Юхан жазған Хош Хабар 21 bob

1 Ийсаның Галилада жети шәкиртине көриниўи. 15 Ийсаның Петр менен сөйлесиўи. 

1 Буннан соң, Ийса Тиберия теңизиниң жағасында шәкиртлерине және кѳринди. Бул былай болды:
2 Симон Петр, Егиз деп аталған Томас, Галиланың Кана қаласынан болған Натаниел, Зебедейдиң уллары ҳәм Ийсаның шәкиртлеринен және екеўи бирге еди.
3 Симон Петр оларға: – Мен балық аўлаўға кетип баратырман, – деди. – Бизлер де сениң менен бирге барамыз, – деди олар. Олар барып, қайыққа минди. Бирақ сол түни ҳеш нәрсе тута алмады.
4 Таң атқанда, теңиздиң жағасында Ийса турған еди. Бирақ шәкиртлери Оның Ийса екенин билмеди.
5 Ийса олардан: – Ҳәй, дослар, балығыңыз жоқ па? – деп сорады. – Жоқ, – деп жуўап берди олар.
6 – Аўыңызды қайықтың оң жағына салыңлар, сонда тутасызлар, – деди Ийса. Олар аў салып, кѳп балық тутқанлықтан, аўды тартып шығара алмады.
7 Ийсаның сүйикли шәкирти Петрге: – Бул Ийемиз! – деди. «Бул Ийемиз» дегенди еситкеннен, Симон Петр жалаңаш болғанлықтан кийимин кийип, ѳзин теңизге атты.
8 Ал басқа шәкиртлер балық толы аўды сүйреп, қайық пенен келди. Ѳйткени олар жағадан шама менен тек жүз метр узақлықта еди.
9 Олар жағаға шыққанда, ол жерде жағылып атырған кѳмирди ҳәм қоздың үстине қойылған балық пенен нанды кѳрди.
10 Ийса оларға: – Ҳәзир тутқан балықларыңыздан алып келиңлер, – деди.
11 Симон Петр қайыққа минип, балыққа толы аўды жағаға тартып шығарды. Аўда бир жүз елиў үш ири балық бар еди. Балықлар соншелли кѳп болса да, аў жыртылмады.
12 Ийса оларға: – Келиңлер, азанғы аўқатты жеңлер, – деди. Шәкиртлериниң ҳеш қайсысы Оннан: «Сен кимсең?» – деп сораўға батына алмады. Себеби Оның Ийемиз екенин билетуғын еди.
13 Ийса жақынырақ келди де, нанды алып, оларға берди. Балықлар менен де усылай иследи.
14 Солай етип, бул Ийсаның ѳлимнен тирилгенинен соң, шәкиртлерине үшинши мәрте кѳриниўи еди.
15 Азанғы аўқатты жеп болғаннан соң, Ийса Симон Петрден: – Юнус улы Симон, Мени олардан да кѳбирек сүйесең бе? – деп сорады. – Аўа, Ийем. Сени жақсы кѳретуғынымды билесең-ғо, – деди Оған Петр. Ийса оған: – Ќозыларымды отлат, – деди.
16 Ийса екинши мәрте оннан: – Юнус улы Симон, Мени сүйесең бе? – деп сорады. Петр Оған: – Аўа, Ийем. Сени жақсы кѳретуғынымды билесең-ғо, – деди. Ийса оған: – Ќойларымды бақ, – деди.
17 Үшинши мәрте Ийса оннан: – Юнус улы Симон, Мени жақсы кѳресең бе? – деп сорады. Петр Оның ѳзинен үш мәрте: «Мени жақсы кѳресең бе?» – деп сорағанына қапа болды. – Ийем, Сен ҳәммесин билесең, Сени сүйетуғынымды да билесең, – деди Петр. Ийса оған былай деди: – Ќозыларымды отлат.
18 Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: жас ўақтыңда белбеўиңди ѳзиң байлап, қәлеген жериңе баратуғын едиң. Бирақ қартайғаныңда қолларыңды созып турасаң ҳәм басқа биреў белбеўиңди байлап, сени қәлемеген жериңе алып барады.
19 Ийса буны Петрдиң қандай ѳлим менен Ќудайды уллылайтуғынын билдириў ушын айтқан еди. Усыны айтып болып: – Изиме ер, – деди.
20 Петр артына бурылып, Ийсаның сүйикли шәкиртиниң излерине ерип киятырғанын кѳрди. Бул – кешки аўқат ўақтында Ийсаның кѳкирегине сүйенип жатып: «Ийем, Саған ким сатқынлық ислейди?» – деп сораған шәкирт еди.
21 Петр оны кѳрип, Ийсадан: – Ийем, оған не болады? – деп сорады.
22 Ийса оған: – Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не? Сен Мениң изиме ер, – деди.
23 Солай етип, туўысқанлар арасында: «Бул шәкирт ѳлмейди», – деген сѳз тарқалды. Бирақ Ийса Петрге: «Ол ѳлмейди», – деген жоқ. Ал: «Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не?» – деген еди.
24 Булардың ҳәммеси ҳаққында гүўалық берип, усыларды жазған сол шәкирт. Бизлер оның гүўалығының ҳақыйқат екенин билемиз.
25 Ийса ислеген басқа да кѳп ислер бар. Егер олар бирме-бир жазылғанда, жазылған китаплар дүньяға сыймас еди, деп ойлайман.