Юхан жазған Хош Хабар 4 bob

1 Ийса ҳәм самариялы ҳаял. 39 Самариялылардың Ийсаға исениўи. 43 Ийсаның патша хызметкериниң улына шыпа бериўи. 

1 Парисейлер Ийсаның Яқыяға қарағанда кѳп шәкирт арттырып, оларды шомылдырып жүргенин еситти.
2 Ҳақыйқатында Ийсаның Ѳзи емес, ал шәкиртлери шомылдыратуғын еди.
3 Ийемиз Ийса буны билгенде Яҳудиядан шығып, және Галилаға кетти.
4 Баратырып, Самария арқалы өтиўи керек еди.
5 Солай етип, Ол Самарияның Сихар деп аталған қаласына келди. Бул қала Яқыптың ѳз баласы Юсупке берген жерине жақын еди.
6 Сол жерде Яқыптың қудығы да бар еди. Ийса жол жүрип шаршағанлықтан, қудықтың қасында отырды. Саат он екилер шамасында еди.
7 Сол ўақытта самариялы бир ҳаял суў алыўға келди. Ийса оған: – Маған ишиўге суў бер, – деди.
8 Ал Ийсаның шәкиртлери азық-аўқат сатып алыў ушын қалаға кеткен еди.
9 Самариялы ҳаял: – Сен яҳудийсең, ал мен самариялы ҳаялман. Ќалай меннен суў сорап турсаң? – деди. Ѳйткени яҳудийлер самариялылар менен қарым-қатнас жасамайды.
10 Ийса ҳаялға: – Егер сен Ќудайдың сыйын ҳәм «Маған ишиўге суў бер», – деп айтып турғанның ким екенин билгениңде, сениң ѳзиң Оннан сорар едиң, Ол саған тири суў берер еди, – деп жуўап берди.
11 – Мырза! Сенде суў алатуғын ҳеш нәрсе жоқ-ғо, қудық болса терең. Сен тири суўды қаяқтан аласаң?
12 Сен бул қудықты бизлерге берген, ѳзи де, балалары да, маллары да оннан суў ишкен, бабамыз Яқыптан уллымысаң? – деди ҳаял.
13 Ийса ҳаялға былай деп жуўап берди: – Бул суўдан ишкен ҳәр бир адам және шѳллейди.
14 Бирақ Мен беретуғын суўдан ишкен ҳәр бир адам мәңгиге шѳллемейди. Керисинше, Мен беретуғын суў оның ишинде мәңгилик ѳмир беретуғын тири булаққа айланады.
15 Ҳаял Ийсаға: – Мырза, енди шѳллемеўим ушын ҳәм суў алыўға бул жерге келмеўим ушын, усы суўдан маған бер, – деди.
16 – Барып, күйеўиңди бул жерге шақырып кел, – деди Ийса.
17 Ҳаял Оған: – Мениң күйеўим жоқ, – деп жуўап берди. – Күйеўим жоқ деп, сен дурыс айттың.
18 Сениң бес күйеўиң болды. Ҳәзир бирге жасап атырған адамың да күйеўиң емес. Буны сен дурыс айттың, – деди Ийса.
19 Ҳаял Оған: – Мырза, Сениң пайғамбар екениңе кѳзим жетип тур.
20 Ата-бабаларымыз бул таўда сыйынды, бирақ сизлер: «Сыйыныўға тийисли жер Ерусалимде», – дейсизлер, – деди.
21 Ийса оған былай деди: – Ҳаял, Маған исен, Ќудай Єкеге бул таўда да, Ерусалимде де сыйынбайтуғын ўақыт киятыр.
22 Сизлер билмейтуғыныңызға сыйынасызлар, ал бизлер билетуғынымызға сыйынамыз. Себеби қутқарылыў яҳудийлерден.
23 Бирақ, ҳақыйқый сыйыныўшылардың Ќудай Єкеге руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйынатуғын ўақты келеди. Єне, сол ўақыт ҳәзир келди. Ќудай Єке де Ѳзине усылай сыйынатуғынларды излеп атыр.
24 Ќудай – Руўх, Оған сыйынатуғынлар да руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйыныўы тийис.
25 Ҳаял Ийсаға: – Ќутқарыўшы Масихтың келетуғынын билемен. Ол келгенде, бизлерге ҳәммесин билдиреди, – деди.
26 Ийса оған: – Сениң менен сѳйлесип турған Мен – Солман, – деди.
27 Сол ўақытта Ийсаның шәкиртлери келди ҳәм Оның бир ҳаял менен сѳйлесип турғанын кѳрип, ҳайран қалысты. Бирақ олардың ҳеш қайсысы: «Сен оннан не сорап турсаң?» ямаса «Оның менен неге сѳйлесип турсаң?» – деп сорамады.
28 Сонда ҳаял гүзесин қалдырып, қалаға кетти ҳәм адамларға:
29 – Келиңлер, маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берген Адамды кѳриңлер. Ол Масих емес пе екен? – деди.
30 Адамлар қаладан шығып, Ийсаға қарай жүрди.
31 Соның арасында шәкиртлери Ийсадан ѳтинип: – Устаз, аўқат же! – деди.
32 Бирақ Ийса оларға: – Менде сизлер билмейтуғын аўқат бар, – деди.
33 Шәкиртлер бир-бирине: – Мүмкин, биреў Оған аўқат әкелген шығар? – дести.
34 Бирақ Ийса оларға былай деди: – Мениң аўқатым – Мени Жибергенниң еркин орынлаў ҳәм Оның исин тамамлаў.
35 Сизлер: «Жыйын-теримге еле тѳрт ай бар», – деп айтпайсызлар ма? Бирақ, сизлерге айтатуғыным: кѳзлериңизди ашып, егинликке қараңлар. Олар писип жетилисип, жыйын-теримге таяр тур.
36 Орақшы ѳз ҳақын алады ҳәм мәңгилик ѳмир ушын зүрәәт жыйнайды. Солай етип, еккен де, орған да бирге қуўанады.
37 «Биреўи егеди, басқасы орады», – деген нақыл усыған туўры келеди.
38 Мен сизлерди ѳзлериңиз мийнет етпеген зүрәәтти орыўға жибердим. Басқалар мийнет еткен еди, ал сизлер олардың мийнетиниң зүрәәтин алдыңлар.
39 «Ол маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берди», – деген ҳаялдың гүўалығы себепли, сол қаладағы самариялылардың кѳбиси Ийсаға исенди.
40 Сонлықтан самариялылар Ийсаға келип, ѳзлери менен қалыўды ѳтинди. Ол сол жерде еки күн қалды.
41 Ийсаның сѳзин еситип, және де кѳбирек адамлар исенди.
42 Олар ҳаялға: – Бизлер енди сениң сѳзлериң себепли емес, ал Оның сѳзлерин ѳзлеримиз еситип, Оның ҳақыйқаттан да дүньяның Ќутқарыўшысы екенин билип, исенемиз, – дести.
43 Еки күн ѳткеннен соң, Ийса сол жерден шығып, Галилаға кетти.
44 Ийсаның Ѳзи: «Пайғамбар ѳз ўатанында қәдирсиз», – деп айтқан еди.
45 Ол Галилаға келгенде, галилалылар Оны жыллы жүзлик пенен қабыл алды. Ѳйткени олар да Ерусалимдеги Ќутқарылыў байрамына барып, Ийсаның сол жерде ислеген барлық ислерин кѳрген еди.
46 Ийса және Ѳзи суўды шарапқа айландырған Галиланың Кана қаласына келди. Сол жерде патшаның бир хызметкери болып, оның улы Капарнаҳумда аўырып атырған еди.
47 Ол Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгенин еситип, Оған барды. Келип, ѳлим тѳсегинде жатырған улына шыпа бериўди Ийсадан ѳтинди.
48 Ийса оған: – Сизлер кәраматлы белгилерди ҳәм таң қаларлық нәрселерди кѳрмегенше исенбейсизлер, ә! – деди.
49 Патша хызметкери Ийсаға: – Мырза, улым ѳлип қалмастан бурын келе гѳр! – деди.
50 Ийса оған: – Бар, улың жасайды, – деди. Ол адам Ийсаның сѳзине исенип, кетти.
51 Жолда киятырғанда оны хызметшилери қарсы алып, оған баласының тири қалғанын айтты.
52 Ол хызметшилеринен баласының аўҳалының саат нешеде жеңиллескенин сорағанда, олар: – Кеше түски саат бирде ыссылығы түсти, – дести.
53 Сонда баланың әкеси буның: «Улың жасайды», – деп Ийса айтқан ўақытта болғанын билип, оның ѳзи ҳәм шаңарағындағылардың ҳәммеси исенди.
54 Бул – Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгеннен соң ислеген екинши кәраматы еди.