1 Ийса ҳәм Оның инилери. 10 Ийса Ерусалимдеги байрамда. 25 Ийса – Масих па? 45 Яҳудий басшыларының Ийсаға исенбеўи.
Юхан жазған Хош Хабар 7 bob
1 Соңынан Ийса Галила бойлап жүрди, ѳйткени яҳудий басшылары Оны ѳлтирмекши болғанлықтан, Ол Яҳудияда жүриўди қәлемеди.
2 Яҳудийлердиң Ќос байрамы жақынлап қалған еди.
3 Сонда Ийсаның инилери Оған: – Бул жерден кетип, Яҳудияға бар. Сениң ислеп атырған ислериңди шәкиртлериң де кѳрсин.
4 Себеби ѳзин ашық танытпақшы болған адам жасырын ис ислемейди. Егер Сен усындай ислер ислеп атырған болсаң, Ѳзиңди дүньяға кѳрсет, – дести.
5 Ѳйткени Оған, ҳәтте, инилери де исенбейтуғын еди.
6 Ийса оларға: – Мен ушын ылайықлы ўақыт еле келмеди. Ал сизлер ушын ҳәр қандай ўақыт қолайлы.
7 Дүнья сизлерди жек кѳре алмайды, бирақ Мени жек кѳреди. Себеби Мен оның ислериниң жаман екенлиги ҳаққында гүўалық берип жүрмен.
8 Сизлер байрамға барыңлар. Мен ҳәзирше бул байрамға бармайман, ѳйткени Мениң ўақтым еле толмады, – деди.
9 Ийса оларға усыларды айтып, Галилада қалды.
10 Бирақ инилери байрамға кеткеннен соң, Ийсаның Ѳзи де барды. Ашық түрде емес, ал жасырын барды.
11 Яҳудий басшылары Ийсаны байрамда излеп: «Ол қаяқта?» – деп сорады.
12 Халық арасында Ол ҳаққында кѳп сыбырлы сѳзлер болды. Биреўлер: «Ол жақсы Адам», – десе, басқалар: «Яқ, Ол халықты жолдан азғырып атыр», – деди.
13 Бирақ яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, ҳеш ким Ол ҳаққында ашық сѳйлей алмайтуғын еди.
14 Байрамның ярымы ѳткенде Ийса Ибадатханаға кирип, тәлим бере баслады.
15 Яҳудий басшылары: – Бул Адам ҳеш оқымаған болса да, усыншама билимди қаяқтан алған? – деп таң қалысты.
16 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мениң тәлийматым Ѳзимдики емес, ал Мени Жибергендики.
17 Ким де ким Ќудайдың еркин орынлағысы келсе, бул тәлийматтың Ќудайдан ба ямаса Мен Ѳзлигимнен айтып атырман ба, билип алады.
18 Ѳз атынан сѳйлеўши ѳзине уллылық излейди, ал Ѳзин Жибергенниң уллылығын излеўши – ҳақыйқатшыл, Онда жалған жоқ.
19 Муўса сизлерге Мухаддес Нызамды бермеди ме? Бирақ ҳеш бириңиз де Мухаддес Нызамды орынламайсызлар. Мени не ушын ѳлтирмекшисизлер?
20 Халық: – Сени жин урған ба? Ким Сени ѳлтирмекши? – деди.
21 Ийса сѳзин даўам етип, оларға былай деди: – Мен бир ис иследим, ҳәммеңиз буған ҳайран қалып атырсызлар.
22 Муўса сизлерге сүннетти буйырғанлықтан, сизлер дем алыс күнинде де баланы сүннет етесизлер. Бирақ ҳақыйқатында, сүннет Муўсадан емес, ал бабаңыз Ибрайымнан қалған еди.
23 Муўсаның Нызамы бузылмасын деп, бала дем алыс күни болса да сүннет қылынады екен, неге сизлер Маған дем алыс күни бир адамға толық шыпа бердиң, деп ашыўланасызлар?
24 Сыртқы кѳриниске қарап ҳүким етпеңлер, ал әдиллик пенен ҳүким шығарыңлар.
25 Сонда айырым ерусалимлилер: – Ѳлтирмекши болып атырғаны усы Адам емес пе?
26 Мине, Ол ашық сѳйлеп тур, ал олар Оған ҳеш нәрсе деп атырған жоқ. Мүмкин, басшылар Оның Масих екенин ҳақыйқаттан да тән алған шығар?
