Юхан жазған Хош Хабар 13 bob

1 Ийсаның Өз шәкиртлериниң аяғын жуўыўы. 18 Ийсаға сатқынлық. 31 Жаңа буйрық. 36 Петрдиң таныўы ҳаққында болжаў. 

1 Қутқарылыў байрамының алдыңғы күни Ийса Өзиниң бул дүньядан Әкесиниң жанына баратуғын ўақты келгенин билди. Ол бул дүньядағы Өзине тийисли адамларды сүйетуғын еди. Оларды ақырына дейин сүйди.
2 Ийса шәкиртлери менен кешки аўқатқа отырды. Шайтан әлле қашан Симон улы Яҳуда Исқариоттың кеўлине Ийсаға сатқынлық қылыў нийетин салған еди.
3 Ийса Єкесиниң ҳәмме нәрсени Оның қолына бергенин, Ѳзиниң Ќудайдан келгенин ҳәм Ќудайға қайтып баратырғанын билип,
4 дастурхан басынан турды. Сыртқы кийимин шешти де, бир сүлгини алып белине байлады.
5 Соңынан ләгенге суў қуйып, шәкиртлериниң аяқларын жуўып, белиндеги сүлги менен сүрте баслады.
6 Ийса Симон Петрдиң қасына келгенде, Петр Оған: – Ийем, мениң аяқларымды Сен жуўажақсаң ба? – деди.
7 Ийса оған жуўап берип: – Мениң не ислеп атырғанымды сен ҳәзир түсинбейсең. Бирақ соңынан түсинип аласаң, – деди.
8 – Мениң аяқларымды Сен ҳеш қашан жуўмайсаң! – деди ол. – Егер Мен сениң аяқларыңды жуўмасам, Мениң менен қатнаста болмайсаң, – деди Ийса.
9 Симон Петр Ийсаға: – Ийем, онда тек аяқларымды емес, қолларымды да, басымды да жуўа гѳр! – деди.
10 Ийса оған: – Шомылған адам пүткиллей таза. Оның тек аяқларын ғана жуўыў керек. Сизлер де тазасызлар, бирақ ҳәммеңиз емес, – деди.
11 Ийса Ѳзине кимниң сатқынлық қылатуғынын билетуғын еди. Сонлықтан: «Бирақ ҳәммеңиз емес» деген еди.
12 Шәкиртлериниң аяқларын жуўып болғаннан соң, Ийса кийимлерин кийип, жамбаслап жатты да, оларға былай деди: – Мениң сизлерге не ислегенимди түсинесизлер ме?
13 Сизлер Мени Устаз ҳәм Ийем деп атайсызлар. Дурыс айтасызлар, себеби Мен Солман.
14 Мен сизлердиң Ийеңиз ҳәм Устазыңыз бола тура, аяқларыңызды жуўған болсам, сизлер де бир-бириңиздиң аяқларыңызды жуўыўыңыз тийис.
15 Мен сизлерге не ислеген болсам, сизлер де соны ислеўиңиз ушын, Мен сизлерге ѳрнек кѳрсеттим.
16 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: хызметши хожасынан уллы емес. Елши де ѳзин жибергеннен уллы емес.
17 Егер сизлер буларды билип орынласаңыз, бахытлы боласызлар!
18 – Мен ҳәммеңиз туўралы айтып атырған жоқпан. Мен Ѳзимниң таңлап алғанларымды билемен. Бирақ Мухаддес Жазыўдағы: «Мениң нанымды жеген Маған қарсы қол кѳтерди», – деген сѳзлер орынланыўы керек.
19 Бул жүз бергенде, Мениң Сол екениме исениўиңиз ушын, Мен сизлерге ҳәзир, бул болмастан бурын айтып атырман.
20 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким Мен жиберген адамды қабыл алса, Оның Мени қабыл алғаны болады. Ким де ким Мени қабыл алса, Оның Мени Жибергенди қабыл алғаны болады.
21 Ийса буларды айтқаннан соң, руўхый қыйналып, ашық сѳйлеп былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди.
22 Шәкиртлери Оның кимди нәзерде тутып атырғанын түсинбей, бир-бирине қарасты.
23 Шәкиртлер арасында бири Оның кѳкирегине сүйенип жатырған еди. Ийса оны сүйетуғын еди.
24 Симон Петр сол шәкиртке: «Ол ким туўралы айтып атыр, сора», – деп ымлады.
25 Ийсаның кѳкирегине сүйенип жатырған сол шәкирт Оннан: – Ийем, ол ким? – деп сорады.
26 Ийса жуўап берип: – Мен мына бир бѳлек нанды малып, кимге берсем, ол – сол, – деди де, бир бѳлек нанды малып, Симон улы Яҳуда Исқариотқа берди.
27 Яҳуда нанды алыўдан-ақ, оның ишине шайтан кирди. Ийса оған: – Ќылажақ исиңди тезирек қыл, – деди.
28 Дастурхан әтирапында отырғанлардың ҳеш қайсысы Ийсаның бул сѳзлерди Яҳудаға не ушын айтқанын түсинбеди.
29 Ақша қутысы Яҳудада болғанлықтан, Ийса оған: «Байрам ушын бизлерге керекли затларды сатып ал» ямаса «Жарлыларға бир нәрсе бер», – деп атырған шығар, деп ойлады гейбиреўлери.
30 Ал Яҳуда бир бѳлек нанды алыўдан-ақ, сыртқа шығып кетти. Түн болған еди.
31 Яҳуда сыртқа шығып кеткеннен соң, Ийса былай деди: – Ҳәзир Адам Улы уллыланды. Ол арқалы Ќудай да уллыланды.
32 Ќудай Ол арқалы уллыланғанлықтан, Ќудайдың Ѳзи де Оны уллылайды. Оны тез арада уллылайды.
33 Балаларым! Енди Мен сизлер менен бирге узақ ўақыт болмайман. Мени излейсизлер, бирақ яҳудий басшыларына айтқанымдай, сизлерге де айтатуғыным: Мен баратуғын жерге сизлер бара алмайсызлар.
34 Сизлерге жаңа буйрық берип атырман: бир-бириңизди сүйиңлер! Мениң сизлерди сүйгеним сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди сүйиңлер.
35 Егер бир-бириңизди сүйсеңлер, сизлердиң Мениң шәкиртлерим екениңизди ҳәмме усы арқалы билип алады.
36 Симон Петр Ийсаға: – Ийем, Сен қаяққа баратырсаң? – деди. