Римлилерге жазылған хат 16 bob

1 Арнаўлы сәлемлер. 25 Павелдиң жуўмақлаўшы сөзлери. 

1 Кенхреядағы исениўшилер жємєєтиниң хызметшиси болған Фиба апамызды сизлерге тапсыраман.
2 Оны мухаддеслерге минєсип түрде, Ийемиздиң аты менен қабыл қылыңлар. Жєне де, оның қандай мүтєжлиги болса да, жєрдем етиңлер. Ѳйткени ол да кѳп адамларға, соның ишинде маған жєрдемши болды.
3 Мениң менен бирге Масих Ийсаға хызмет етиўши Прискила ҳєм Акилаға сєлем айтыңлар.
4 Олар мениң жаным ушын ѳз ѳмирин қєўип астына қойды. Буның ушын тек мен емес, ал басқа миллетлердиң ҳємме исениўши жємєєтлери де оларға миннетдар.
5 Олардың үйиндеги исениўшилер жємєєтине де сєлем айтыңлар. Азия үлкесинен биринши болып Ийсаға исенген сүйикли туўысқаным Епенетусқа сєлем айтыңлар.
6 Сизлер ушын кѳп мийнет еткен Мєриямға сєлем айтыңлар.
7 Масихтың елшилери арасында абырайлы болған, меннен бурын Масихқа исенген ағайинлерим ҳєм қамақта бирге болған досларым Андроник пенен Юнияға сєлем айтыңлар.
8 Ийемизге тийисли болған сүйикли туўысқаным Амплиятусқа сєлем айтыңлар.
9 Бизлер менен бирге Масихқа хызмет ететуғын Урбанусқа ҳєм сүйикли туўысқаным Стахияға сєлем айтыңлар.
10 Сынақтан ѳтип, Масихқа ылайықлы деп табылған Апелисқа сєлем айтыңлар. Аристобулдың үй-ишине сєлем айтыңлар.
11 Ағайиним Иродионға сєлем айтыңлар. Наркистиң үй-ишиндеги Ийемизге тийисли болғанларға сєлем айтыңлар.
12 Ийемиздиң хызметинде мийнет етип атырған ҳаяллар: Трифен ҳєм Трифосқа сєлем айтыңлар. Ийемизге хызмет етиў жолында кѳп мийнет еткен ҳаял – сүйикли туўысқаным Персиске сєлем айтыңлар.
13 Ийемиз тєрепинен таңлап алынған Руфусқа ҳєм мен ушын анамдай болған оның анасына сєлем айтыңлар.
14 Асинкрит, Флегон, Гермес, Патровас, Гермас ҳєм олардың жанындағы туўысқанларға сєлем айтыңлар.
15 Филологус ҳєм Юлияға, Нирей ҳєм оның қарындасына, Олимпасқа ҳєм олардың жанындағы барлық исениўшилерге сєлем айтыңлар.
16 Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип, сєлемлесиңлер. Масихқа тийисли болған ҳємме жємєєтлер сизлерге сєлем айтып атыр.
17 Туўысқанларым, сизлерге жалбарынаман, ѳзлериңизге үйретилген тєлийматқа қарсы шығып, алаўызлық ҳєм азғырыў алып келетуғын адамлардан сақ болып, олардан аўлақ жүриңлер.
18 Себеби бундай адамлар Ийемиз Масихқа емес, ал ѳз қарынларына хызмет етеди. Олар сада адамларды майлы тил ҳєм жағымпазлық сѳзлери менен алдайды.
19 Сизлердиң Кудайға бойсынып жасайтуғыныңыз ҳєммеге мєлим болды. Мен сол себептен қуўанышлыман ҳєм сизлердиң жақсылық ислеўде дана болыўыңызды, ал жаманлық ислеўде сада болыўыңызды қєлеймен.
20 Тынышлық бериўши Кудайдың Ѳзи жақын арада шайтанды аяқларыңыздың астында езип таслайды. Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын!
21 Мениң менен бирге хызмет етиўши Тимофей, ағайинлерим Лукий, Ясон ҳєм Сосипатер сизлерге сєлем айтып атыр.
22 Бул хатты Павелдиң аўзынан жазып отырған мен, Тертий де, исениўши туўысқаныңыз сыпатында сизлерге сєлем жоллайман.
23 Мен ушын ҳєм пүткил исениўшилер жємєєти ушын ѳз үйинен орын берген Гаюс сизлерге сєлем айтып атыр. Жєне де, қала қазнашысы Ерастус ҳєм туўысқанымыз Куартус сизлерге сєлем айтып атыр.
24 -
25 Мен жєриялап жүрген Ийса Масих ҳаққында Хош Хабар арқалы, яғный Ѳзи єййемги ўақытлардан бери қупыя тутқан сырын ашыўы арқалы Кудай сизлердиң исенимиңизди беккемлейтуғын қүдиретке ийе.
26 Усы сыр пайғамбарлардың Жазыўлары арқалы ҳєзир ашылып, мєңги жасайтуғын Кудайдың буйрығы бойынша, барлық миллетлерге мєлим етилди. Бул барлық миллетлердиң Кудайға исенип, Оған бойсынып жасаўы ушын болды.
27 Жалғыз ҳєм дана Кудайға Ийса Масих арқалы мєңгиге даңқ болсын! Аўмийин.