27 Бирақ бизлер бул Адамның қаяқтан келгенин билемиз. Ал Масих келгенде, Оның қаяқтан келгенин ҳеш ким билмейди, – дести.
28 Сол ўақытта Ибадатханада тәлим берип турған Ийса бәлент даўыс пенен былай деди: – Сизлер Мени ҳәм Мениң қаяқтан екенимди билесизлер. Мен Ѳз Ѳзимнен келгеним жоқ. Мени Жиберген Ҳақ, сизлер Оны билмейсизлер.
29 Бирақ Мен Оны билемен, себеби Мен Оннан келдим, Мени Ол жиберди.
30 Сонда олар Ийсаны услаўға тырысты, бирақ ҳеш ким Оған қол тийгизбеди. Ѳйткени Оның ўақты еле келмеген еди.
31 Ал халық арасында кѳп адамлар Оған исенип: – Масих келгенде, бул Адамнан да кѳбирек кәраматлар ислер ме екен? – деди.
32 Парисейлер Ийса ҳаққында халық арасындағы бул сѳзлерди еситти. Сонлықтан олар ҳәм бас руўханийлер Ийсаны услаў ушын сақшыларды жиберди.
33 Ийса былай деди: – Мен сизлер менен бирге аз ўақыт боламан, соңынан Мени Жибергенге қайтып бараман.
34 Мени излейсизлер, бирақ таппайсызлар. Мен болатуғын жерге сизлер келе алмайсызлар.
35 Сонда яҳудий басшылары ѳз ара: – Бул Адам бизлер таба алмайтуғындай қаяққа бармақшы? Ол греклер арасына тарқалып кеткен яҳудийлерге барып, греклерге тәлим бермекши ме?
36 «Мени излейсизлер, бирақ таппайсызлар. Мен болатуғын жерге сизлер келе алмайсызлар», – деген сѳзлер нени аңлатады екен? – дести.
37 Байрамның соңғы, уллы күнинде Ийса орнынан турып, бәлент даўыс пенен былай деди: – Ким де ким шѳллесе, Маған келип ишсин.
38 Мухаддес Жазыўда айтылғандай, Маған исенген адамның ишинен тири суў дәрьясы ағады.
39 Ийса бундай деп, Ѳзине исенетуғынлар алатуғын Мухаддес Руўх ҳаққында айтқан еди. Себеби Ол еле уллылыққа ериспегенликтен, оларға Мухаддес Руўх еле берилмеген еди.
40 Халық арасынан айырымлар бул сѳзлерди еситип: – Бул – ҳақыйқаттан да Пайғамбар, – деди.
41 Басқалары: «Бул – Масих», – дести. Ал гейбиреўлери: «Яқ, Масих Галиладан келетуғын ба еди?
42 Мухаддес Жазыўда: „Масих Даўыттың урпағынан болып, Даўыттың ана журты Бейтлеҳем аўылынан келеди“, – деп жазылған емес пе?» – дести.
43 Солай етип, Ийса себепли халық арасында бѳлиниў пайда болды.
44 Олардың гейбиреўлери Оны усламақшы болды, бирақ ҳеш ким Оған қол тийгизбеди.
45 Сақшылар қайтып келгенде, бас руўханийлер менен парисейлер олардан: – Неге Оны алып келмедиңлер? – деп сорады.
46 Сақшылар жуўап берип: – Ҳеш ким ҳеш қашан бул Адам сыяқлы сѳйлеген емес, – деди.
47 Парисейлер оларға: – Сизлер де алдандыңыз ба?
48 Басшылардан ямаса парисейлерден Оған исенген адам болды ма, сирә?
49 Бирақ, Мухаддес Нызамды билмейтуғын бул халық нәлет етилген, – деди.
50 Олардың бири, бурын Ийсаға келген Никодим атлы адам оларға:
51 – Нызамымыз бойынша, дәслеп адамды тыңламай турып, оның не ислегенин билместен, ҳүким етиўге бола ма? – деди.
52 Оған: – Сен де Галиладансаң ба? Мухаддес Жазыўды жақсылап оқы, сонда Галиладан пайғамбар шықпайтуғынын билесең, – дести олар.
53 Соңынан ҳәммеси үйлерине тарқасты.