1 Кимнен қорқыў керек? 13 Ақылсыз бай ҳаққында тымсал. 22 Тәшиўишленбеңлер! 35 Ийсаның қайта келиўине таяр болыў. 49 Масих ушын болатуғын айырылысыўлар.
Лука жазған Хош Хабар 12 bob
1 Соның арасында кѳп мыңлаған адамлар жыйналып, бир-бирине тығылысып турды. Ийса алды менен Ѳз шәкиртлерине сѳз баслап, былай деди: – Парисейлердиң ашытқысынан, яғный еки жүзлиликтен сақ болыңлар!
2 Ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
3 Сонлықтан қараңғыда айтқаныңыз жақтыда еситиледи, бекитиўли қапы артында қулаққа сыбырлап айтқаныңыз тамлардың тѳбесинен жәрияланады.
4 Мениң сизлерге, досларыма айтатуғыным: денени ѳлтирсе де, буннан соң басқа ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынлардан қорқпаңлар!
5 Бирақ кимнен қорқыўыңыз керек екенин айтайын: ѳлтиргеннен кейин, дозаққа таслаўға қүдирети күшли Ќудайдан қорқыңлар. Аўа, сизлерге айтатуғыным: Оннан қорқыңлар.
6 Бес шымшық еки тийинға сатылмай ма? Солай болса да, олардың ҳеш бирин де Ќудай умытпайды.
7 Басларыңыздағы шашлардың бәри де Ќудайға санаўлы. Сонлықтан қорқпаңлар: кѳп шымшықлардан сизлер қымбатлырақсызлар-ғо.
8 Сизлерге айтатуғыным: ким де ким Мени адамлар алдында тән алса, Адам Улы да оны Ќудайдың периштелериниң алдында тән алады.
9 Ал ким де ким Мени адамлар алдында тән алмаса, оның ѳзи де Ќудайдың периштелериниң алдында тән алынбайды.
10 Адам Улына қарсы бир сѳз айтқан ҳәр бир адам кешириледи, бирақ Мухаддес Руўхқа тил тийгизген адам кеширилмейди.
11 Сизлерди мәжилисханаларға, басшыларға ҳәм ҳәкимлерге апарғанда, қалай жуўап бериўди ямаса не айтыўды қайғырмаңлар.
12 Себеби не айтыў керек екенин сизлерге сол ўақытта-ақ Мухаддес Руўх үйретеди.
13 Халық арасынан биреў Ийсаға: – Устаз, әжағама айт, мийрасты мениң менен бѳлиссин, – деди.
14 Ийса оған: – Ким Мени сизлерге қазы ямаса мийрасларды бѳлиўши етип қойды? – деди.
15 Соңынан халыққа: – Абайлаңлар, дүньяхорлықтан сақ болыңлар! Ѳйткени адамның ѳмири оның мал-мүлкиниң кѳплигине байланыслы емес, – деп,
16 оларға мынадай тымсал келтирди: – Бир бай адамның егислик жери мол зүрәәт берипти.
17 Ол ѳз-ѳзине: «Не ислесем екен? Ѳнимлеримди жыйнап қоятуғын жерим жоқ», – деп пикир жүргизипти.
18 Соңынан: – Былай ислеймен: ғәллеханаларымды бузып, оларды үлкейтип саламан ҳәм сол жерге барлық ғәллем менен мал-мүлкимди жыйнап қояман.
19 Соңынан ѳз жаныма былай деймен: «Жаным, кѳп жылға жететуғын мол дүньяң бар. Енди дем ал, ишип-жеп, кеўлиңди хошла», – депти.
20 Бирақ Ќудай оған: – Ҳәй, ақмақ, бүгин түнде сениң жаның алынады. Сонда сениң жыйнап-тергенлериң кимге қалады? – депти.
21 Ѳзи ушын байлық жыйнап, Ќудай алдында сықмар болған адамның аўҳалы усындай болады.
22 Ийса шәкиртлерине былай деди: – Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер!
23 Жан аўқаттан, дене кийимнен артық-ғо.
24 Ѓарғаларға қараңлар: олар екпейди де, ормайды да. Олардың я дән сақлағышлары, я ғәллеханалары жоқ. Бирақ, Ќудай оларды асырайды. Ал сизлер қуслардан қаншелли қымбатлысызлар!
25 Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда ѳз ѳмирин бир саатқа болса да узайта алады?
26 Егер усындай кишкене нәрсе қолыңыздан келмесе, басқа нәрселер ҳаққында тәшиўишлениўдиң неге кереги бар?
27 Лилия гүллериниң қалай ѳсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди. Бирақ сизлерге айтатуғыным: Сулайман да ѳзиниң сән-салтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди.
28 Егер бүгин далада ѳсип турғаны менен, ертең ошаққа тасланатуғын шѳпти Ќудай усылай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар!
29 Сонлықтан да, не ишип, не жейтуғыныңызды излеп, тәшиўишленбеңлер.
