Юхан жазған Хош Хабар 11 bob

1 Лазардың өлими. 17 Ийса – қайта тирилиў ҳәм өмир. 38 Ийсаның Лазарды тирилтиўи. 45 Яҳудийлердиң Ийсаны өлтириў ушын тил бириктириўи. 

1 Бетания деген аўылда Лазар атлы бир адам аўырып атырған еди. Оның қарындаслары Мәриям менен Марта да сол аўылда жасайтуғын еди.
2 Кейинирек Ийемиз Ийсаға әтир май қуйып, Оның аяқларын шашы менен сүртетуғын ҳаял, усы Мәриям еди.
3 Апалы-сиңлили Ийсаға: «Ийем, Сениң жақсы кѳретуғын адамың аўырып атыр», – деп хабар жиберди.
4 Ийса буны еситип: – Бул аўырыўдың изи ѳлим менен жуўмақланбайды, ал Ќудайдың уллыланыўы ушын болады. Солай етип, бул арқалы Ќудайдың Улы да уллыланады, – деди.
5 Ийса Мартаны, оның сиңлисин ҳәм Лазарды сүйетуғын еди.
6 Ийса Лазардың аўырып атырғанын еситсе де, Ѳзи болып атырған жерде және еки күн қалды.
7 Соңынан шәкиртлерине: – Және Яҳудияға барайық, – деди.
8 Шәкиртлери Оған: – Устаз, яҳудийлер Сени жақында ғана тас пенен урмақшы еди-ғо. Сен және сол жерге баражақсаң ба? – деди.
9 Ийса жуўап берип: – Күндиз он еки саат бар емес пе? Күндиз жүрген адам сүрнигип жығылмайды, ѳйткени ол бул дүньяның нурын кѳреди.
10 Ал түнде жүриўши сүрнигип жығылады, себеби онда нур жоқ, – деди.
11 Ийса бул сѳзлерди айтқаннан соң, оларға және былай деди: – Достымыз Лазар уйықлап қалды. Бирақ Мен оны оятыў ушын кетип баратырман.
12 – Ийем, уйықлап қалған болса, тәўир болады, – деди шәкиртлери.
13 Ийса Лазардың ѳлимин нәзерде тутқан еди. Бирақ олар Ийса қәдимги уйқы ҳаққында айтты, деп ойлады.
14 Сонда Ийса оларға ашық айтып: – Лазар өлди.
15 Сизлердиң исениўиңиз ушын, Мениң сол жерде болмағаныма сизлер ушын қуўанышлыман. Ал енди оған барайық, – деди.
16 Сонда Егиз деп аталған Томас шәкиртлерге: – Жүриңлер кеттик, бизлер де Оның менен бирге ѳлемиз, – деди.
17 Ийса Бетанияға жақынлағанда, Лазардың қәбирге қойылғанына тѳрт күн болғанын билди.
18 Бетания Ерусалимге жақын, үш шақырымдай жерде болғанлықтан,
19 кѳп яҳудийлер Марта менен Мәриямға әжағасының ѳлими себепли кеўил айтыўға келди.
20 Марта Ийсаның киятырғанын еситип, Оны қарсы алыўға шықты. Ал Мәриям үйде қалды.
21 Марта Ийсаға: – Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам ѳлмес еди.
22 Бирақ ҳәзир де Сен Ќудайдан не сорасаң да, Ќудайдың Саған беретуғынын билемен, – деди.
23 Ийса оған: – Сениң әжағаң тириледи, – деди.
24 – Ақыреттеги қайта тирилиўде оның да қайта тирилетуғынын билемен, – деди Марта.
25 Ийса оған: – Мен қайта тирилиў ҳәм ѳмирмен. Маған исенген адам ѳлсе де, жасайды.
26 Маған исенип жасап атырған ҳәр бир адам ҳеш қашан ѳлмейди. Усыған исенесең бе? – деди.
27 Марта Оған: – Аўа, Ийем. Сениң дүньяға келетуғын Масих, Ќудайдың Улы екениңе исенемен, – деди.
28 Марта усыны айтып болып кетип қалды ҳәм Мәриямды шақырып алып: – Устаз усы жерде, сени шақырып атыр, – деп оған сыбырлады.
29 Мәриям буны еситиўден тез орнынан турды да, Ийсаның жанына кетти.
30 Ийса еле аўылға кирмеген болып, Ол Марта менен ушырасқан жерде еди.
