1 Дем алыс күнинде шыпа бериў. 7 Өзиңди жоқары тутпа! 15 Тойға мирәт етилгенлер ҳаққында тымсал. 25 Ийсаға шәкирт болыўдың шәрти.
Лука жазған Хош Хабар 14 bob
1 Бир дем алыс күни Ийса парисейлердиң бир басшысының үйине аўқатқа келгенде, ҳәмме Оны бақлап отырды.
2 Сонда сарсық кеселден азап шеккен бир адам Ийсаның алдына келди.
3 Ийса диний муғаллимлер менен парисейлерден: – Дем алыс күни аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме ямаса туўры келмей ме? – деп сорады.
4 Олар үндемеди. Сонда Ийса сол адамға қолын тийгизип шыпа берди де, қайтарып жиберди.
5 Соңынан оларға былай деди: – Араңыздағы бириңиздиң баласы ямаса ѳгизи қудыққа түсип кетсе, дем алыс күни болыўына қарамастан, оны дәрриў шығарып алмай ма?
6 Олар Ийсаның бул гәпине жуўап бере алмады.
7 Ќонақлардың ѳзлерине тѳрдеги орынларды таңлап атырғанын кѳрген Ийса оларға мынадай бир тымсал айтты:
8 – Сени биреў неке тойына шақырғанда, тѳрдеги орынға отырма. Шақырылғанлар арасында сеннен де сыйлырақ биреў болыўы мүмкин.
9 Олай етпесең, екеўиңизди де шақырған адам саған келип: «Мына адамға орныңды бер» десе, сен уялып, есик беттеги орынға отырыўға мәжбүр боласаң.
10 Сонлықтан қонаққа шақырылғаныңда, барып есик беттеги орынға отыр. Сонда сени қонаққа шақырған адам жаныңа келип: «Достым, тѳрге шығып отыр», – дейди. Солай етсең, ѳзиң менен отырған ҳәр бир адамның алдында абырайға ийе боласаң.
11 Себеби ким де ким ѳзин жоқары тутса, ол пәслетиледи, ал ким де ким ѳзин пәс тутса, ол жоқары болады.
12 Соңынан Ийса Ѳзин шақырған үй ийесине: – Түски ямаса кешки зыяпат бергениңде досларыңды, туўысқанларыңды, ағайинлериңди, я бай қоңсыларыңды шақырма. Ѳйткени олай етсең, олар да сени қонаққа шақырып, саған қайтарады.
13 Керисинше, зыяпат бергениңде жарлы, майып, ақсақ ҳәм соқырларды шақыр.
14 Солай етсең, сен бахытлы боласаң. Себеби олар саған қайтара алмайды. Бирақ ҳақ адамлар қайта тирилгенде, Ќудай саған қайтарады, – деди.
15 Ийса менен дастурхан әтирапында отырғанлардың бири бул сѳзлерди еситип, Оған: – Ќудай Патшалығында дуз татқан адам бахытлы, – деди.
16 Ийса оған былай деди: – Бир адам үлкен зыяпат берип, кѳп қонақ шақырыпты.
17 Аўқатланатуғын ўақыт болғанда: «Келиңлер, ҳәммеси таяр болды», – деп айтыў ушын, мирәт етилгенлерге ѳз хызметшисин жиберипти.
18 Бирақ ҳәммеси ойласып қойғандай, сылтаў таба баслапты. Бириншиси оған: «Мен жер сатып алдым, соны барып кѳриўим керек, ѳтинемен, мени кешир», – депти.
19 Ал екиншиси: «Мен бес жуп ѳгиз сатып алдым, соларды сынап кѳриўге баратырман. Ѳтинемен, мени кешир», – депти.
20 Үшиншиси де: «Мен тап жаңа үйлендим, сонлықтан келе алмайман», – депти.
21 Хызметши қайтып келип, булардың ҳәммесин хожайынына айтып берипти. Үй ийеси ашыўланып, хызметшисине: «Тез бар да, қаланың үлкен-киши кѳшелерин аралап, жарлы, майып, соқыр ҳәм ақсақ адамларды бул жерге алып кел», – деп буйырыпты.
22 Соңынан хызметши: «Хожайын, буйырғанларыңызды орынладым, бирақ және де бос орын бар», – депти.
23 Хожайын хызметшисине: «Жолларға ҳәм аўыл соқпақларына барып, адамларды бул жерге келиўге кѳндир. Сонда үйим адамларға толы болады.
24 Ѳйткени сизлерге айтатуғыным: мирәт етилгенлердиң ҳеш қайсысы да мениң зыяпатымнан дуз татпайды», – депти.
25 Ийса менен бирге кѳп халық жүрген еди. Ийса оларға бурылып былай деди:
26 – Ким де ким Маған келип, ата-анасын, ҳаялын, балаларын, аға-инисин, апа-қарындасларын, ҳәтте, ѳз ѳмирин де жек кѳрмесе, ол Мениң шәкиртим бола алмайды.
27 Ким де ким ѳз атанақ ағашын арқалап, Мениң изимнен жүрмесе, ол Мениң шәкиртим бола алмайды.
28 Араңыздағы бириңиз минара қурмақшы болса, оны питкериў ушын ғәрежет жете ме деп, алдын ала отырып, есаплап шықпай ма?
29 Олай етпесе, тийкарын салып болып, қурып питкере алмай қалса, буны кѳргенлер оның үстинен күлип:
30 «Мына адам қурыўды баслап, питкере алмады», – дейди.
31 Ќайсы бир патша басқа патшаға қарсы урысқа шығажақ болса, ѳзимниң он мың әскерим менен, киятырған қарсыласымның жигирма мың әскерине қарсы тура аламан ба деп, алдын ала отырып ойланып алмай ма?
32 Күши жетпейтуғын болса, сол патша еле узақта болғанда оған елши жиберип, тынышлық питимин жасаўды сорайды.
33 Солай етип, сизлердиң ҳәр бириңиз ѳзине тийисли ҳәмме заттан ўаз кешпесе, Мениң шәкиртим бола алмайды.
34 Дуз – жақсы нәрсе. Бирақ дуз ѳз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады?
35 Ол жерге де, қый болыўға да жарамағанлықтан, сыртқа ылақтырып тасланады. Ќулағы бар жақсылап еситип алсын!