30 Себеби усылардың бәрин бул дүньяның бутқа табыныўшылары излеп жүреди. Сизлердиң усыларға мүтәж екениңизди Єкеңиз биледи.
31 Оның орнына, Ќудай Патшалығын излеп жүриңлер, сонда булар сизлерге қосымша етип бериледи.
32 Ҳәй, кишкене пада, қорқпа! Єкеңиз сизлерге Патшалықты бериўди мақул тапты.
33 Мал-мүлкиңизди сатып, қайыр-садақа бериңлер. Ѳзлериңизге тозбайтуғын қалта ислеп, аспанда таўсылмайтуғын ғәзийне жыйнаңлар. Ол жерге уры да жақынламайды, күйе де түсип жемейди.
34 Ѳйткени байлықларыңыз қай жерде болса, кеўиллериңиз де сол жерде болады.
35 – Беллериңиз буўыўлы болып, шыраларыңыз жанып турсын!
36 Хожайыны неке тойдан қайтып келип, есикти қаққанда, оған дәрриў ашыў ушын күтип турған хызметшилердей болыңлар.
37 Хожайыны келгенде олардың сергек болып турғанын кѳрсе, сол хызметшилер қандай бахытлы! Сизлерге шынын айтаман: ол белин буўып, хызметшилерин отырғызып, ѳзи оларға хызмет етеди.
38 Егер хожайыны түн ортасында ямаса таң атқанда келип, хызметшилериниң ояў турғанын кѳрсе, онда сол хызметшилер қандай бахытлы!
39 Мынаны билип қойыңлар: егер үй ийеси урының қашан келетуғынын билсе, ол үйине урының бузып кириўине жол қоймас еди.
40 Сизлер де таяр болып турыўыңыз шәрт! Себеби Адам Улы сизлер ойламағанда келеди.
41 Сонда Петр: – Ийем, Сен бул тымсалды тек бизлерге айтып атырсаң ба ямаса ҳәммеге ме? – деди.
42 Ийемиз былай деди: – Ийеси үй-ишимдегилерге тийисли аўқатын ўақтында берсин деп, олардың үстинен тайынлаған исенимли ҳәм ақыллы үй басқарыўшы ким?
43 Ийеси келгенде оның солай ислеп атырғанын кѳрсе, сол хызметши қандай бахытлы!
44 Сизлерге шынын айтып турман: ийеси оны ѳзиниң пүткил мал-мүлкин басқарыўшы етип тайынлайды.
45 Егер сол хызметши ишинен: «Ийем тез келе қоймас» деп, малайлар ҳәм шорыларды сабап, ишип-жеп, мәс бола басласа,
46 онда сол хызметшиниң ийеси күтпеген күни ҳәм ойламаған ўақытта келип, оны аяўсыз жазалап, исенбейтуғынлардың аўҳалына салады.
47 Ийесиниң еркин билсе де таяр турмаған, оның ерки бойынша ис тутпаған хызметши кѳп таяқ жейди.
48 Ал оның еркин билмеген ҳәм жазаға турарлы ис ислеген хызметши аз таяқ жейди. Кимге кѳп берилген болса, оннан кѳп талап етиледи. Кимге кѳп исенип тапсырылса, оннан кѳбирек соралады.
49 – Мен дүнья жүзине от салыўға келдим. Оның ҳәзир-ақ жалынлап кетиўин қаншелли қәлер едим!
50 Мен жүдә аўыр азап-ҳәсиретти басымнан кешириўим тийис. Бул орынланғанша, қаншелли қыйналаман!
51 Мени жер жүзине татыўлық әкелген, деп ойлап атырсыз ба? Яқ, деймен сизлерге: алаўызлық әкелгенмен.
52 Ѳйткени буннан былай, бир үйде бес адам болса, олар ѳз ара бѳлинеди. Үшеўи екеўине қарсы, екеўи үшеўине қарсы болады.
53 Єкеси баласына, баласы әкесине қарсы, анасы қызына, қызы анасына қарсы, қәйин енеси келинине, келини қәйин енесине қарсы болып бѳлинеди.
54 Соңынан Ийса халыққа да былай деди: – Сизлер батыстан бир булттың кѳтерилгенин кѳргениңизде, дәрриў: «Жаўын жаўады» дейсизлер ҳәм сондай болады да.
55 Ќубла самалы ескенде: «Күн ыссы болады» дейсизлер ҳәм сондай болады да.
56 Ҳәй, еки жүзлилер! Жер ҳәм аспанның түсин анықлай алсаңлар да, неге ҳәзирги ўақыттың райын анықлай алмайсызлар?
57 Нениң дурыс екенин неге ѳзлериңиз шеше алмайсызлар?
58 Сен ѳз даўласың менен бирге басшының алдына баратырғаныңда, жолда оның менен жарасыўға тырыс. Олай етпесең, ол сени қазының алдына апарады, қазы сени хызметкерге тапсырады, ал хызметкер сени қамап таслайды.
59 Саған айтатуғыным: соңғы тийиниңди тѳлеп таўыспағаныңша, ол жерден ҳеш шыға алмайсаң.