1 Ийсаның Пилатқа апарылыўы. 6 Ийса Ҳирод алдында. 13 Өлим ҳүкими. 26 Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи. 44 Ийсаның жан тапсырыўы. 50 Ийсаның қәбирге қойылыўы.
Лука жазған Хош Хабар 23 bob
1 Сонда жыйналғанлардың ҳәммеси орынларынан турып, Ийсаны Пилатқа алып барды да,
2 Оны былай деп айыплай баслады: – Бизлер бул Адамның халқымызды жолдан азғырып жүргенин анықладық. Ол Рим патшасы-Ќайсарға салық тѳлеўге қарсы шығып, Ѳзин Масихпан, яғный Патшаман деп атайды.
3 Пилат Ийсадан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди ѳзиң айттың, – деп жуўап берди.
4 Пилат бас руўханийлер менен халыққа: – Мен бул Адамнан ҳеш бир айып таппай турман, – деди.
5 Бирақ олар айтқанынан қайтпай: – Ол Галила үлкесинен баслап, ҳәтте, усы жерге дейин пүткил Яҳудияда Ѳз тәлийматын тарқатып, халыққа қозғалаң салып жүр, – дести.
6 Пилат буны еситкенде: – Бул Адам галилалы ма? – деп сорады.
7 Ийсаның Ҳиродқа қараслы үлкеден екенин билгенде, Пилат Оны Ҳиродқа жиберди. Сол күнлери Ҳиродтың ѳзи де Ерусалимде еди.
8 Ҳирод Ийсаны кѳргенде қатты қуўанды. Ѳйткени Ол туўралы кѳп еситкенликтен, Оны бурыннан кѳргиси келетуғын ҳәм бир кәрамат кѳрсетер деп үмитленетуғын еди.
9 Ол Ийсаға кѳп сораўлар берди, бирақ Ийса ҳеш жуўап бермеди.
10 Ал бас руўханийлер менен диний муғаллимлер сол жерде турып, Ийсаны қатты айыплады.
11 Ҳирод та ѳз әскерлери менен бирге Оны кемситип масқаралады да, Оған патшаның липасын кийгизип, Пилатқа қайтарып жиберди.
12 Бул ўақыядан бурын бир-бирине душпан болып келген Ҳирод пенен Пилат сол күни дос болып қалды.
13 Пилат бас руўханийлерди, басшыларды ҳәм халықты шақыртып алып,
14 оларға: – Сизлер маған бул Адамды халықты жолдан азғырып жүр деп, алып келдиңлер. Мине, мен сизлердиң кѳз алдыңызда Оны тергесем де, сизлердиң қойған айыпларыңыздың биреўин де Оннан таппадым.
15 Ҳирод та ҳеш нәрсе таппай, Оны бизлерге қайтарып жиберди. Кѳрип турғаныңыздай, Ол ѳлим жазасына ылайық ҳеш нәрсе ислемеген.
16 Сонлықтан Оны жазалап,
17 босатып жиберемен, – деди.
18 Бирақ халықтың ҳәммеси бир аўыздан: – Бул Адамды жоқ қыл! Бизлерге Барабаны босатып бер! – деп бақырысты.
19 Бараба қалада жүз берген қозғалаңға қатнасып, адам ѳлтиргени ушын қамалған еди.
20 Пилат Ийсаны босатып жибермекши болып, оларға қарата және сѳйледи.
21 Бирақ олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! Шегелет! – деп бақырысты.
22 Пилат үшинши рет оларға: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? Мен Оннан ѳлимге ылайықлы ҳеш айып таппадым. Солай екен, Оны жазалап, босатып жиберейин, – деди.
23 Бирақ олар даўысларының барынша бақырыўды даўам етип, Ийсаны атанақ ағашқа шегелетиўди талап қылды ҳәм ақырында ѳз дегенлерине еристи.
24 Солай етип, Пилат олардың талапларын орынлаўға қарар етти.
25 Олардың сораған адамын, қозғалаң кѳтергени ҳәм адам ѳлтиргени ушын қамақта отырған адамды босатып, Ийсаны олардың еркине тапсырды.
26 Єскерлер Ийсаны алып баратырғанда, аўылдан киятырған Симон деген киренели бир адамды услап алып, оған атанақ ағашты арқалатып, Ийсаның изинен жүриўге мәжбүрледи.
27 Ийсаның изине жүдә кѳп халық ерип жүрди. Арасында Ол ушын зарлап жыласқан ҳаяллар да бар еди.
