1 Ийсаның жетпис еки шәкиртин жибериўи. 13 Тәўбе етпеген қалалар ҳәсирет шегеди! 17 Жетпис еки шәкирттиң қайтып келиўи. 25 Мийримли самариялы ҳаққында тымсал. 38 Мәриям ҳәм Марта.
Лука жазған Хош Хабар 10 bob
1 Буннан кейин, Ийемиз Ийса басқа жетпис еки шәкиртин таңлап алып, Ѳзи барғысы келип жүрген ҳәр бир қала ҳәм орынларға оларды екеў-екеўден Ѳзинен бурын жиберип атырып
2 былай деди: – Орылатуғын егин кѳп, бирақ жумысшылар аз. Сонлықтан зүрәәттиң ийеси болған Ийемизден Ѳзиниң атызына егинди оратуғын жумысшылар жибериўин дуўа етип сораңлар.
3 Барыңлар! Мине, Мен сизлерди қозыларды қасқырлардың арасына жибергендей, жиберип атырман.
4 Шыжлан да, дорба да, аяқ кийим де алмаңлар, жолда ҳеш кимге сәлем де бермеңлер.
5 Ќайсы үйге кирсеңлер де, дәслеп: «Бул үйде аманлық болсын!» – деп сәлем бериңлер.
6 Егер сол үйде аманлықты сүйиўши адам болса, сизлер тилеген аманлық сол адамда қалады, ал егер болмаса, ѳзлериңизге қайтады.
7 Сол үйде қалып, бергенин ишип жеңлер. Ѳйткени мийнет еткен адам ѳз мийнет ҳақысына ылайықлы. Үйден-үйге кѳшип жүрмеңлер.
8 Егер қандай да бир қалаға келгениңизде сизлерди қабыл етсе, бергенин жеңлер.
9 Сол жердеги аўырыў адамларға шыпа берип, оларға: «Сизлерге Ќудай Патшалығы жақынлады», – деңлер.
10 Бирақ қандай да бир қалаға келгениңизде сизлерди қабыл етпесе, кѳшеге шығып:
11 «Ќалаңыздан аяқларымызға жуққан шаңды да сизлерге ескертиў ретинде қағып таслаймыз. Бирақ билип қойыңлар, Ќудай Патшалығы жақынлады», – деп айтыңлар.
12 Сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни Содом қаласының аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жеңилирек болады.
13 – Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан бетин тырнап, шашын жулып қайғырып, тәўбе етер еди.
14 Бирақ ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады.
15 Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға кѳтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң.
16 Ийса шәкиртлерине және былай деди: – Ким де ким сизлерди тыңласа, оның Мени тыңлағаны болады. Ким де ким сизлерди қабыл алмаса, оның Мени қабыл алмағаны болады. Ал ким де ким Мени қабыл алса, оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады.
17 Ийсаның жетпис еки шәкирти қуўаныш пенен қайтып келип: – Ийем! Сениң атыңды тилге алсақ, жинлер де бизлерге бойсынады, – деди.
18 Ийса оларға: – Шайтанның жылдырым сыяқлы аспаннан түскенин кѳрдим.
19 Минекей, Мен сизлерге жыланлар менен шаянларды аяқ асты қылып, душпанның пүткил күш-қүдиретин жеңиўге бийлик бердим. Сизлерге ҳеш нәрсе зыянын тийгизе алмайды.
20 Бирақ жаўыз руўхлардың сизлерге бойсынғанына емес, ал атларыңыздың аспанда жазылғанына қуўаныңлар, – деди.
21 Сонда Ийса Мухаддес Руўхтан шадланып былай деди: – О, Єке, аспан ҳәм жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳәм ақыллылардан жасырып, нәрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын, Сени мақтайман! Аўа, Єке! Себеби Сениң қәлеўиң усындай еди.
22 Маған ҳәммеси Єкемнен берилген. Улдың ким екенин Єкеден басқа ҳеш ким билмейди. Єкениң ким екенин де тек ғана Улы ҳәм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи.
23 Соңынан Ийса бурылып, шәкиртлерине аўлақта былай деди: – Сизлердиң кѳрип атырғаныңызды кѳрип турған кѳзлер бахытлы!
24 Мениң сизлерге айтатуғыным: қаншама пайғамбарлар менен патшалар сизлердиң кѳргенлериңизди кѳргиси келген еди, бирақ кѳрмеди. Еситкенлериңизди еситкиси келген еди, бирақ еситпеди.
25 Сонда бир нызам муғаллими орнынан турып, Ийсаны сынап кѳриў ушын, Оннан: – Устаз, мәңгилик ѳмирди алыўым ушын не қылыўым керек? – деп сорады.
26 Ийса оған: – Мухаддес Нызамда не деп жазылған? Сен оны қалай түсинесең? – деди.
27 Ол жуўап берип: – «Ийең болған Ќудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил күшиң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй». Және де: «Ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жақыныңды да сүй», – делинген, – деди.
28 Ийса оған: – Дурыс жуўап бердиң, усылай исле, сонда жасайсаң, – деди.
29 Бирақ ол ѳзин ақлағысы келип, Ийсадан: – Мениң жақыным ким? – деп сорады.
30 Ийса оған былай деп жуўап қайтарды: – Бир адам Ерусалимнен Ерихоға киятырып, қарақшылардың қолына түсип қалыпты. Ќарақшылар оның кийимлерин шешип алып, оны сабап, ѳлимши етип таслап кетипти.
31 Сонда бир руўханий сол жол менен жүрип, оны кѳрип, басқа жаққа бурылып кетипти.
32 Бир лебийли де сол жерге келип, оны кѳрип, басқа жаққа бурылып кетипти.
33 Бирақ сол жерден ѳтип баратырған самариялы бир адам ол жатырған жерге келип, оны кѳргенде жаны ашыпты ҳәм
34 жанына барып, жарақатларын май ҳәм шарап пенен жуўып таңыпты. Оны ешегине мингизип, мийманханаға алып келип, оған ғамхорлық кѳрсетипти.
35 Ертеңине еки динар шығарып, мийманхана ийесине берипти де: «Оған жақсылап қара. Егер буннан артық ғәрежет шығарсаң, қайтып келгенимнен соң тѳлеймен», – депти.
36 Енди усы үшеўиниң ишинде қайсысы қарақшылардың қолына түскен адамның жақыны болады, деп ойлайсаң?
37 Нызам муғаллими: – Оған мийримлилик кѳрсеткени, – деди. Ийса оған: – Бар, сен де усылай исле, – деди.
38 Олар жол жүрип киятырғанда, Ийса бир аўылға кирди. Бул жерде Марта атлы бир ҳаял Оны үйине қабыл етти.
39 Мартаның Мәриям деген сиңлиси бар еди. Ол Ийсаның аяқ бетинде отырып, Оның сѳзлерин тыңлады.
40 Ал Марта қонақ күтиў менен бәнт болды. Ол Ийсаға келип: – Ийем, сиңлимниң ҳәмме исти мениң бир ѳзиме қалдырғанына қарамайсаң ба? Оған айт, маған жәрдемлессин, – деди.
41 Бирақ Ийса оған жуўап берип: – Марта, Марта, сен кѳп нәрселерди уўайымлап, тәшиўишленесең.
42 Тек бир нәрсе ғана зәрүр-ғо. Мәриям дурыс жолды таңлады, бул оннан тартып алынбайды, – деди.