5 Исенген ҳәр бир адам қутқарылады.
Римлилерге жазылған хат 10 bob
1 Туўысқанларым! Мениң жүрегимдеги єрманым ҳєм Кудайдан жалбарынатуғын тилегим – бул халқым болған израиллылардың қутқарылыўы.
2 Олардың Кудайға инталы екенине ѳзим гүўаман. Бирақ, бул инта ҳақыйқый түсиникке тийкарланбаған.
3 Себеби олар Кудайдың ақлаў жолын түсинбей, ақланыўға Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ерисиўге тырысып, Кудайдың ақлаў жолын қабыл етпеди.
4 Масих Мухаддес Нызамның талапларын толық орынлағанлықтан, Оған исенген ҳєр бир адам Кудай алдында ақланады.
5 Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ақланыў ҳаққында Муўса мыналарды жазады: «Мухаддес Нызамдағы буйрықларды орынлаған адам олар арқалы жасайды».
6 Ал исеним арқалы ақланыў ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Кеўлиңде: „Масихты жерге түсириў ушын ким аспанға шығады?“
7 ямаса: „Масихты ѳлимнен тирилтиў ушын ким түпсиз туңғыйыққа түседи?“ – деме».
8 Бирақ, Мухаддес Жазыў не демекте? «Кудайдың сѳзи саған жақын, Ол сениң аўзыңда ҳєм жүрегиңде». Бизлер жєриялап атырған исеним ҳаққында сѳзлер – усылар болады.
9 Егер сен Ийсаны «Ийем» деп аўзың менен ашық тєн алсаң ҳєм Кудайдың Оны ѳлимнен тирилткенине шын жүректен исенсең, қутқарыласаң.
10 Ѳйткени адам шын жүректен исенгени арқалы ақланады ҳєм исеними ҳаққында аўзы менен ашық тєн алғаны арқалы қутқарылады.
11 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оған исенген ҳеш бир адам уятқа қалмайды».
12 Себеби яҳудий менен гректиң арасында айырмашылық жоқ. Олардың ҳєммесиниң Ийеси бир. Ол Ѳзин шақырғанлардың ҳєммесине сақый.
13 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ийемиздиң атын айтып шақырған ҳєр бир адам қутқарылады».
14 Бирақ, Кудайға исенбей турып, Оны қалай шақырыўға болады? Ол туўралы еситпей турып, Оған қалай исениўге болады? Кудай ҳаққында сѳзди жєриялаўшы болмаса, қалай еситиўге болады?
15 Сѳзди жєриялаўға жиберилмесе, оны қалай жєриялайды? Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Хош Хабарды жєриялаўшылардың аяқлары қандай єжайып!»
16 Деген менен, Хош Хабарға израиллылардың ҳєммеси де исене бермеди. Ийшая пайғамбардың айтқанындай: «Ийем! Бизлер айтқан хабарға ким исенди?»
17 Демек, исеним еситиў арқалы пайда болады, ал еситиў Масих ҳаққында сѳздиң жєрияланыўы арқалы болады.
18 Бирақ, мениң сорайтуғыным мынаў: израиллылар еситпеди ме? Єлбетте, еситти. «Аспан денелериниң даўыслары пүткил жер жүзине, Сѳзлери дүньяның тѳрт мүйешине жетип барды».
19 Мен жєне бир нєрсени сорамақшыман: Израил түсинбеди ме? Дєслеп Муўса арқалы Кудай былай деген еди: «Мен сизлерде халқым болмаған халық арқалы қызғаныш пайда етемен, Түсиниги аз болған халық арқалы ғєзебиңизди келтиремен».
20 Соңынан Ийшая пайғамбар Кудайдың сѳзлерин батырлық пенен айтып: «Мени излемегенлер тапты, Мени сорамағанларға Ѳзимди кѳрсеттим», – деген еди.
21 Ал, Израил халқы ҳаққында Кудай былай дейди: «Сѳзимди тыңламайтуғын қайсар бир халыққа, Күни бойы қушағымды ашып турдым».