Римлилерге жазылған хат 11 bob

1 Қудай Израил халқынан жүз бурған жоқ. 11 Басқа миллетлердиң қутқарылыўы. 25 Пүткил Израил қутқарылады. 

1 Олай болса, мен мына нєрсени сорап атырман: Кудай Ѳз халқынан жүз бурды ма? Ҳеш қашан! Мен де Ибрайымның урпағынан, Бенамин урыўынан шыққан израиллыман.
2 Кудай Ѳзи бурыннан таңлаған халқынан жүз бурмады. Мухаддес Жазыўдың Илияс пайғамбар туўралы жазылған жеринде не айтылғанын билмейсизлер ме? Илияс Израил үстинен Кудайға шағым жасап былай деген еди:
3 «Ийем! Олар Сениң пайғамбарларыңды ѳлтирди, Саған қурбанлық шалынатуғын жерлерди қыйратты. Тек жалғыз мен ғана қалдым. Олар мени де ѳлтириўге ҳєрекет етпекте».
4 Оған Кудай не деп жуўап берген еди? «Баалдың алдында дизе бүкпеген жети мың адамды Мен Ѳзим ушын ажыратып алдым».
5 Сол сыяқлы, ҳєзирги ўақытта да израиллылар арасында Кудайдың мийрими менен таңланған аз ғана адамлар бар.
6 Олар саўап ислери себепли емес, ал Кудайдың мийрими менен таңлап алынды. Егер олар саўап ислери себепли таңлап алынғанда, мийрим мийрим болмас еди.
7 Солай етип, не жүз берди? Израил халқының кѳпшилик бѳлеги излеген нєрсесин таба алмады. Тек олардың арасынан таңлап алынғанлар ғана тапты. Ал қалғанларының жүреклери тас етилди.
8 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Кудай оларға Ѳзиниң сѳзин түсинбеўи ушын бийпєрўалық руўхын берди. Сонлықтан олар усы күнге дейин, Кѳзлери болса да, кѳрмейди, Кулақлары болса да, еситпейди».
9 Даўыт былай дейди: «Олар дастурхан басында отырғанда дузаққа түсип, Кақпанға алынсын ҳєм қулап, жазалансын.
10 Кѳзлерин қараңғылық басып, кѳрмей қалсын. Беллери аўырманлықтан мєңгиге бүгилип қалсын!»
11 Олай болса, мен мынаны сорап атырман: израиллылар толық набыт болыў ушын сүрникти ме? Ҳеш қашан! Бирақ, израиллылардың гүналары себепли, Кудай басқа миллетлерге қутқарылыў берди ҳєм бул арқалы оларда қызғаныш оятты.
12 Егер израиллылардың гүна ислеп қулап қалғаны дүньядағы басқа миллетлерге байлық алып келип, оларды байытса, онда пүткил израиллылардың қутқарылыўы дүньядағы басқа миллетлерге қаншелли кѳп байлық алып келеди!
13 Басқа миллетлерден болған сизлерге айтып атырман: басқа миллетлер ушын елши болып тайынланған мен ѳз хызметимди мєртебели деп есаплайман.
14 Усы хызметим арқалы миллетим бир болған туўысқанларымда қызғаныш оянса ҳєм олардың айырымлары болса да қутқарылса екен.
15 Ѳйткени олардың Кудай тєрепинен қабыл етилмегени дүньядағы басқа миллетлердиң Кудай менен жарасыўына себепши болған болса, онда олардың Кудай тєрепинен қабыл етилиўи дүньядағы басқа миллетлердиң қутқарылып, ѳлимнен ѳмирге ѳтиўине себепши болмай ма?
16 Егер қамырдың биринши бѳлеги Кудайға бағышланып, мухаддес болса, онда пүткил қамыр да мухаддес болады. Егер теректиң тамыры мухаддес болса, онда шақалары да мухаддес.
