1 Яҳуданың сатқынлығы. 7 Ийсаның соңғы кешеси. 24 Ҳәммеден уллы ким? 31 Петрдиң таныўы туўралы болжаў. 35 Дорба ҳәм қылыш. 39 Ийсаның Зәйтүн таўында дуўа етиўи. 47 Ийсаның қолға алыныўы. 54 Петрдиң Ийсадан таныўы. 63 Ийсаны масқаралаў. 66 Ийса жоқарғы кеңес алдында.
Лука жазған Хош Хабар 22 bob
1 Ќутқарылыў байрамы деп аталатуғын Ашытқысыз нан байрамы жақынлап қалған еди.
2 Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер халықтан қорққанлықтан, Ийсаны жасырын түрде ѳлтириўдиң жолын изледи.
3 Сонда он еки елшиниң бири – Исқариот деп аталған Яҳуданың ишине шайтан кирип алды.
4 Яҳуда барып, бас руўханийлер ҳәм Ибадатхананың бас қараўыллары менен Ийсаны оларға қалай услап бериўди ойласты.
5 Олар қуўанысып, оған ақша бериўге келисим берди.
6 Яҳуда ўәде берип, Ийсаны оларға халық жоқ жерде услап бериў ушын қолайлы пайыт изледи.
7 Ќутқарылыў байрамының қозысы шалыныўы керек болған Ашытқысыз нан байрамы жетип келди.
8 Ийса Петр менен Юханды жиберип: – Барыңлар, бизлер ушын Ќутқарылыў байрамының асын таярлаңлар, – деди.
9 Олар: – Ќай жерде таярлаўымызды қәлейсең? – деп сорады.
10 Ийса оларға былай деди: – Ќалаға киргениңизде, гүзе менен суў кѳтерип киятырған адамға гезлесесиз. Оның изине ерип, ол кирген үйге кириңлер
11 ҳәм үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бѳлмем қәне?“ – деп сеннен сорап атыр», – деңлер.
12 Ол сизлерге тѳсеклер тѳселген жоқарыдағы үлкен бѳлмени кѳрсетеди. Сол жерде таярлаңлар.
13 Олар барып, Ийсаның айтқанларының ҳәммесин таўып, байрам асын таярлады.
14 Аўқатланатуғын ўақыт болғанда, Ийса елшилери менен бирге дастурхан әтирапына отырды.
15 Оларға: – Азап шекпесимнен бурын бул байрам асын сизлер менен бирге жеўди қатты қәлеген едим.
16 Сизлерге айтатуғыным: бул Ќудай Патшалығында орынланбағанша, Мен бул асты енди жемеймен, – деди.
17 Соңынан Ийса қолына кесени алып, шүкирлик етти де: – Буны алып, ѳз ара бѳлисип ишиңлер.
18 Себеби Мениң сизлерге айтатуғыным: Ќудай Патшалығы келмегенше, Мен енди жүзим ишимлигинен ишпеймен, – деди.
19 Соң нанды алып, Ќудайға шүкирлик етти ҳәм оны сындырып, оларға берди де: – Бул – сизлер ушын берилетуғын Мениң денем. Мени еслеп турыў ушын буны ислеңлер, – деди.
20 Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып: – Бул – Мениң сизлер ушын тѳгилетуғын қаным менен бекитилетуғын Жаңа Келисим.
21 Бирақ қараңлар, Мени сататуғын адамның қолы Мениң қолым менен бирге дастурханда.
22 Адам Улы Ќудай алдын ала белгилегендей баратыр. Бирақ Оған сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! – деди.
23 Шәкиртлер бир-биринен: – Бул исти ислейтуғын қайсысымыз? – деп сорай баслады.
24 Шәкиртлер арасында қайсысының ең уллы болып есапланыўы керек екени ҳаққында бир тартыс та пайда болды.
25 Ийса оларға былай деди: – Миллетлердиң патшалары ѳз халықлары үстинен үстемлик етеди, оларға бийлик етиўшилер «халықтың қайырқомлары» деп аталады.
26 Бирақ сизлер бундай болмаңлар. Керисинше, араңызда ең үлкен болған ең кишидей болсын, басшы да хызметшидей болсын.
27 Ќайсы бири уллы: дастурхан басында отырған ба ямаса хызмет етип турған ба? Дастурхан басында отырған емес пе? Бирақ Мен сизлердиң араңызда хызметшидеймен.
28 Сынаўдан ѳткен ўақтымда сизлер Мениң менен бирге болдыңлар.
29 Єкем Маған патшалық бийлигин бергени сыяқлы, Мен де сизлерге патшалық бийлигин беремен.
30 Солай етип, сизлер Мениң Патшалығымның дастурханы әтирапында ишип жейсизлер, тахтларда отырып, Израилдың он еки урыўын ҳүким етесизлер.
31 Ийса Петрге: – Симон, Симон! Адамлардың бийдайды кепшик пенен желпигени сыяқлы, шайтан сизлерди сынаў ушын рухсат сораған еди.
32 Бирақ Мен исенимиң таўсылмасын деп, сен ушын дуўа еттим. Сен Маған қайтып келгениңде, туўысқанларыңның исенимин беккемле, – деди.
33 Симон Ийсаға: – Ийем! Сениң менен бирге қамаққа да, ѳлимге де барыўға таярман, – деди.
34 Бирақ Ийса оған: – Петр, саған айтатуғыным: бүгин қораз шақырмастан бурын сен Мени танымайман деп, Меннен үш рет танасаң, – деди.
