1 Сәлемнама. 8 Павелдиң Римге барыўды әрман етиўи. 16 Хош Хабардың күши. 18 Қудайдың ғәзеби.
Римлилерге жазылған хат 1 bob
1 Ийса Масихтың қулы болған, елшиликке шақырылып, Кудайдың Хош Хабарын жєриялаў ушын таңланған мен, Павелден сєлем!
2 Усы Хош Хабарды Кудай Ѳз пайғамбарлары арқалы Мухаддес Жазыўларда єўелден ўєде еткен еди.
3 Бул Хош Хабар Кудайдың Улы ҳаққында болып, Ол адам сыпатында Даўыттың урпағынан туўылды ҳєм
4 Оның Мухаддес Руўх тєрепинен ѳлимнен қайта тирилиўи арқалы Кудайдың Улы екени қүдирет пенен дєлилленди. Кудайдың Улы – бул Ийемиз Ийса Масих.
5 Масихтың аты ушын, ҳємме миллетлерден болған адамлар исенсин ҳєм сѳзге бойсынсын деп, Ол арқалы бизлер Кудайдың мийримине ҳєм елшилик хызметине ийе болдық.
6 Ийса Масихқа тийисли болыў ушын таңланған сизлер де усы ҳєр түрли миллетлерденсиз.
7 Кудай сүйип, Ѳз мухаддеслери болыўға шақырған, Римдеги сизлердиң ҳєммеңизге Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих мийрим ҳєм тынышлық берсин!
8 Алды менен исенимиңиздиң даңқы пүткил дүньяға жайылғаны себепли, сизлердиң ҳєммеңиз ушын Ийса Масих арқалы Кудайыма шүкирлик билдиремен.
9 Улының Хош Хабарын жєриялаўда шын кеўлим менен мен хызмет етип атырған Кудайдың Ѳзи дуўа еткенимде сизлерди үзликсиз тилге алып атырғаныма гүўа.
10 Жєне де, енди сизлерге барыўым ушын Кудайдың қєлеўи менен жол ашылыўын да тынбастан сорап атырман.
11 Ѳйткени исенимиңиздиң беккем болыўы ушын сизлерге бир руўхый сыйды жеткерейин деп, мен сизлерди қатты кѳргим келип атыр.
12 Яғный, араңызда болғанымда бир-биримиздиң исенимимизден жигерленсек екен деймен.
13 Туўысқанларым, басқа миллетлер арасында болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да мениң ислеримниң жемиси болыўы ушын, жаныңызға келиўди кѳп мєртебе мақсет етсем де, бирақ ҳєзирге дейин тосқынлықларға дус келгенимнен бийхабар қалыўыңызды қєлемеймен.
14 Мениң парызым ҳєммеге: греклерге ҳєм грек емеслерге, билимли ҳєм билимсиз адамларға Хош Хабарды жєриялаўдан ибарат.
15 Сонлықтан қолымнан келгенше, Римде болған сизлерге де Хош Хабарды жєриялаўға таярман.
16 Себеби мен Хош Хабардан арланбайман. Хош Хабар – исенген ҳєр бир адамды, бириншиден яҳудийлерди, соңынан яҳудий емеслерди қутқара алатуғын Кудайдың күши.
17 Кудайдың адамды ақлайтуғыны Хош Хабарда ашық кѳрсетилген. Ақланыў исеним арқалы басланып, исенимди беккемлеп барады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ақланған адам исеними менен жасайды».
18 Ҳақыйқатқа ѳз наҳақлығы менен бѳгет болатуғын адамлардың барлық қудайсыз ҳєм наҳақ ислерине аспаннан Кудайдың ғєзеби тѳгиледи.
19 Ѳйткени Кудай ҳаққында билиўге мүмкин болған нєрселер оларға белгили. Кудайдың Ѳзи оларға усыларды мєлим еткен.
20 Дүнья жаратылғаннан бери Кудайдың кѳзге кѳринбейтуғын қєсийетлери, яғный шексиз қүдирети ҳєм қудайлығы Ол жаратқан барлықтан сезиледи ҳєм ашық кѳринеди. Солай етип, олар ѳзлерин ақлай алмайды.
21 Олар Кудайды билсе де, Оны Кудай деп уллыламады ҳєм Оған шүкирлик билдирмеди. Керисинше, олардың ой-қыяллары бос болып, ақылсыз кеўиллерин қараңғылық қаплады.
22 Ѳзлерин ақыллымыз деп санап, ақмақ болып шықты:
23 мєңги тири Кудайдың уллылығын басында ѳлим бар адамның, қуслардың, тѳрт аяқлы ҳайўанлардың ҳєм жер баўырлаўшылардың кѳринисиндеги бутларға алмастырды.
24 Сол себептен Кудай оларды жүреклериндеги ҳарам қєлеўлерине ҳєм бузықшылыққа тапсырып, бир-бириниң денесин ипласлаўына тосқынлық жасамады.
25 Олар Кудайдың ҳақыйқатын жалғанға алмастырды. Жаратқанға емес, ал жаратылған нєрсеге сыйынып, оған хызмет етти. Ал Кудай шексиз алғыс-мақтаўларға ылайықлы. Аўмийин.
26 Сонлықтан Кудай оларды уятсыз қєлеўлерине тапсырды. Ҳєтте, ҳаяллар да ер адам менен тєбийғый жынысый қатнасты қойып, ѳз ара тєбийғый емес қатнас жасады.
27 Сол сыяқлы, ер адамлар да ҳаял менен тєбийғый жынысый қатнасты қойып, бир-бирине бузық ҳєўес пенен ынтықты. Еркеклер еркеклер менен уятсыз ис-ҳєрекетлер ислеп, ѳз бузықшылығына ылайық жазасын алды.
28 Кудайды билиўди қєлемегенликтен, Кудай да оларды бузық ой-сезимлерине ҳєм ислеўге болмайтуғын ис-ҳєрекетлерди ислеўге тапсырды.
29 Олардың кеўиллери ҳєр түрли наҳақлыққа, жаўызлыққа, нєпсиқаўлыққа, жаманлыққа, күншилликке, қанхорлыққа, жєнжелкешликке, ҳийлекерликке ҳєм жаман нийетке толы. Олар жєне ѳсекши,
30 жалахор, Кудайды жек кѳриўши, хорлаўшы, менмен, мақтаншақ, жаманлық ислеўге шебер, ата-анасының сѳзин тыңламайтуғын,
31 ақылсыз, опасыз, жаўыз ҳєм реҳимсиз адамлар.
32 Бундай ислерди ислеўшилер ѳлимге ылайық, деген Кудайдың єдил ҳүкимин олар билсе де, бул ислерди тек ѳзлери ғана ислеп қоймай, ал усы ислерди ислеўшилерди де қоллап қуўатлайды.