1 Қудай таңлаған Израил халқы. 30 Израил халқының исенбеўи.
Римлилерге жазылған хат 9 bob
1 Масихқа тийисли адам сыпатында ҳақыйқатын айтып атырман, ѳтирик сѳйлеп турғаным жоқ. Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын ҳүжданым да буған гүўа:
2 жүрегимде үлкен бир қайғым ҳєм таўсылмас бир дєртим бар.
3 Канымыз бир болған туўысқанларым, яғный израиллылардың қутқарылыўы ушын, мениң Кудайдың ғарғысына ушырап, Масихтан аласлатылыўым керек болса, мен қайыл болар едим.
4 Кудай оларды балалары қылып асырап алған, оларға Ѳз уллылығын берип, олар менен келисим дүзген. Оларға Мухаддес Нызамын ҳєм Кудайға хызмет етиў қағыйдаларын тапсырып, ўєделерин де берген.
5 Олар уллы ата-бабаларымыздың урпақлары ҳєм Масих та адам денесинде олардың урпағынан келип шыққан. Масих – ҳєммениң үстинен ҳүкимдар болған, шексиз алғыс-мақтаўларға ылайық Кудайдың Ѳзи. Аўмийин.
6 Мен Кудайдың сѳзи орынланбады, демекши емеспен. Себеби Израилдың урпағы болғанлардың ҳєммеси де ҳақыйқый израиллылар емес.
7 Жєне де, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳєммеси де Ибрайымның ҳақыйқый балалары емес. Кудай Ибрайымға: «Балаң Ысақтан туўылғанларды ғана сениң ҳақыйқый урпақларың деп есаплайман», – деген еди.
8 Демек, Ибрайымның урпағынан болғанлардың ҳєммеси де Кудайдың балалары емес. Ал Кудайдың Ибрайымға берген ўєдеси бойынша туўылғанлар ғана Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болып есапланады.
9 Ѳйткени Кудайдың Ибрайымға берген ўєдеси мынадай еди: «Келеси жылы усындай ўақытта келгенимде, Сара уллы болады».
10 Соның менен бирге, Ребекка да бабамыз Ысақтан ҳємледар болып, егиз улларды туўды.
11 Бирақ, бул балалар туўылмастан алдын ҳєм олар еле жақсы ямаса жаман бир нєрсе ислеместен бурын Кудай Ребеккаға:
12 «Үлкени кишкенесине хызмет етеди», – деген еди. Солай етип, Кудай усы еки баладан биреўин таңлап алғанда, оны ислерине қарап емес, ал белгилеген жобасының иске асыўы ушын, Ѳз ерки менен таңлап алды.
13 Ҳєтте, Кудай Мухаддес Жазыўда: «Яқыпты сүйдим, ал Исабты жек кѳрдим», – деген.
14 Олай болса, не деймиз? Кудай єдилсиз болғаны ма? Ҳеш қашан!
15 Себеби Кудай Муўсаға былай деген: «Кимге мийрим-шєпєєтимди бериўди қєлесем, Соған мийрим-шєпєєтимди беремен, Кимге реҳим етиўди қєлесем, Соған реҳим етемен».
16 Солай етип, таңланыў адамның қєлеўине ямаса тырысыўына емес, ал Кудайдың мийрим-шєпєєтине байланыслы.
17 Ѳйткени Кудай Мухаддес Жазыўда Фараонға былай деген: «Күдиретимди сен арқалы кѳрсетиў ушын, Атым пүткил жер жүзине жєрияланыўы ушын, Сени мєртебели қылдым».
18 Солай етип, Кудай қєлеген адамына мийрим-шєпєєтин береди ҳєм қєлеген адамын тас баўыр қылады.
19 Енди сен меннен: «Егер Кудай усылай ислесе, Ол неге адамды айыплайды? Оның еркине ким қарсы тура алады?» – деп сораўың мүмкин.
20 Бирақ, ҳєй адам, Кудайға қарсылық кѳрсететуғындай, сен кимсең? Дѳретилген нєрсе ѳзин дѳреткенге: «Мени неге бундай қылып дѳреттиң?» – дей ме?
21 Я болмаса, гүлалшы бир ылайдан еки ыдыс соққанда, биреўин қымбатлы ис ушын қолланылатуғын ыдыс, ал екиншисин єпиўайы ис ушын қолланылатуғын ыдыс қылып соғыўға ҳақылы емес пе?
22 Кудай да усылай ис тутады. Ол набыт қылыныўға ҳєм Ѳзиниң ғєзебине ушыраўға ылайықлы адамларға ғєзебин тѳгип, күшин кѳрсетиўди қєлесе де, оларға үлкен сабырлылық кѳрсетти.
23 Жєне де, Кудай мєртебеге еристириў ушын Ѳзи алдын ала таярлап қойған адамларына реҳмин берип, Ѳзиниң шексиз уллылығын кѳрсетти.
24 Тек яҳудийлер арасынан емес, ал басқа миллетлер арасынан да Кудай таңлаған усы адамлар – бизлермиз.
25 Осия пайғамбардың китабында Кудай былай деген: «Халқым болмаған халықты, „халқым“ деп, Сүймегенимди „сүйиклим“ деп атайман».
26 «„Сизлер мениң халқым емессиз“, – деген жерде, Тири Кудайдың балалары деп аталасыз».
27 Ийшая пайғамбар да Израил туўралы бєлент даўыс пенен былай дейди: «Израил халқының саны теңиз қумындай кѳп болса да, Олардан тек аз ғанасы қутқарылады.
28 Себеби Ийемиз шығарған ҳүкимин, Жер жүзинде тез ҳєм толық ємелге асырады».
29 Ийшая пайғамбардың болжап айтқанындай: «Егер Күдиретли Ийемиз, Бизлерден нєсил қалдырмағанда, Бизлер Содом қаласы сыяқлы болып, Гомора қаласына уқсап қалар едик» .
30 Олай болса, не деймиз? Кудай алдында ақланыўға тырыспаған басқа миллет адамлары ѳз исеними арқалы ақланды.
31 Ал Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланыўға тырысқан Израил халқы Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақлана алмады.
32 Не ушын? Ѳйткени олар ақланыўға исеними арқалы емес, ал саўап ислери арқалы ерисиўге тырысты. Сонлықтан олар сүрниктиретуғын тасқа сүрнигип қулады.
33 Мухаддес Жазыўда: «Минекей, Мен Ерусалимде бир тасты, Сүрниктиретуғын ҳєм қулататуғын жартасты орнатаман. Бирақ, Оған исенген адам уятқа қалмайды», – делинген.