1 Ҳүкиметке бойсыныў ҳаққында. 8 Сүйиў – бул Мухаддес Нызамды орынлаў.
Римлилерге жазылған хат 13 bob
1 Ҳєр бир адам басқарыўшы ҳүкиметке бойсынсын. Ѳйткени Кудайдан болмаған ҳеш қандай ҳүкимет жоқ. Бар болған ҳүкиметлердиң ҳєммеси де Кудай тєрепинен орнатылған.
2 Сонлықтан ҳүкиметке қарсы шыққан адам Кудай орнатқан тєртипке қарсы шыққан болады. Бундай адамлар жазаға ушырайды.
3 Себеби басшылардан жақсылық ислеўшилер емес, ал жаманлық ислеўшилер қорқады. Басшылардан қорқпаўды қєлейсең бе? Онда жақсылық исле. Сонда сен басшының мақтаўына ерисесең.
4 Басшы – сениң пайдаң ушын мийнет ететуғын Кудайдың хызметшиси. Бирақ, егер сен жаманлық ислейтуғын болсаң, қорқ! Ѳйткени ол қылышты бийкарға кѳтерип жүрген жоқ. Ол Кудайдың хызметшиси болып, жаманлық ислеўшини Кудайдың ғєзеби менен жазалайды.
5 Сонлықтан тек Кудайдың ғєзебинен қорққанлықтан емес, ал ҳүжданың бойынша да бойсыныўың тийис.
6 Сизлердиң салық тѳлеўиңиздиң себеби де усы. Себеби салық жыйнаўға бийлиги бар адамлар да ѳз иси менен бєрқулла бєнт болып, Кудайға хызмет етеди.
7 Солай етип, ҳєр кимге тийислисин бериңлер: салық жыйнаўшыға – салық, бажы жыйнаўшыға – бажы бериңлер ҳєм қорқыўға ылайық адамнан қорқып, ҳүрметке ылайық адамға ҳүрмет кѳрсетиңлер.
8 Ҳеш кимге қарыздар болмаңлар. Ҳеш қашан толық ѳтеп болмайтуғын қарыз болған, бир-биреўди сүйиўди тоқтатпаңлар. Ѳйткени басқаларды сүйген адам Мухаддес Нызамды орынлаған болады.
9 «Неке ҳадаллығын бузба, адам ѳлтирме, урлық ислеме, басқаның мүлкин күсеме», – деген буйрықлар ҳєм қалған барлық буйрықлар мына сѳзлерде жємленген: «Ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй».
10 Жанындағы адамды сүйетуғын оған жаманлық ислемейди. Сонлықтан басқаларды сүйиў – бул Мухаддес Нызамды орынлаў демек.
11 Ҳєзирги заманның қандай екенин билип, усыны орынлаңлар. Енди сизлердиң уйқыдан оянатуғын ўақтыңыз келди. Себеби бизлердиң қутқарылыўымыз бизлер исенген дєслепки ўақытларға қарағанда, ҳєзир жақынырақ.
12 Түн ѳтип, күндиз жақынлады. Сонлықтан қараңғылықтың ислерин таслап, нурдың саўыт-қуралларын тағып алайық.
13 Айшы-єширетке ҳєм мєскүнемликке, ҳарамылыққа ҳєм бузықшылыққа, жєнжел ҳєм күншилликке берилмейик. Күндизге жарасатуғын єдепли ѳмир сүрейик.
14 Ийемиз Ийса Масихтың сизлерди басқарыўына жол қойыңлар ҳєм гүнакар тєбиятыңыздың жаман қєлеўлерине бойсынбаңлар.