Римлилерге жазылған хат 6 bob

1 Гүна ушын өлип, Масих пенен жасаў. 15 Ҳақлықтың қуллары. 

1 Олай болса, не деймиз? Кудайдың мийрими кѳбейсин деп, гүна ислеўди даўам еттире берейик пе?
2 Ҳеш қашан! Бизлер гүна ушын ѳлгенбиз. Енди қалайынша, гүна ислеўди даўам еттирип жасай аламыз?
3 Бизлер Масих Ийса менен байланысқа ийе болып, суўға шомылдырылғанымызда ҳєммемиз де Оның ѳлимине шерик болып, суўға шомылдырылғанымызды билмейсизлер ме?
4 Масихқа исенип, суўға шомылдырылыў арқалы Оның менен бирликте ѳлип, кѳмилдик. Солай етип, Кудай Єкемиздиң қүдирети менен Масих ѳлимнен қайта тирилип, ѳмирге ерискендей, бизлер де жаңа ѳмирге ерисемиз.
5 Егер бизлер Масихтың ѳлимине шерик болып, Оның менен бирлескен болсақ, онда Оның қайта тирилиўине де шерик болып, Оның менен бирлесемиз.
6 Гүнакар тєбиятымыздың күшин жоқ қылып, ендигиден былай гүнаға қул болмаўымыз ушын, бизлердиң ески гүнакар ѳзлигимиздиң Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенин билемиз.
7 Ѳйткени ѳлген адам гүнаның бийлигинен азат.
8 Егер бизлер Масих пенен бирге ѳлген болсақ, Оның менен бирге жасайтуғынымызға да исенемиз.
9 Себеби Масихтың ѳлимнен тирилип, қайтып ѳлмейтуғынын ҳєм енди ѳлимниң Оның үстинен ҳүкимдарлық ете алмайтуғынын бизлер билемиз.
10 Масих гүнаны жоқ қылыў ушын биринши ҳєм соңғы мєрте ѳлди. Ал енди болса, Ол Кудай ушын жасап атыр.
11 Сонлықтан сизлер де ѳзлериңизди гүна ушын ѳли деп, ал Масих Ийса менен қатнаста болып, Кудай ушын тири деп есаплаңлар.
12 Солай етип, денеңиздиң жаман қєлеўлерине бойсынбаўыңыз ушын, гүнаның ѳткинши денеңизди басқарыўына жол қоймаңлар.
13 Денеңиздиң мүшелерин наҳақлықтың қуралы қылып, гүна ислеўге тапсырмаңлар. Керисинше, ѳлимнен қайта тирилгенлер сыпатында, ѳзлериңизди Кудайға бағышлаңлар. Денеңиздиң мүшелерин де ҳақлықтың қуралы қылып, Кудайға арнаңлар.
14 Сонда гүна сизлердиң үстиңизден ҳүкимдарлық етпейди. Ѳйткени сизлер нызамның бийлиги астында емес, ал Кудайдың мийриминиң бийлиги астында жасайсыз.
15 Олай болса, не дейик? Нызамның бийлиги астында емес, ал Кудайдың мийриминиң бийлиги астында жасап атырғанымыз себепли гүна ислей берейик пе? Ҳеш қашан!
16 Бойсынатуғын қуллар сыяқлы, ѳзлериңизди кимниң бийлигине тапсырып бойсынсаңыз, соның қулы болатуғыныңызды билмейсизлер ме? Сизлер я ѳлимге жетелеўши гүнаның, я ақланыўға жетелеўши бойсыныўшылықтың қулы боласызлар.
17 Бирақ, Кудайға шүкир! Бурын гүнаның қулы болған сизлер енди ѳзлериңизге тапсырылған тєлийматқа шын жүректен бойсындыңлар
18 ҳєм гүнаның бийлигинен азат болып, ҳақлықтың қуллары болдыңлар.
19 Түсиниўиңизге аңсат болыў ушын, єпиўайы сѳзлер менен айтып атырман: бурын денеңиздиң мүшелерин ипласлыққа ҳєм наҳақ ислерди ислеў ушын наҳақлыққа қул қылып бағышлайтуғын едиңиз, ал енди мухаддес болыўыңыз ушын, оларды ҳақлыққа қул қылып бағышлаңлар.
20 Сизлер гүнаның қулы болғаныңызда, ҳақлықтың бийлигинен азат едиңлер.
21 Бурын ислеген ислериңизден ҳєзир ѳзлериңиз де уяласыз. Сол ўақытлары усы ислерден не арттырған едиңиз? Олардың ақыры ѳлим еди-ғо.
22 Бирақ енди болса, сизлер гүнаның бийлигинен азат етилип, Кудайдың қуллары болдыңлар. Сол себептен мухаддесликке ерисип, ақырында мєңгилик ѳмир аласыз.
23 Себеби гүнаның тѳлеми – ѳлим, ал Кудайдың сыйы – Ийемиз Масих Ийса арқалы берилетуғын мєңгилик ѳмир.