28 Ийса оларға бурылып былай деди: – Ерусалим қызлары! Мен ушын жыламаңлар. Бирақ ѳзлериңиз ҳәм балаларыңыз ушын жылаңлар.
29 Себеби: «Нәсилсиз ҳаяллар, ҳеш қашан туўмаған қурсақлар ҳәм бала емизбеген кѳкиреклер бахытлы!» – деп айтатуғын күнлер келеди.
30 Сонда таўларға: «Үстимизге қулаңлар!», тѳбешиклерге: «Бизлерди бастырыңлар!» – деседи.
31 Ѳйткени жап-жасыл ағашқа усылай ислесе, қуўраған ағашқа не қылады екен?
32 Ийса менен бирге еки жынаятшыны да ѳлимге алып барды.
33 «Бас сүйеги» деген жерге келгенде, олар Ийсаны еки жынаятшы менен бирге атанақ ағашқа шегеледи. Жынаятшылардың биреўи Оның оң тәрепинде, екиншиси шеп тәрепинде еди.
34 Ийса: – Єке, оларды кешире гѳр! Олар не ислеп атырғанын билмейди, – деди. Єскерлер шек тасласып, Ийсаның кийимлерин бѳлисти.
35 Халық сол жерде қарап турды. Ал басшылар Ийсаның үстинен күлип: – Ол басқаларды қутқарған еди-ғо. Егер Ол Ќудайдың жиберген Масихы, Ќудайдың Таңлағаны болса, Ѳзин Ѳзи қутқарсын, – деди.
36 Єскерлер де Оған жақынласып, Оны масқаралады ҳәм сирке суўын берип:
37 – Егер Сен Яҳудийлердиң Патшасы болсаң, Ѳзиңди Ѳзиң қутқар, – дести.
38 Ийсаның бас бетинде: «БУЛ – ЯҲУДИЙЛЕРДИЊ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди.
39 Атанақ ағашқа шегеленген жынаятшылардың бири: – Сен Масих емессең бе? Ќәне, онда Ѳзиңди де, бизлерди де қутқар, – деп мазақ етти.
40 Ал екиншиси оған кейип: – Ѳзиң де бирдей жазаға ҳүким етилип турып, Ќудайдан қорқпайсаң ба?
41 Бизлер ислеримизге ылайық әдил жаза алдық. Ал Ол ҳеш қандай жаманлық қылған жоқ-ғо, – деди.
42 Соң Ийсаға: – Ийса, Ѳз Патшалығыңа келгениңде, мени есиңе ал! – деди.
43 Ийса оған: – Саған шынын айтаман: сен бүгин Мениң менен бирге жәннетте боласаң, – деди.
44 -
45 Түски саат он екилер шамасында күн жақтысын түсирмей, саат үшлерге дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды. Ибадатханадағы Мухаддесхананың пердеси ортасынан екиге бѳлинип, жыртылып кетти.
46 Ийса бәлент даўыс пенен бақырып: – Єке! Руўхымды Сениң қолыңа тапсыраман, – деди. Усыны айтып болды да, жан тапсырды.
47 Болған ўақыяларды кѳрген жүзбасы Ќудайды алғыслап: – Ҳақыйқаттан да, бул ҳақ Адам екен, – деди.
48 Тамашаға жыйналған пүткил халық болған ўақыяларды кѳрип, жүрек-баўырлары езилип, излерине қайтты.
49 Бирақ Ийсаны билгенлердиң ҳәммеси ҳәм Галиладан Оның изине ерип келген ҳаяллар буларға узақтан қарап турды.
50 -
51 Кеңестиң қарары менен исинде қатнаспаған, кеңес ағзасы болған Юсуп атлы жақсы ҳәм ҳақ бир адам бар еди. Ол Яҳудияның Ариматия қаласынан болып, Ќудай Патшалығын күтип жүрген еди.
52 Юсуп Пилатқа барып, Ийсаның денесин сорады.
53 Оны атанақ ағаштан түсирип алып, кепинлик таўарға орады ҳәм еле ҳеш ким қойылмаған жартаста ойылған бир қәбирге қойды.
54 Бул яҳудийлердиң таярлық күни болып, дем алыс күни кирип киятырған еди.
55 Ийса менен бирге Галиладан келген ҳаяллар да Юсупке ерип барып, қәбирди ҳәм Ийсаның денесиниң қалай қойылғанын кѳрди.
56 Олар үйлерине қайтып келип, хош ийисли майлар ҳәм әтирлер таярлап қойды. Ал дем алыс күни Ќудайдың буйрығы бойынша дем алды.