1 Ибрайымның исеними ҳәм Қудайдың ўәдеси.
Римлилерге жазылған хат 4 bob
1 Ал енди бизлердиң, яғный яҳудийлердиң түп бабасы Ибрайым ҳаққында не деймиз? Ол неге еристи?
2 Егер ол ислеген саўап ислери себепли ақланған болса, мақтаныўға ҳақысы болар еди. Бирақ, Кудайдың алдында мақтана алмайды.
3 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ибрайым Кудайға исенди ҳєм сол себептен Кудай оны ақланған деп санады».
4 Мийнет еткенге тѳленген ҳақы сый емес, ал ис ҳақы болып есапланады.
5 Бирақ ким де ким ѳзиниң саўап ислерине емес, ал қудайсыз адамды да ақлайтуғын Кудайға исенсе, ол исеними себепли ақланған болып есапланады.
6 Минекей, саўап ислерине қарамай, Кудай тєрепинен ақланған деп есапланған адамның бахытлы екени ҳаққында Даўыт та былай деген:
7 «Наҳақ ислери кеширилип, гүналары жуўылған адамлар қандай бахытлы!
8 Кудай гүнасын есапқа алмайтуғын адам қандай бахытлы!»
9 Бул бахыт тек сүннетлилер ушын берилген бе? Я болмаса, сүннетсизлер ушын да ма? Бизлер: «Ибрайым ѳз исеними себепли ақланған деп саналды», – деген едик.
10 Ол қашан ақланған деп саналды? Сүннетленгеннен кейин бе ямаса сүннетленбестен бурын ба? Сүннетленгеннен кейин емес, ал сүннетленбестен бурын.
11 Сүннетленбесинен бурын исеними менен ақланғанының белгиси ретинде Ибрайым сүннетлеў рєсимин қабыл етти. Солай етип, ол сүннетсиз болған басқа миллет адамларының да ақланған болып есапланыўы ушын, исенетуғын усындай адамлардың ҳєммесиниң руўхый бабасы болды.
12 Бабамыз Ибрайым сүннетли яҳудийлердиң де руўхый бабасы. Бул олардың тек сүннетленгени себепли емес, ал Ибрайымда сүннетленбесинен алдын болған исеним менен жасағаны себепли болды.
13 Себеби Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеними арқалы ақланыўы ушын, Кудай Ибрайымға ҳєм оның урпақларына дүньяның мийрасхорлары болатуғынын ўєде етти.
14 Егер адамлар Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы мийрасхор болатуғын болса, онда исеним бийкар ҳєм ўєде де бос болар еди.
15 Ѳйткени Мухаддес Нызам Кудайдың ғєзебин келтиреди. Бирақ Мухаддес Нызам болмаған жерде нызамды бузыў да жоқ.
16 Усылай етип, Кудайдың ўєдеси тек исеним себепли бериледи. Ол тек Мухаддес Нызамға ийе болған яҳудий исениўшилерине ғана емес, ал Ибрайымның исенимине ийе болған басқа миллет исениўшилерине де,
17 яғный Ибрайымның пүткил урпағына Кудайдың мийрими бойынша бериледи. Мухаддес Жазыўда Кудайдың Ибрайымға: «Сени кѳп миллетлердиң бабасы қыламан», – деп айтқанындай, Ибрайым ѳзи исенетуғын Кудайдың, яғный ѳлилерди тирилтетуғын ҳєм жоқтан бар пайда қылатуғын Кудайдың алдында ҳєммемиздиң бабамыз.
18 Ҳеш үмити қалмаған ўақытта да Ибрайым үмитин үзбей, Кудайға исенди. Сонлықтан «Сениң урпағың есап-сансыз болады», – деп Кудайдың оған айтқанындай, ол кѳп миллетлердиң бабасы болды.
19 Жасы жүзге шамаласып, денесинде күш қалмағанын ҳєм ҳаялы Сараның да қурсағына бала питпейтуғынын ол билсе де, исенимин азайтпады.
20 Исенимсизлик етип, Кудайдың ўєдеси туўралы екиленбеди. Керисинше, исеними күшейип, Кудайды алғыслады.
21 Кудайдың Ѳз ўєдесин орынлайтуғын күшке ийе екенине ол толық исенди.
22 Єне, усы исеними себепли, Ибрайым ақланған деп саналды.
23 «Ақланған деп саналды», – деген сѳзлер тек Ибрайымға емес,
24 ал бизлерге де тийисли етип жазылған. Бизлер де Ийемиз Ийсаны ѳлимнен тирилткен Кудайға деген исенимимиз бенен ақланған болып есапланамыз.
25 Ийемиз Ийса гүналарымыз ушын ѳлимге тапсырылып, Кудайдың алдында бизлердиң ақланыўымыз ушын қайта тирилди.