Римлилерге жазылған хат 5 bob

1 Қудай менен жарасыў. 12 Адам-ата арқалы өлим, ал Ийса Масих арқалы өмир келди. 

1 Солай етип, исеним менен ақланғанымыз себепли, Ийемиз Ийса Масих арқалы Кудай менен жарастық.
2 Ийса Масих арқалы Кудайдың мийримине исенимимиз бенен ийе болып жасамақтамыз. Жєне де, Кудайдың уллылығына ерисиўден үмит етип, қуўанамыз.
3 Бизлер тек бул себепли емес, ал қыйыншылықлар себепли де қуўанамыз. Себеби қыйыншылықлардан сабырлылық,
4 сабырлылықтан жақсы минез-қулық, жақсы минез-қулықтан үмит пайда болатуғынын билемиз.
5 Сол үмит бизлерди уятқа қалдырмайды. Ѳйткени Кудай бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы жүреклеримизди Ѳз сүйиспеншилигине толтырды.
6 Аўа, ѳзлеримизди ақлаўға еле күшсиз болғанымызда Масих белгиленген ўақытта қудайсыз болған бизлер ушын ѳлди.
7 Ҳеш ким ҳақ адам ушын жанын ѳлимге қыймайды. Ҳєтте, ѳзине қєўендер болған адам ушын да жанын ѳлимге қыйыўды қєлейтуғын адамлар аз.
8 Бирақ, бизлер еле гүнакар болған ўақтымызда Масих бизлер ушын ѳлди. Бизлерге деген сүйиспеншилигин Кудай усылай дєлилледи.
9 Сонлықтан енди Масихтың қаны арқалы ақланғанымыз себепли, Ол арқалы Кудайдың ғєзебинен қутқарылатуғынымыз да анық.
10 Себеби бизлер Кудайдың душпаны болсақ та, Оның Улының ѳлими арқалы Кудай менен жарастық. Енди Кудай менен жарасып, Оның Улының ѳмири арқалы қутқарылатуғынымыз да анық.
11 Жєне де, буның менен шекленип қоймай, бизлерди енди Кудай менен жарастырған Ийемиз Ийса Масих арқалы Кудай менен қатнаста болып қуўанамыз.
12 Дүньяға бир адам арқалы, яғный Адам-ата арқалы гүна келди, ал гүна себепли ѳлим келди. Солай етип, ҳеш бир адам ѳлимнен қашып қутыла алмайтуғын болды. Ѳйткени ҳємме гүна ислеген еди.
13 Мухаддес Нызам берилместен бурын да дүньяда адамлар гүна ислейтуғын еди. Бирақ, Мухаддес Нызам болмаған ўақытта гүна гүна деп есапланбады.
14 Деген менен, Адам-атадан Муўсаға дейин жасағанлар Адам-ата ислеген сол гүнаны ислемеген болса да, ѳлим олардың үстинен ҳүкимдарлық етти. Ал Адам-ата келиўи тийис Адамның, яғный Масихтың тымсалы.
15 Бирақ, олар арасында үлкен айырмашылық бар. Кудайдың сыйы Адам-атаның гүнасына уқсамайды. Себеби бир адамның гүнасы себепли кѳп адамлар ѳлген болса да, Кудайдың мийрими ҳєм басқа бир адамның, яғный Ийса Масихтың мийрими менен берилген сыйды кѳп адамлар мол-молақай етип алды.
16 Кудайдың сыйының нєтийжеси менен бир адамның гүнасының нєтийжеси бирдей емес. Адам-атаның гүнасының ақыбети ҳүким етилиўге алып келди, бирақ Кудайдың сыйы себепли, кѳп гүналарымызға қарамастан, бизлерге ақланыў келди.
17 Бир адамның гүнасы себепли, сол адам арқалы пүткил адамзат үстинен ѳлим бийлик еткен болса, енди тек бир адам, яғный Ийса Масих арқалы Кудайдың мол мийримин алып ақланғанлар үстинен ѳмир бийлик етеди.
18 Солай етип, бир адамның гүнасы себепли пүткил адамзат ҳүким етилген болса, бир адамның ҳақ иси себепли пүткил адамзат ақланып, ѳмирге еристи.
19 Бир адамның бойсынбағаны себепли кѳп адамлар гүнакар болып қалғанындай, бир адамның бойсынғаны себепли кѳп адамлар ақланады.
20 Адамлар ѳзлериниң қаншелли гүнакар екенин билиў ушын Мухаддес Нызам берилди. Бирақ, гүна кѳбейген сайын, Кудайдың мийрими оннан да артып барды.
21 Солай етип, гүна ѳлим арқалы бийлик еткендей, Кудайдың мийрими де ақлаўы арқалы бийлик етип, Ийемиз Ийса Масих себепли мєңгилик ѳмирге еристиреди.