратырғанда, Ийсаның Ѳзи оларға жақынлап, қатар жүрди.
16 Бирақ олардың кѳзлери байланғандай болып, Оны танымады.
17 Ийса олардан: – Сизлер ѳз ара нелер ҳаққында сѳйлесип баратырсызлар? – деп сорады. Олар қапалы пишинде тоқтап қалды.
18 Арасындағы Клеопа атлы биреўи Оған: – Ерусалимде болсаң да, усы күнлерде сол жерде жүз берген ўақыялардан ҳеш хабары жоқ, жалғыз Сен шығарсаң, – деди.
19 Ийса олардан: – Ќандай ўақыялардан? – деп сорады. Олар жуўап берип: – Насыралы Ийса ҳаққында ўақыялар да. Ол Ќудайдың ҳәм пүткил халықтың алдында исинде де, сѳзинде де қүдиретли болған пайғамбар еди.
20 Бас руўханийлеримиз бенен басшыларымыз Оны ѳлим жазасына ҳәм атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
21 Ал бизлер Оны Израилды қутқарады деп, үмит еткен едик. Мине, бул ўақыялардың болғанына бүгин үш күн болды.
22 Буның үстине, арамыздағы ҳаяллардың гейбиреўлери бизлерди таң қалдырды. Олар ерте таңда қәбирге барып,
23 Оның денесин таппай келди. Ќайтып келип, Ийсаның тири екенин билдирген периштелерди кѳргенин айтып берди.
24 Және бизлердиң ишимиздеги айырымлар қәбирге барып, анық ҳаяллардың айтқанындай екенин кѳрипти. Бирақ Ийсаның Ѳзин кѳрмепти, – дести.
25 Ийса оларға былай деди: – Ҳәй, ақылсызлар! Пайғамбарлардың айтқанларының ҳәммесине шын жүректен исенбейтуғынлар!
26 Масих усы азапларды шегип, Ѳз салтанатына кириўи керек емес пе еди?
27 Соңынан Муўсаның ҳәм барлық пайғамбарлардың Жазыўларынан баслап, Мухаддес Жазыўлардың ҳәммесинде Ѳзи ҳаққында айтылғанларды оларға түсиндирип берди.
28 Олар ѳзлери баратырған аўылға жақынлағанда, Ийса Ѳзин жолын даўам ететуғын қылып кѳрсетти.
29 Бирақ олар: – Бизлер менен бирге қал, күн батыўға шамаласып, кеш болажақ, – деп Оннан ѳтинди. Солай етип, Ийса олар менен бирге қалыў ушын аўылға кирди.
30 Олар менен дастурхан басында отырғанда Ийса нанды алып, Ќудайға шүкирлик етти ҳәм сындырып, оларға берди.
31 Сонда ғана олардың кѳзлери ашылып, Оны таныды. Бирақ Ийса кѳзден ғайып болды.
32 Олар бир-бирине: – Ол жолда бизлер менен сѳйлесип, Мухаддес Жазыўларды түсиндиргенде, жүреклеримиз қуўанышқа толмаған ба еди? – деди.
33 Дәрриў орынларынан турып, Ерусалимге қайтып келди. Он бир елшини ҳәм олар менен бирге жыйналғанларды тапты.
34 Жыйналғанлар: – Ийемиз ҳақыйқаттан қайта тирилип, Симонға кѳринипти, – дести.
35 Сонда еки шәкирт те жолдағы ўақыяларды ҳәм Ийса нанды сындырғанда, Оны қалай танып қалғанын айтып берди.
36 Олар усыны айтысып турғанда, Ийсаның Ѳзи олардың ортасында пайда болып: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди.
37 Бирақ шәкиртлер әрўақ кѳрип турмыз деп ойлап, таң қалысып, қатты қорқысты.
38 Ийса оларға: – Неге ҳайран қалып турсызлар? Неге кеўиллериңизге бундай гүманлы ойлар келеди?
39 Мениң қолларыма ҳәм аяқларыма қараңлар. Бул Мениң Ѳзиммен. Маған қол тийгизип кѳриңлер. Єрўақта ет пенен сүйек болмайды, бирақ кѳрип турғаныңыздай, Менде бар, – деди.
40 Усыны айтып, оларға қолларын ҳәм аяқларын кѳрсетти.
41 Ал шәкиртлери қуўанысып ҳәм аң-таң болысып, еле исенбей турғанда, Ийса олардан: – Бул жерде жейтуғын бир нәрсеңиз бар ма? – деп сорады.
42 Олар Оған писирилген балықтың бир бѳлегин берди.
43 Ийса оны алып, олардың кѳз алдында жеди.
44 Сонда Ийса оларға былай деди: – Сизлер менен бирге болғанымда, Мен туўралы Муўсаның Нызамында, пайғамбарлардың Жазыўларында ҳәм Забурда жазылғанлардың ҳәммеси орынланыўы тийис, деп айтқан едим.
45 Кейин Мухаддес Жазыўларды түсиниў ушын олардың зейинлерин ашты
46 ҳәм оларға және: – Былай деп жазылған: «Масих азап шегип, үшинши күни ѳлимнен қайта тириледи.
47 Ерусалимнен баслап, ҳәмме халықларға Оның аты менен гүналарының кеширилиўи ушын, тәўбеге шақырыўды жәриялаў тийис».
48 Ал сизлер булардың гүўасысызлар.
49 Мине, Мен Єкемниң ўәде еткенин сизлерге жиберемен. Бирақ сизлер жоқарыдан бул қүдиретти алғанға дейин усы қалада қалыңлар, – деди.
50 Соңынан Ийса шәкиртлерин қаладан сыртқа, Бетанияға дейин апарды. Ќолларын кѳтерип, оларға пәтиясын берди.
51 Пәтиясын берип турғанда олардан узақласып, аспанға алынды.
52 Шәкиртлер Ийсаға табынып, үлкен қуўаныш пенен Ерусалимге қайтып келди.
53 Ќудайды алғыслап, ҳәмме ўақыт Ибадатханада болды