1 Өмириңизди Қудайға бағышлаңлар.
Римлилерге жазылған хат 12 bob
1 Солай етип, ҳєй туўысқанларым, Кудайдың мийрим-шєпєєти ҳақы сизлерге жалбарынаман: ѳзлериңизди Кудайға унайтуғын мухаддес ҳєм тири қурбанлық қылып, Оған бағышлаңлар. Бул сизлердиң Кудай алдындағы ылайықлы хызметиңиз болады.
2 Бул дүньяның адамларына еликлемеңлер. Ал Кудайдың ой-пикирлериңизди жаңалап, Оның сизлерди толық ѳзгертиўине жол қойыңлар. Сонда сизлер Кудайдың жақсы ҳєм минсиз еркин, яғный Оған нениң унайтуғынын айырып билесизлер.
3 Кудайдың маған берген мийриминен пайдаланып, ҳєммеңизге айтып атырман: ѳзиңизди шектен тыс жоқары баҳаламаңлар. Керисинше, ҳєр бир адам Кудайдың ѳзине берген исенимине қарай, ѳзин ылайықлы баҳаласын.
4 Ѳйткени денемиз бир болса да, мүшелеримиз кѳп ҳєм мүшелеримиздиң атқаратуғын хызмети де ҳєр түрли.
5 Сол сыяқлы, бизлер кѳп адам болсақ та, Масихтың бир денесин қураймыз ҳєм ѳз ара байланыс жасайтуғын бир денениң мүшелеримиз.
6 Кудайдың бизлерге берген мийрими бойынша, бизлер ҳєр түрли руўхый сыйларға ийемиз. Кимниң пайына пайғамбаршылық етиў сыйы тийсе, ол исенимине қарай пайғамбаршылық етсин.
7 Хызмет етиў тийсе, хызмет етсин. Тєлим бериў тийсе, тєлим берсин.
8 Ал кимниң пайына жубаныш бериў тийсе, жубаныш берсин. Үлестириўши болыў тийсе, шын кеўилден үлестирсин. Басшылық етиў тийсе, ғайрат пенен басшылық етсин. Мийрим-шєпєєт етиў тийсе, қуўанышлы түрде мийрим-шєпєєт кѳрсетсин.
9 Сүйиспеншилигиңиз ҳақыйқый болсын. Жаманлықтан қашып, жақсылыққа жабысып алыңлар.
10 Бир-бириңизди туўысқанлық сүйиспеншилик пенен шын жүректен сүйиңлер. Бир-бириңизге ѳз ара ҳүрмет кѳрсетиўге тырысыңлар.
11 Интаңыз пєсеймесин. Ериншек болмаңлар. Ийемизге жалынлы руўх пенен хызмет етиңлер.
12 Үмит етип, қуўанып жасаңлар. Кыйыншылықларда сабырлы болыңлар. Үзликсиз дуўа етиңлер.
13 Мүтєжликте жасап атырған исениўшилер менен барыңызды бѳлисиңлер. Миймандос болыўға тырысыңлар.
14 Сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын Кудайдан жақсылық тилеңлер. Ѓарғыс емес, ал жақсылық тилеңлер.
15 Куўанып атырғанлар менен бирге қуўанып, жылап атырғанлар менен бирге жылаңлар.
16 Ѳз ара аўызбиришиликли болыңлар: менменликке берилмей, басқалар пєс кѳретуғын адамлар менен қатнас жасаңлар. Ѳзлериңизди басқалардан ақыллы санамаңлар.
17 Ҳеш кимниң жаманлығына жаманлық пенен жуўап қайтармаңлар. Ҳєммениң ойы бойынша жақсы деп саналған ислерди ислеўге тырысыңлар.
18 Егер мүмкин болса, қолыңыздан келгенше, барлық адамлар менен татыўлықта жасаңлар.
19 Сүйикли туўысқанларым! Ѳзиңиз ушын ѳш алмаңлар. Ал буны Кудайға тапсырыңлар. Себеби Мухаддес Жазыўда Ийемиз былай дейди: «Ѳш алыў Мениң қолымда, сазайын Ѳзим беремен».
20 Керисинше: «Душпаның аш болса, оны тойдыр, Шѳллеген болса, суў бер. Сен усылай ислесең, Оны уятқа қалдырасаң».
21 Жаманлықтан жеңилме. Ал, жаманлықты жақсылық пенен жең.