Римлилерге жазылған хат 7 bob

1 Нызамнан азат болыў. 7 Гүна менен гүрес. 

1 Ҳєй, Мухаддес Нызамды билиўши туўысқанларым, мен сизлерге қарата айтып атырман: Мухаддес Нызамның адам үстинен тек тири ўақтында ғана бийлик жүргизетуғынын билмейсизлер ме?
2 Мысалы: күйеўи бар ҳаял күйеўиниң кѳзиниң тирисинде оған нызам бойынша байланған болады. Бирақ, күйеўи қайтыс болса, ҳаял неке нызамынан азат болады.
3 Солай етип, ҳаял күйеўиниң кѳзиниң тирисинде басқа бир еркек пенен жасаса, неке ҳадаллығын бузған болып есапланады. Бирақ, күйеўи ѳлсе, ҳаял нызам бойынша азат болады. Ол басқа бир еркекке турмысқа шықса да, неке ҳадаллығын бузған болмайды.
4 Сол сыяқлы, туўысқанларым, сизлер де Басқаға, яғный ѳлимнен қайта тирилген Масихқа тийисли болыўыңыз ушын, Масихтың денесиниң атанақ ағашта ѳлгени арқалы Мухаддес Нызам алдында ѳлгенсиз. Бул ҳєммемиздиң Кудайға хызмет етип, жемис бериўимиз ушын болды.
5 Ѳйткени бурын бизлер гүнакар тєбиятымызға бойсынып жасағанымызда, Мухаддес Нызам себепли пайда болған гүнакар қєлеўлер денемиздиң мүшелеринде ҳєрекет ететуғын еди. Соның нєтийжесинде, бизлер ѳлимге жетелеўши жемислер беретуғын едик.
6 Енди болса, бизлер бурын ѳзлеримизди байлап қойған Мухаддес Нызам ушын ѳлип, Мухаддес Нызамнан азат болдық. Солай етип, жазылған Мухаддес Нызам бойынша басқарылатуғын ески жол менен емес, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын жаңа жол менен Кудайға хызмет етпектемиз.
7 Олай болса, не дейик? Мухаддес Нызам жаман болғаны ма? Ҳеш қашан! Бирақ, егер Мухаддес Нызам болмағанда, мен гүнаның не екенин билмеген болар едим. Егер Мухаддес Нызам: «Басқа биреўдиң нєрсесин күсеме», – демегенде, мен күсеўдиң гүна екенин билмеген болар едим.
8 Деген менен, гүна усы буйрықтан пайдаланып, менде ҳєр түрли күсеўлерди пайда етти. Себеби Мухаддес Нызам болмаса, гүна ѳли болады.
9 Мен бир ўақытлары Мухаддес Нызамды билмей жасағанымда тири едим. Бирақ, Кудайдың буйрықларын билгенимнен соң, менде гүна тирилип, ҳєрекет ете баслады,
10 ал мен ѳлдим. Солай етип, ѳмирге ийе болыў ушын берилген бул буйрықлар мениң ѳлимиме себепши болды.
11 Ѳйткени гүна буйрықтан пайдаланып, мени алдады ҳєм усы буйрық арқалы мени ѳлтирди.
12 Солай болса да, Мухаддес Нызам – мухаддес, Кудайдың буйрықлары да мухаддес, ҳақ ҳєм жақсы.
13 Солай екен, жақсы нєрсе маған ѳлим алып келди ме? Ҳеш қашан! Гүна маған жақсы нєрсе арқалы ѳлим алып келди. Бул гүнаның гүна болып ашық билиниўи ушын болды. Солай етип, буйрық арқалы гүнаның қаншелли жаман екени белгили болады.
14 Бизлер Мухаддес Нызамның Кудайдан келгенин билемиз. Ал мен гүнаға қул болып сатылған, ѳткинши денеге ийе адамман.
15 Мен не ислеп атырғанымды ѳзим түсинбеймен. Себеби мен қєлеген нєрсемди емес, ал жек кѳретуғын нєрсемди ислеймен.
16 Егер мен қєлемеген нєрсемди ислеп атырғанымда исимниң жаман екенин мойынласам, онда Мухаддес Нызамның жақсы екенин мақуллаған боламан.
17 Олай болса, бул исти мениң ѳзим емес, ал ишимде жасайтуғын гүна ислеп атырған болады.
18 Мениң ишимде, яғный гүнакар тєбиятымда ҳеш бир жақсы нєрсениң жоқ екенин билемен. Ишимде жақсылық ислеўге қєлеў болса да, күшим жетпейди.
19 Ѳйткени ѳзим ислеўди қєлейтуғын жақсы исти емес, ал керисинше, ислеўди қєлемейтуғын жаман исти ислеймен.
20 Егер мен ѳзим қєлемейтуғын нєрсени ислесем, онда оны мениң ѳзим емес, ал ишимде жасайтуғын гүна ислеген болады.
21 Солай етип, мен ѳзимде мынадай нызамның бар екенин билдим: мен жақсы нєрсени ислеўди қєлегенимде, ишимдеги жаманлық ҳєрекет етиўге таяр турады.
22 Мен руўхым менен Кудайдың Нызамын қуўанышлы түрде мақуллайман.
23 Бирақ, денемниң мүшелеринде басқа бир нызамды байқайман. Ол мениң сана-сезимимниң нызамына қарсы урысып, мени денемниң мүшелериндеги гүна нызамына тутқын етеди.
24 Ўаҳ, сорлы басым! Ѳлимге жетелеўши бул денеден мени ким қутқарады?
25 Ийемиз Ийса Масих арқалы тек жалғыз Кудай ғана қутқарады! Кудайға шүкирлер болсын! Солай етип, мен ѳз сана-сезимим менен Кудайдың Нызамына, ал гүнакар тєбиятым менен гүнаның нызамына хызмет етип атырман.