35 Соң Ийса шәкиртлерине: – Мен сизлерди шыжлансыз, дорбасыз, аяқ кийимсиз жибергенимде, не нәрседен кемшилик кѳрдиңлер? – деди. – Ҳеш нәрседен, – деп жуўап берди олар.
36 Сонда Ийса оларға: – Ал енди кимниң шыжланы болса, оны алып жүрсин. Және дорбасын да алсын. Кимниң қылышы болмаса, кийимин сатып, қылыш алсын.
37 Ѳйткени сизлерге айтатуғыным: Мухаддес Жазыўдағы: «Ол жынаятшыларға қосып саналды», – деген аят Менде әмелге асыўы керек. Аўа, Мен туўралы жазылғанлар орынланып атыр, – деди.
38 – Ийем! Ќара, бул жерде еки қылыш бар, – деди олар. – Сол жетеди, – деди Ийса.
39 Ийса шығып, Ѳз әдети бойынша Зәйтүн таўына кетти. Шәкиртлери де Оның изине ерди.
40 Сол жерге келгенде, Ийса оларға: – Азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер, – деди.
41 Ѳзи олардан тас ылақтырым жердей аўлағырақ барып, дизерлеп отырды да, былай деп дуўа етти:
42 – О, Єкем, егер Сен қәлесең, бул азап кесесин Меннен ѳткизип жибер. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын.
43 Сонда аспаннан бир периште Ийсаға кѳринип, Оған күш берди.
44 Ол азап шегип атырып, және де күшлирек дуўа етти. Оның тери жерге тамған қан тамшылары сыяқлы еди.
45 Ийса дуўа етип болып, орнынан турды да, шәкиртлериниң қасына келди. Олардың қайғыдан шаршап, уйықлап атырғанын кѳрди.
46 Оларға: – Неге уйықлап атырсызлар? Турыңлар, азғырылмаўыңыз ушын дуўа етиңлер, – деди.
47 Ийса еле сѳйлеп турғанда, бир топар адамлар пайда болды. Олардың алдында он еки шәкиртиниң бири Яҳуда киятыр еди. Ол Ийсаны сүйиў ушын Оған жақынласты.
48 Ийса оған: – Яҳуда! Сен Адам Улын сүйип турып, Оған сатқынлық ислейсең бе? – деди.
49 Ийсаның қасындағылар не болажағын сезип: – Ийем, қылышты иске салайық па? – деди.
50 Олардың биреўи бас руўханийдиң қулының оң қулағын шаўып таслады.
51 Бирақ Ийса: – Тоқтатыңлар, жетер енди! – деп қулдың қулағына қолын тийгизип, жазып жиберди.
52 Соң Ийса Ѳзин услаўға келген бас руўханийлерге, Ибадатхананың бас қараўылларына ҳәм ақсақалларға былай деди: – Мени услаў ушын жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме?
53 Мен ҳәр күни сизлер менен бирге Ибадатханада болғанымда, Маған қарсы қол кѳтермедиңлер. Бирақ енди заман сизики, ҳәзир қараңғылық үстемлик ететуғын ўақыт.
54 Олар Ийсаны услап, бас руўханийдиң үйине алып барды. Ал Петр узақтан ерип келди.
55 Ҳәўлиниң ортасына от жағып, ҳәммеси бирге отырғанда, Петр де олардың арасында отырған еди.
56 Бир шоры қыз Петрдиң оттың қасында отырғанын кѳрип, оған тигилип қарады да: – Бул адам да Оның менен бирге еди, – деди.
57 Бирақ Петр қызға: – Яқ, қарындасым, мен Оны танымайман, – деп Ийсадан танды.
58 Бираздан кейин басқа биреў де Петрди кѳрип: – Сен де солардың бирисең, – деди. Бирақ Петр оған: – Яқ, аға, мен олардан емеспен, – деди.
59 Бир сааттай ѳткеннен соң, тағы биреў: – Расында да, мына адам Оның менен бирге болған, себеби ол галилалы-ғо, – деди беккем исеним менен.
60 Бирақ Петр оған да: – Аға, сениң не айтып турғаныңды түсинбеймен, – деди. Тап сол ўақытта, ол сѳйлеп турғанда, қораз шақырды.
61 Ийемиз Ийса бурылып, Петрге қарады. Сонда Петр Ийемиздиң: «Бүгин қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң», – деген сѳзин есине түсирди.
62 Сыртқа шығып кетип, ѳкирип жылады.
63 Ийсаны услап турған адамлар Оны масқаралап ура баслады.
64 Оның кѳзлерин байлап, Оннан: – Ўәлийлик етип айт, Сени ким урды? – деп сорады.
65 Оған және басқа да кѳп жаман сѳзлер айтты.
66 Таң атқаннан кейин, халық ақсақаллары, яғный бас руўханийлер менен диний муғаллимлер бирге жыйналып мәсләҳәтлести де, Ийсаны ѳзлериниң жоқарғы кеңесине апарды.
67 Оннан: – Бизлерге айт, Сен Масихпысаң? – деп сорады. Ийса оларға: – Мен сизлерге айтсам да, исенбейсизлер.
68 Сизлерге сораў берсем де, жуўап бермейсизлер.
69 Бирақ ендигиден былай, Адам Улы қүдиретли Ќудайдың оң жағында отырады, – деди.
70 Сонда ҳәммеси: – Демек, Сен Ќудайдың Улымысаң? – деп сорады. Ийса оларға: – Мениң Сол екенимди ѳзлериңиз айттыңыз, – деп жуўап берди.
71 Сонда олар: – Бизлерге және қандай гүўалық керек? Ѳз аўзынан еситтик-ғо, – дести.