1 Жесир ҳаял ҳәм қазы ҳаққында тымсал. 9 Парисей ҳәм салықшы ҳаққында тымсал. 15 Ийса ҳәм кишкене балалар. 18 Байлық ҳәм мәңгилик өмир. 31 Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында үшинши рет билдириўи. 35 Ийсаның бир соқыр адамға шыпа бериўи.
Лука жазған Хош Хабар 18 bob
1 Ийса шәкиртлерине бәрқулла дуўа етип, үмит үзбеў кереклигин билдириў ушын бир тымсал айтып берди.
2 Ол былай деди: – Бир қалада Ќудайдан да қорқпайтуғын, адамлардан да уялмайтуғын бир қазы болыпты.
3 Сол қалада бир жесир ҳаял да турады екен. Ҳаял оған қайта-қайта келип: «Мениң ҳуқықымды даўласымнан қорғаң», – деп ѳтине береди екен.
4 Бирақ қазы кѳп ўақытқа дейин буны ислегиси келмепти. Соңынан ѳз ѳзине: «Мен Ќудайдан да қорқпайман, адамлардан да уялмайман.
5 Бирақ, мына жесир ҳаял маған тынышлық бермей атырғаны ушын оның ҳуқықын қорғай қояйын. Болмаса, ол қайта-қайта келип, мениң мазамды алар», – депти.
6 Ийемиз Ийса сѳзин даўам етип былай деди: – Єдилсиз қазының сѳзлерине қулақ салыңлар.
7 Ќудай Ѳзине күни-түни жалбарынып атырған, Ѳзи таңлап алған адамлардың ҳуқықын қорғамай ма? Оларды кѳп күттирип қоя ма?
8 Сизлерге айтатуғыным: кѳп кешикпей олардың ҳуқықын қорғайды. Бирақ Адам Улы келгенде, жер жүзинде исеним табар ма екен?
9 Ѳзлериниң ҳақлығына исенип, басқаларды кемситетуғын айырым адамларға Ийса мына тымсалды да айтып берди:
10 – Еки адам дуўа етиў ушын Ибадатханаға кирипти. Олардың биреўи парисей, екиншиси салықшы екен.
11 Парисей турып алып мынадай деп дуўа етипти: «О, Ќудайым! Мен басқа адамлардай тонаўшы, наҳақ, неке ҳадаллығын бузыўшы ямаса, ҳәтте, мына салықшы сыяқлы болмағаным ушын, Саған шүкирлик етемен.
12 Ҳәптесине еки мәрте ораза тутаман. Барлық тапқан табысымның оннан бирин беремен».
13 Ал салықшы алыста турып, кѳзин аспанға кѳтериўге де батылы бармай, қатты ѳкинип: «О, Ќудайым! Мендей гүнакарға реҳим ет!» – депти.
14 Сизлерге айтатуғыным: парисей емес, ал усы адам ақланып үйине қайтыпты. Себеби ѳзин жоқары тутқан ҳәр бир адам пәслетиледи, ал ѳзин пәс тутқан адам жоқары болады.
15 Ќолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға бѳбеклерин алып келди. Шәкиртлери буны кѳрип, оларға кейиди.
16 Бирақ Ийса оларды қасына шақырып алып, шәкиртлерине: – Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер, оларға тосқынлық жасамаңлар. Ѳйткени Ќудай Патшалығы усындайлардики.
17 Сизлерге шынын айтаман: ким де ким Ќудай Патшалығын кишкене бала сыяқлы қабыл етпесе, ол оған кире алмайды, – деди.
18 Бир басшы Ийсадан: – Ийгиликли Устаз! Мәңгилик ѳмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
19 Ийса оған: – Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Ќудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес.
20 Оның буйрықларын билесең-ғо: «Неке ҳадаллығын бузба, адам ѳлтирме, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, ата-анаңды ҳүрметле», – деди.
21 Бирақ ол: – Булардың ҳәммесин мен бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди.
22 Буны еситкен Ийса оған: – Саған және бир нәрсе жетиспейди. Барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бер. Сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.
23 Басшы буны еситип, қатты қапа болды. Себеби ол жүдә бай еди.
24 Ийса оның қапа болғанын кѳрип: – Байлығы барлардың Ќудай Патшалығына кириўи қандай қыйын!
25 Бай адамның Ќудай Патшалығына кириўинен гѳре, түйеге ийнениң кѳзинен ѳтиў аңсатырақ, – деди.
26 Буны еситкенлер: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деп сорады.
27 – Адамлардың қолынан келмеген нәрсе Ќудайдың қолынан келеди, – деди Ийса.
28 Сонда Петр: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик, – деди.
29 Ийса шәкиртлерине: – Сизлерге шынын айтаман: Ќудай Патшалығы ушын я үйин, я ҳаялын, я туўысқанларын, я ата-анасын, я балаларын қалдырып кеткен ҳәр бир адам
30 бул дүньяда неше есе артығы менен алады ҳәм келешекте мәңгилик ѳмирге ийе болады, – деди.
31 Ийса он еки шәкиртин қасына шақырып алып, оларға былай деди: – Минекей, бизлер енди Ерусалимге қарай кѳтерилип баратырмыз. Сол жерде пайғамбарлардың Адам Улы туўралы жазғанларының ҳәммеси орынланады.
32 Ол басқа миллет адамларына услап бериледи. Олар Оның үстинен күледи, масқаралайды, бетине түкиреди
33 ҳәм қамшылап сабап, ѳлтиреди. Ал Ол үшинши күни қайта тириледи.
34 Бирақ шәкиртлери бул сѳзлерден ҳеш нәрсе түсинбеди. Бул сѳзлер оларға жасырын болып, айтылғанлардың мәнисин аңламады.
35 Ийса Ерихо қаласына жақынлағанда, жолдың шетинде тиленшилик етип, бир соқыр адам отыр еди.
36 Ќасынан адамлардың ѳтип баратырғанын еситкен ол: – Не болып атыр? – деп сорады.
37 – Насыралы Ийса ѳтип баратыр, – дести адамлар оған.
38 Сонда ол: – Даўыттың Урпағы Ийса! Маған реҳим ете гѳр! – деп бақырып жиберди.
39 Алдында кетип баратырғанлар үнин шығармаўды айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып: – Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гѳр! – деди.
40 Сонда Ийса тоқтап, соқыр адамды қасына алып келиўди буйырды. Соқыр адам жақынлағанда, Ийса оннан:
41 – Сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады. – Ийем, кѳзлерим кѳретуғын болсын, – деди ол.
42 Ийса оған: – Кѳзлериң кѳретуғын болсын, исенимиң сени қутқарды, – деди.
43 Сол ўақытта-ақ соқыр адамның кѳзлери кѳре баслады ҳәм Ќудайды алғыслап, Ийсаның изине ерди. Буны кѳрген пүткил халық та Ќудайды мақтады.