Римлилерге жазылған хат 8 bob

1 Өмир бериўши Мухаддес Руўх. 18 Келешектеги уллылық. 31 Масих арқалы берилген Қудайдың сүйиспеншилиги. 

1 Солай етип, Масих Ийсаға тийисли болғанларға қарсы енди ҳеш қандай ҳүким жоқ.
2 Себеби Масих Ийса арқалы ѳмир беретуғын Мухаддес Руўхтың нызамы мени гүнаның ҳєм ѳлимниң нызамынан азат қылды.
3 Адамның гүнакар тєбияты күшсиз болғанлықтан, адам Мухаддес Нызамды толық орынлай алмады. Сонлықтан Мухаддес Нызам адамды қутқара алмады, бирақ оны Кудайдың Ѳзи қутқарды: Кудай Ѳз Улын адам денесинде бул дүньяға жиберип, Оны гүналар ушын тѳленетуғын қурбанлық қылып бағышлады ҳєм бизлердиң гүналарымыз жүкленген Ѳз Улының денесин ҳүким етти.
4 Солай етип, Кудай буны гүнакар тєбиятымыздың емес, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғын бизлердиң ѳмиримизде Мухаддес Нызамның єдил талаплары орынлансын деп иследи.
5 Ѳйткени гүнакар тєбиятының жетелеўи менен жүретуғынлар ѳз гүнакар тєбиятының қєлейтуғын нєрселерин ойлайды, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғынлар Мухаддес Руўхтың қєлейтуғын нєрселерин ойлайды.
6 Гүнакар тєбият басқаратуғын ой-пикирлер ѳлимге, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын ой-пикирлер ѳмирге ҳєм тынышлыққа еристиреди.
7 Себеби гүнакар тєбият басқаратуғын ой-пикирге ийе адам – Кудайға душпан. Ол Кудайдың Нызамына бойсынбайды ҳєм бойсына алмайды да.
8 Ким де ким гүнакар тєбиятының жетелеўи менен жүрсе, ол Кудайға унай алмайды.
9 Бирақ, ишиңизде Кудайдың Руўхы жасап атырған болса, онда сизлерди гүнакар тєбиятыңыз емес, ал Мухаддес Руўх басқарып атырған болады. Ким де ким Масихтың Руўхына ийе болмаса, ол Масихқа тийисли емес.
10 Ал егер ишиңизде Масих жасап атырған болса, денеңиз гүна себепли ѳлетуғын болса да, руўхыңыз ақланғаныңыз себепли тири болады.
11 Ийсаны ѳлимнен қайта тирилткен Кудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырған болса, онда Масих Ийсаны ѳлимнен қайта тирилткен Кудай ишиңизде жасап атырған Ѳз Руўхы арқалы ѳлетуғын денеңизди де тирилтеди.
12 Солай етип, туўысқанларым, бизлер гүнакар тєбиятымызға бойсынып, оның жетелеўи менен жүриўге парызлы емеспиз.
13 Ѳйткени егер гүнакар тєбиятыңыздың жетелеўи менен жүрсеңиз, ѳлесиз. Ал гүнакар тєбиятыңыздың жаман ислеринен Мухаддес Руўхтың күши менен толық ўаз кешсеңиз, жасайсыз.
14 Кудайдың Руўхы менен басқарылатуғынлардың ҳєммеси – Кудайдың балалары.
15 Себеби сизлер ѳзлериңизди жєне қул етип, қорқыныш беретуғын руўхты емес, ал Кудайдың баласы қылған Мухаддес Руўхты қабыл еттиңиз. Усы Руўх арқалы Кудайды: «Єке, Єкежаным!» деп шақырасыз.
16 Мухаддес Руўхтың Ѳзи бизлердиң руўхымыз бенен бирликте Кудайдың балалары екенлигимиз ҳаққында гүўалық береди.
17 Егер бизлер Кудайдың балалары болсақ, онда мийрасқа ийе боламыз. Масих пенен бирге уллыланыў ушын, Оның менен бирге азап шексек, онда бизлер Масих пенен бирге мийрасқа шерик болған Кудайдың мийрасхорларымыз.
18 Мениң ойымша, ҳєзирги қыйыншылықлар келешекте бизлерге берилетуғын уллылыққа салыстырғанда ҳеш нєрсе емес.