17 Бирақ, егер зєйтүн ағашының айырым шақалары, яғный яҳудийлердиң айырымлары кесилип тасланып, жабайы зєйтүн ағашының шақасы болған сен, яғный басқа миллет адамы олардың орнына жалғанып, ағаштың ширели тамырынан нєр алсаң,
18 кесилген шақалар алдында мақтанып кетпе! Егер мақтанып кетсең, умытпа, сен тамырға емес, ал тамыр саған нєр берип турыпты.
19 Сен: «Мениң жалғаныўым ушын шақалар кесилип тасланды», – деўиң мүмкин.
20 Дурыс. Олар исенбегенликтен кесилип тасланды. Ал сен исенимиң себепли жалғанып турыпсаң. Сен мақтанба, ал қорқ!
21 Себеби Кудай тєбийғый шақаларды аямаған болса, онда сени де аямайды.
22 Солай етип, сен Кудайдың мийрим-шєпєєтин ҳєм қаталлығын кѳрип қой: Кудай исенимнен қайтқанларға қатал. Бирақ сен Оның мийрим-шєпєєтине садық қалсаң, Ол да саған мийрим-шєпєєтли. Олай болмаса, сен де кесилип тасланасаң!
23 Деген менен, егер яҳудийлер де исенбеўшилигин қойса, ағашқа жєне қайта жалғанады. Ѳйткени Кудай оларды қайтадан жалғап қойыўға қүдиретли.
24 Жабайы зєйтүн ағашынан кесилип алынған шақа болған сен тєбиятқа қарсы түрде жақсы зєйтүн ағашына жалғандың. Солай екен, тєбийғый шақалардың ѳз ағашына қайтадан жалғаныўы буннан да аңсатырақ!
25 Туўысқанларым, билгишсинип кетпеўиңиз ушын, сизлердиң мына сырдан хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймен: басқа миллетлерден қутқарылатуғынлардың саны толмағанша, Израил халқының бир бѳлегиниң жүреги тас болып қала береди.
26 Бирақ ақырында пүткил Израил қутқарылады. Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Кудай Ийемиз былай дейди: „Кутқарыўшы Ерусалимнен келеди, Ол Яқыптың урпағы болған израиллыларды қудайсызлықтан қутқарады.
27 Олардың гүналарын кеширгенимде, Мениң олар менен дүзген келисимим усы болады“».
28 Хош Хабарды қабыл етпегени себепли, яҳудийлер Кудайға душпан болды. Бул сизлердиң пайдаңыз ушын хызмет етпекте. Деген менен, Кудай олардың ата-бабаларын таңлап алғанлықтан, оларды сүйеди.
29 Себеби Кудай Ѳзиниң сыйларын қайтарып алып, шақырығын бийкарламайды.
30 Сизлер бир ўақытлары Кудайға бойсынбайтуғын едиңлер, бирақ енди яҳудийлер бойсынбағаны себепли, сизлер Кудайдың мийрим-шєпєєтине еристиңлер.
31 Сол сыяқлы, яҳудийлер ҳєзир бойсынбай атырған болса да, сизлердиң Кудайдың мийрим-шєпєєтине ерискениңиз себепли, олар да Кудайдың мийрим-шєпєєтине ериседи.
32 Ѳйткени Кудай ҳємме адамларды олардың бойсынбайтуғын тєбиятына тутқын қылып, оларға Ѳз мийрим-шєпєєтин кѳрсетти.
33 О, Кудайдың байлығы, даналығы ҳєм билими қандай терең! Оның шешимлерине ҳеш кимниң ақылы жетпейди, жолларын да ҳеш ким изертлеп шыға алмайды!
34 «Ийемиздиң ой-пикирлерин ким биле алады? Ким Оған мєслєҳєтши болған?»
35 «Кудайдан қайтарып алыў ушын, Ким Оған алдын ала бир нєрсе берген?»
36 Себеби Кудай пүткил барлықты жаратқан. Ҳєммеси Ол арқалы ҳєм Ол ушын бар болған. Оған мєңгиге даңқ болсын! Аўмийин.