1 Исениўшилер арасындағы қатнасықлар ҳаққында. 14 Павелдиң елшилик хызмети. 22 Павелдиң Римге барыўға қарар етиўи.
Римлилерге жазылған хат 15 bob
1 Исеними күшли болған бизлер тек ѳзимиздиң мєпимизди ойламай, исеними ҳєлсиз болғанлардың ҳєлсизликлерин кѳтерисиўге парызлымыз.
2 Ҳєр биримиз жанымыздағы адамға руўхый күш бериў ушын, ол ушын жақсы болған нєрсени гѳзлеп, оның мєпин ойлайық.
3 Ѳйткени Масих та Ѳзиниң мєпин ойламады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Саған тил тийгизгенлердиң жаман сѳзлери Маған тийди».
4 Бурын Мухаддес Жазыўларда айтылғанлардың ҳєммеси де бизлерге тєлим бериў ушын жазылған. Солай етип, бизлер олар арқалы сабырлылық ҳєм жубаныш таўып, үмит пенен жасай аламыз.
5 Сабырлылық ҳәм жубаныштың тийкары болған Қудайдың Өзи сизлердиң Масих Ийсадан өрнек алып, аўызбиришилик пенен жасаўыңызға жәрдем етсин.
6 Солай етип, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың Єкеси болған Кудайды биргеликте ҳєм бир аўыздан алғыслайсызлар.
7 Сонлықтан Кудайдың алғысланыўы ушын Масих сизлерди қабыл еткениндей, сизлер де бир-бириңизди қабыл етиңлер.
8 Себеби мениң айтатуғыным мынаў: Кудайдың яҳудийлердиң ата-бабаларына берген ўєдесин ємелге асырып, Оның садық екенин кѳрсетиў ушын, Масих яҳудийлердиң хызметшиси болды.
9 Масих буны Мухаддес Жазыўда: «Сени басқа миллетлер арасында алғыслайман ҳєм Сениң атыңды жырлайман», – деп айтылғандай, басқа миллетлердиң де Кудайдың мийрим-шєпєєтине ерисип, Кудайды алғыслаўы ушын иследи.
10 Мухаддес Жазыўда жєне де: «Ҳєй, басқа миллетлер, Кудайдың халқы менен бирге шадланыңлар!» – делинген.
11 Тағы да былай делинген: «Ҳєй, барлық басқа миллетлер, Кудай Ийемизди алғыслаңлар! Ҳємме халықлар Оны мақтаңлар!»
12 Ийшая пайғамбар да былай дейди: «Ишайдың урпағынан бири келип, Басқа миллетлерди басқарады. Олар Оннан үмит етип жасайды».
13 Үмиттиң тийкары болған Кудай Мухаддес Руўхтың күши менен үмитке толып тасыўыңыз ушын, кеўиллериңизди исенимиңиз арқалы қуўаныш ҳєм тынышлыққа толтырсын.
14 Туўысқанларым, ал енди сизлерге келсек, сизлердиң жақсылыққа толы ҳєм ҳєр түрли билимге бай екениңизге, єсиресе бир-бириңизге ақыл-нєсият бере алатуғыныңызға мен толық исенемен.
15 Бирақ, Кудайдың маған берген мийрими менен сизлерге еслетип қойыў ушын, бул хаттың айырым жерлерин батыллық пенен жаздым.
16 Мен Кудайдың усы мийрими менен, басқа миллетлер ушын Масих Ийсаның хызметшиси болдым. Басқа миллетлер Мухаддес Руўх пенен мухаддес қылынып, Кудайға унайтуғын сый болыўы ушын, мен Кудайдың Хош Хабарын бир руўханий сыпатында жєриялап атырман.
17 Сонлықтан мен Масих Ийсаға тийисли болып, Кудайға деген хызметим менен мақтана аламан.
18 Масих мениң менен бирге болып, басқа миллетлердиң Кудайға бойсыныўы ушын, сѳзлерим ҳєм ис-ҳєрекетлерим арқалы ислегенлеринен басқа ҳеш нєрсе ҳаққында айтыўға батылым жетпейди:
19 бул ислер кєраматлы белгилердиң ҳєм таң қаларлық нєрселердиң күши менен, жєне де Мухаддес Руўхтың қүдирети менен исленди. Солай етип, мен Ерусалимнен баслап Иллирик үлкесине дейин аралап, Масихтың Хош Хабарын ҳємме жерге жєрияладым.
20 Басқа бир адамның салған тырнақ тасының үстине имарат қурмайын деп, мен Хош Хабарды Масихтың атын еле еситпеген жерлерде жєриялаўға тырыстым.
21 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оннан хабарсыз болғанлар кѳреди, Еситпегенлер түсинеди».
22 Мине, усы себеп жаныңызға барыўыма маған кѳп мєртебе иркиниш жасады.
23 Енди болса, бул жерлерде мен ислейтуғын ҳеш нєрсе қалмады. Жєне де, мен қанша жыллардан бери сизлерге барыўды арзыў еткеним себепли,
24 Испанияға қарай жолға шықсам, сизлерге бармақшыман. Ѳтип баратырғанымда алды менен сизлерди кѳрип, бираз дийдарыңызға тойғанымнан соң, маған жєрдем етип, сол жаққа шығарып саласыз, деген үмиттемен.
25 Ал ҳєзир болса, мен Ерусалимге барып, сол жердеги исениўшилерге жєрдем бермекшимен.
26 Ѳйткени Македония менен Ахаядағы исениўшилер Ерусалимдеги исениўшилер арасындағы мүтєжликте жасайтуғынлар ушын ақшалай жєрдем етиўди мақул кѳрди.
27 Аўа, мақул кѳрди. Олар ҳақыйқаттан да, Ерусалимдеги исениўшилер алдында қарыздар. Себеби ѳзлери Хош Хабар арқалы алған руўхый жарылқаўларды яҳудий исениўшилери басқа миллетлер менен бѳлискенликтен, басқа миллет исениўшилери де оларға ақшалай жєрдем берип, хызмет етиўге парызлы.
28 Солай етип, жыйналған ғєрежетти оларға жеткизип, усы исти орынлағанымнан соң, жол-жѳнекей сизлер менен дийдар кѳрисип, Испанияға кетемен.
29 Жаныңызға барғанымда, сизлерге Масихтың толық жарылқаўын апаратуғынымды билемен.
30 Туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳєм Мухаддес Руўхтың сүйиспеншилиги менен сизлерге жалбарынаман: мениң менен бирге Кудайға дуўа етип, мен ушын бар жигериңиз бенен сораңлар.
31 Яҳудиядағы исенбейтуғын адамлардан қутылыўым ушын ҳєм Ерусалимдеги хызметимди сол жердеги исениўшилер қуўаныш пенен қабыл алыўы ушын дуўа етиңлер.
32 Жєне де, Кудай қєлесе, мен сизлердиң жаныңызға қуўаныш пенен барып, сизлер менен бирге кеўлимди хошлаўым ушын да сораңлар.
33 Тынышлық бериўши Кудайдың Ѳзи ҳєммеңизге яр болсын! Аўмийин.