19 Соның менен бирге, пүткил жаратылыс Кудайдың Ѳз балаларын ашық кѳрсететуғын күнди интизарлық пенен күтпекте.
20 Ѳйткени пүткил жаратылыс бул ѳткинши ѳмирге тутқын етилген. Бул олардың ѳзлериниң ерки менен емес, ал тутқын қылған Кудайдың ерки менен болған.
21 Олар ѳзлериниң бул набыт қылыўшы қуллықтан қутқарылатуғынынан ҳєм Кудайдың балаларының уллы азатлыққа ерисетуғынынан үмит етеди.
22 Бизлерге мєлим, пүткил жаратылыс ҳєзирге дейин бирликте толғақ азабын шеккендей азап шегип, нала етпекте.
23 Тек жаратылыс емес, ал Кудайдың биринши сыйы болған Мухаддес Руўхты алған бизлер де перзент болып асырап алыныўды, яғный денемиздиң қутқарылыўын интизарлық пенен күтип, ишимизден нала етпектемиз.
24 Себеби бизлер қутқарылғанымыз себепли үмитке ийемиз. Егер бизлер ѳзлеримиз үмит ететуғын нєрсени кѳрип турған болсақ, онда ол үмит емес. Кѳзге кѳринип турған нєрсени ким үмит етеди?
25 Бирақ, еле кѳрмегенимизге үмит етсек, оны сабырлылық пенен күтемиз.
26 Соның менен бирге, Мухаддес Руўх та ҳєлсиз болған бизлерге жєрдем береди. Ѳйткени бизлер қалай дуўа етиў кереклигин билмеймиз. Бирақ, Мухаддес Руўхтың Ѳзи сѳз бенен айтып жеткизе алмайтуғын нала шегип, бизлер ушын Кудайдан ѳтиниш етеди.
27 Адамлардың кеўиллеринде не бар екенин билиўши Кудай Мухаддес Руўхтың ой-пикирлерин биледи. Себеби Мухаддес Руўх исениўшилер ушын Кудайдың ерки бойынша ѳтиниш етеди.
28 Кудай Ѳзин сүйетуғынларға, яғный Оның қєлеўи бойынша таңланғанларға ҳємме нєрсени жақсылық қылып хызмет еттиретуғынын билемиз.
29 Ѳйткени Кудай Ѳзи бурыннан таңлаған адамларының Улына уқсаўы ушын оларды алдын ала белгиледи. Солай етип, Кудай Ѳз Улының кѳп туўысқанлар арасында туңғыш болыўы ушын усылай иследи.
30 Кудай Ѳзи алдын ала белгилеген адамларын шақырды, шақырған адамларын ақлады, ал ақлаған адамларын уллылыққа еристирди.
31 Олай болса, буған не деймиз? Егер Кудай бизлерди жақласа, бизлерге ким қарсы тура алады?
32 Кудай, ҳєтте, Ѳз Улын да аямай, Оны бизлердиң ҳєммемиз ушын қурбанлық қылып бағышлаған болса, Оның менен бирликте бизлерге ҳємме нєрсени бермес пе екен?
33 Кудайдың таңлап алған адамлары болған бизлерди ким айыплай алады? Кудайдың Ѳзи бизлерди ақлайды-ғо.
34 Ким бизлерди ҳүким ете алады? Ҳеш ким! Себеби ѳлип, ѳлимнен қайта тирилген Масих Ийса Кудайдың оң жағында турып, бизлер ушын ѳтинбекте.
35 Масихтың сүйиспеншилигинен бизлерди ким айыра алады? Ҳеш ким. Кыйыншылық та, қайғы да, қуўдалаў да, ашлық та, жалаңашлық та, қєўип те, қылыш та айыра алмайды.
36 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Бизлер Сениң ушын ҳєр күни ѳлтирилмектемиз, Бизлерди шалынатуғын қойлар деп есаплайды».
37 Бирақ, булардың ҳєммесиниң үстинен бизлерди сүйетуғын Масих себепли үлкен жеңиске ерисемиз.
38 Ѳйткени мен исенемен: ѳлим де, ѳмир де, периштелер де, ҳєкимшиликлер де, ҳєзирги ҳєм келешек заман да, күшлер де,
39 бєлентлик те, тереңлик те, улыўма, жаратылған ҳеш бир нєрсе Кудайдың бизлерге Ийемиз Масих Ийса арқалы берген сүйиспеншилигинен бизлерди айыра алмайды.