31 Мәриям менен бирге үйде болған ҳәм оған кеўил айтып отырған яҳудийлер оның асығыслық пенен орнынан турып, сыртқа шыққанын кѳрди. Олар оны жылаў ушын қәбирге кетти деп ойлап, изине ерди.
32 Мәриям Ийса турған жерге келгенде, Оны кѳрип, аяқларына жығылды да: – Ийем! Егер Сен усы жерде болғаныңда, әжағам ѳлмес еди, – деди.
33 Мәриямның ҳәм оның менен келген яҳудийлердиң жылағанын кѳргенде, Ийса руўхый қыйналып, жаны ашыды.
34 – Оны қай жерге қойдыңлар? – деп сорады. – Ийем, келип кѳр, – деди олар.
35 Ийса кѳзине жас алды.
36 Сонда яҳудийлер: – Ќараңлар, оны қаншелли сүйер екен! – деди.
37 Бирақ олардың айырымлары: – Соқырдың кѳзлерин ашқан бул Адам Лазарды ѳлимнен аман алып қалмас па еди? – деди.
38 Ийса және ишинен терең қайғырып, қәбирге барды. Ќәбир бир үңгирде болып, оның аўзы тас пенен жабылған еди.
39 Ийса: – Тасты алып қойыңлар, – деди. Марҳумның қарындасы Марта Ийсаға: – Ийем! Енди ийисленип баратыр. Ѳйткени оның қәбирге қойылғанына тѳрт күн болды, – деди.
40 Ийса оған: – «Егер Маған исенсең, Ќудайдың уллылығын кѳресең», – деп саған айтқан жоқ па едим? – деди.
41 Солай етип, олар тасты алып қойды. Ийса кѳзлерин аспанға тигип, былай деди: – Єке! Мениң тилегимди еситкениң ушын, Саған миннетдаршылық билдиремен.
42 Мени ҳәмме ўақыт еситетуғыныңды билемен. Бирақ Мен буны усы жерде турған халық Мени Сениң жибергениңе исениўи ушын айттым.
43 Ийса усыларды айтып, бәлент даўыс пенен: – Лазар, сыртқа шық! – деп бақырды.
44 Сонда аяқ-қоллары кепинлик пенен оралған, бети орамал менен байланған ѳли тирилип, сыртқа шықты. Ийса оларға: – Оны шешиндирип жибериңлер, кете берсин, – деди.
45 Солай етип, Мәриямға келип, Ийсаның қылған ислерин кѳрген яҳудийлердиң кѳбиси Ийсаға исенди.
46 Бирақ айырымлары парисейлерге барып, Ийсаның қылған ислери ҳаққында айтып берди.
47 Сонда бас руўханийлер менен парисейлер жоқарғы кеңесте жыйналып: – Бизлер не қылыўымыз керек? Бул Адам кѳп кәраматлар ислемекте.
48 Егер Оны Ѳз еркине жиберсек, ҳәмме Оған исенип кетеди. Сонда римлилер келип, Ибадатханамызды да, елимизди де жоқ қылады, – деди.
49 Олардың бири, сол жылы бас руўханий болған Каяфа: – Сизлер ҳеш нәрсени билмейсизлер.
50 Пүткил халық набыт болғанынан гѳре, бир адамның халық ушын ѳлиўи сизлер ушын жақсырақ екенин түсинбейсизлер ме? – деди.
51 Ол бул сѳзлерди ѳзлигинен айтпаған еди. Сол жылы ол бас руўханий болғанлықтан,
52 Ийсаның яҳудий халқы ушын, тек яҳудий халқы ушын ғана емес, ал Ќудайдың тарқалып кеткен балаларын жыйнап бирлестириў ушын ѳлетуғынын болжап айтқан еди.
53 Солай етип, сол күннен баслап олар Ийсаны ѳлтириўге тил бириктирди.
54 Сонлықтан Ийса енди яҳудийлер арасында ашық жүре алмайтуғын болды. Сонда Ол шѳлдиң жақынындағы Ефраим деген қалашаға кетип, шәкиртлери менен бирге сол жерде қалды.
55 Яҳудийлердиң Ќутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди. Диний рәсим бойынша тазаланыў ушын, елдиң ҳәмме тәрепинен кѳп адамлар байрамнан бурын Ерусалимге келди.
56 Олар Ийсаны изледи ҳәм Ибадатханада турып: – Ќалай ойлайсызлар. Ол байрамға келер ме екен? – деп бир-биринен сорады.
57 Ал бас руўханийлер менен парисейлер Ийсаны услаў ушын, ким де ким Оның қай жерде екенин билсе, хабар бериўди буйырған еди.