Римлилерге жазылған хат 14 bob

1 Ҳәлсиз ҳәм күшли исеним. 13 Туўысқаныңызды азғырыўға салмаңлар. 

1 Исеними ҳєлсиз адамды оның пикирлери ҳаққында тартыспай қабыл етиңлер.
2 Мысалы: биреў ҳємме нєрсени жеўге болады деп исенеди. Ал исеними ҳєлсиз болған тек палыз ѳнимлерин ғана жейди.
3 Ҳємме нєрсени жейтуғын адам жемейтуғын адамды пєс кѳрмесин. Айырым нєрселерди жемейтуғын адам жейтуғын адамды ҳүким етпесин. Ѳйткени Кудай екеўин де қабыл еткен.
4 Басқаның хызметшисин ҳүким ететуғындай, сен кимсең? Хызметши ѳз хожайынының алдында турады ямаса жығылады. Ол аяққа турғызылады. Себеби оны аяққа турғызыўға Ийемиздиң қүдирети жетеди.
5 Жєне де, биреў бир күнди басқа күннен єҳмийетлирек деп санайды, ал басқа биреў ушын ҳємме күн бирдей. Ҳєр бир адам ѳз кѳз қарасында толық исенимге ийе болсын.
6 Күнлерди айрықша қылып белгилейтуғын оларды Ийемиз ушын белгилейди. Ал ҳємме нєрсени жейтуғын адам Кудайға шүкирлик етип, оларды Ийемиз ушын жейди. Айырым нєрселерди жемейтуғын адам да Ийемиз ушын жемейди ҳєм Кудайға шүкирлик етеди.
7 Ѳйткени ҳеш биримиз тек ѳзимиз ушын жасамаймыз ҳєм ҳеш биримиз де тек ѳзимиз ушын ѳлмеймиз.
8 Жасасақ, Ийемиз ушын жасаймыз. Ѳлсек те, Ийемиз ушын ѳлемиз. Солай етип, жасасақ та, ѳлсек те Ийемизге тийислимиз.
9 Усы мақсетте Масих ѳлип, ѳлимнен қайта тирилди. Сонлықтан Ол ѳлилердиң де, тирилердиң де Ийеси болды.
10 Олай болса, сен неге туўысқаныңды ҳүким етесең? Неге туўысқаныңды пєс кѳресең? Ҳєммемиз де Кудайдың ҳүким гүрсиси алдында жуўап беремиз-ғо.
11 Мухаддес Жазыўда Ийемиз былай дейди: «Тирилигим ҳақы ант ишемен: Ҳєр бир адам Мениң алдымда дизе бүгеди. Ҳєр бир адам Мениң Кудай екенимди ашық тєн алады».
12 Солай етип, ҳєр бир адам ѳзи ушын ѳзи Кудай алдында жуўап береди.
13 Сонлықтан буннан былай, бир-биримизди ҳүким етпейик. Керисинше, туўысқаныңызды азғырыўға салмаўға ҳєм оның исенимине зыян келтирмеўге тырысыңлар.
14 Ийемиз Ийсаға тийисли бир адам сыпатында мынаны билемен ҳєм анық исенемен: ҳеш бир нєрсе ѳзлигинен ҳарам емес. Бирақ, бир нєрсени ҳарам деп есаплаған адам ушын сол нєрсе ҳарам болады.
15 Егер туўысқаның сен жейтуғын нєрсе себепли қапа болса, онда сен сүйиспеншилик пенен ис тутып атырған жоқсаң. Жейтуғын нєрсең менен оның исенимин набыт қылма! Себеби Масих бул адам ушын да ѳлген-ғо.
16 Сизлер жақсы деп есаплаған нєрсеге сѳз келмесин.
17 Ѳйткени Кудайдың Патшалығы жейтуғын ҳєм ишетуғын нєрселерден ибарат емес, ал ҳақлық, тынышлық ҳєм Мухаддес Руўх беретуғын қуўаныштан ибарат.
18 Масихқа усы жол менен хызмет ететуғын адам Кудайға унайды ҳєм ол адамлардың мақтаўына ылайық.
19 Солай етип, ѳзлеримизди тынышлық алып келетуғын ҳєм ѳз ара руўхый күш беретуғын ислерге бағышлайық.
20 Жейтуғын нєрсе себепли, Кудайдың ислерин бузба! Жейтуғын ҳємме нєрсе ҳадал. Бирақ, жейтуғын нєрсеси арқалы басқа адамды азғырыўға салған жаман ис қылған болады.
21 Гѳш жеўиң, арақ-шарап ишиўиң ямаса басқа бир нєрсе ислеўиң туўысқаныңды азғырыўға салатуғын болса, онда бундай ислерди ислемегениң дурыс.
22 Булар бойынша исенимиңди ѳзиң менен Кудайдың арасында сақла. Ѳзи дурыс деп есаплайтуғын исти ислегени ушын, ѳзин айыпламайтуғын адам қандай бахытлы!
23 Бирақ, екиленип жейтуғын адам ҳүким етиледи. Себеби ол буны исеним менен ислемеген болады. Ал исеним менен исленбеген ҳєр бир ис – гүна.