Римлилерге жазылған хат 2 bob

1 Қудайдың әдил ҳүкими. 17 Яҳудийлер ҳәм Мухаддес Нызам. 

1 Ал сен, басқа биреўди ҳүким етиўши ҳєй адам, ѳзиңниң ким болыўыңа қарамастан, ақлана алмайсаң. Сен басқа биреўди ҳүким етип турып, ѳзиңди де ҳүким етесең. Себеби сен, ҳєй ҳүким етиўши адам, ѳзиң де сондай ислерди ислейсең-ғо.
2 Сол ислерди ислеўшилерди Кудай єдиллик пенен ҳүким ететуғынын бизлер билемиз.
3 Сондай нєрселерди ислеўшилерди ҳүким еткен, бирақ ѳзи де солай ислеўши, ҳєй адам, сен Кудайдың ҳүкиминен қашып қутыламан деп ойлайсаң ба?
4 Я болмаса, Кудайдың кең пейиллилигиниң сени тєўбеге алып келетуғынын билмей, Оның шексиз кең пейиллилигин, сабырлылығын ҳєм шыдамлылығын писент етпейсең бе?
5 Сен ѳзиңниң ѳжетлигиң ҳєм тєўбеге келмейтуғын жүрегиң себепли, Кудайдың єдил ҳүкими шығарылатуғын ғєзеп күни ушын, ѳзиңе қарсы ғєзеп топламақтасаң.
6 Кудай ҳєр бир адамға ислеген исине ылайық қайтарады:
7 үзликсиз жақсылық ислеп, даңқ, ҳүрмет ҳєм мєңгиликти излегенлерге Кудай мєңгилик ѳмир береди.
8 Ал менмен болып, ҳақыйқатқа бойсынбай, наҳақ жолдан жүриўшилердиң үстине болса, ғєзеп ҳєм қєҳєрин тѳгеди.
9 Жаманлық ислеўши ҳєр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға Кудай қыйыншылық ҳєм қайғы жибереди.
10 Керисинше, жақсылық ислеўши ҳєр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға Ол даңқ, ҳүрмет ҳєм тынышлық береди.
11 Ѳйткени Кудай адамларды айырмайды.
12 Мухаддес Нызамды билмей гүна ислеген ҳємме адамлар Мухаддес Нызамға ийе болмай набыт болады. Ал Мухаддес Нызамды билип турып гүна ислеген ҳємме адамлар Мухаддес Нызам бойынша ҳүким етиледи.
13 Себеби Кудайдың алдында Мухаддес Нызамды еситкенлер емес, ал оны орынлайтуғынлар ақланады.
14 Мухаддес Нызамға ийе емес басқа миллетлер ҳүждан нызамы бойынша бул Мухаддес Нызамға ылайықлы ислерди ислесе, олар Мухаддес Нызамға ийе болмай тура, ѳзлери ушын ѳзлери нызам.
15 Солай етип, олар Мухаддес Нызамның буйрықларының жүреклеринде жазылғанын кѳрсетеди. Бул ҳаққында олардың ҳүжданы гүўалық береди ҳєм ойлары да оларды биресе айыплап, биресе ақлайды.
16 Мен жєриялап атырған Хош Хабар бойынша Кудай Ийса Масих арқалы адамлардың жасырын ой-қыялларын ҳүким ететуғын күни усылай болады.
17 Минекей, сен ѳзиңди яҳудиймен деп, Мухаддес Нызамға сүйенесең ҳєм Кудай менен айрықша қатнастаман деп мақтанасаң.
18 Сен Кудайдың еркин билесең ҳєм Мухаддес Нызамнан тєлим алғаның себепли, нениң дурыс ямаса нениң надурыс екенлигин айыра аласаң.
19 Мухаддес Нызамнан толық билим алғаның ҳєм ҳақыйқаттың негизин билгениң себепли, ѳзиңди соқырлардың жолбасшысы, қараңғылықта болғанлардың нуры,
20 ақылсыз адамлардың тєрбияшысы ҳєм гѳдеклердиң устазы деп есаплайсаң.
21 Олай болса, басқа биреўге тєлим берип турып, ѳзиңе неге тєлим бермейсең? Урлық ислемеўди жєриялап, ѳзиң неге урлық ислейсең?
22 «Бузықшылық ислеме» деп, ѳзиң неге бузықшылық ислейсең? Бутлардан жеркенип, неге бутлардың ибадатханаларын тонайсаң?
23 Мухаддес Нызам менен мақтанасаң, бирақ оны бузып, неге Кудайды ҳүрмет етпейсең?
24 Ѳйткени былай деп жазылған: «Сизлер себепли, басқа миллетлер арасында Кудайдың атына тил тийеди».
25 Егер Мухаддес Нызамды орынласаң, сүннеттиң пайдасы бар. Бирақ сен сүннетли болып турып Мухаддес Нызамды бузсаң, онда сүннетленбеген басқа миллет адамынан сениң ҳеш жериң артық емес.
26 Солай етип, сүннетсиз болғанлар Мухаддес Нызамның талапларын орынласа, онда олар Кудай тєрепинен сүннетлилер, яғный Ѳзиниң халқы деп есапланбай ма?
27 Денесиниң ети кесилип сүннет етилмеген, бирақ Мухаддес Нызамды орынлайтуғын адам жазылған Мухаддес Нызамға ҳєм сүннетке ийе болып турып, Мухаддес Нызамды бузыўшы сен яҳудийди айыпламас па екен?
28 Себеби тек сыртқы белгилери менен яҳудий болған адам ҳақыйқый яҳудий емес ҳєм денесиниң ети кесилип сүннет етилиў де ҳақыйқый сүннет етилиў емес.
29 Ал, ишки дүньясы менен яҳудий болған адам ғана ҳақыйқый яҳудий. Жєне де, ҳақыйқый сүннет – бул жазылған Мухаддес Нызам бойынша исленген сүннет емес, ал Мухаддес Руўх тєрепинен исленген жүректиң сүннети. Усындай сүннетке ийе болған адам адамлардың емес, ал Кудайдың мақтаўын алады.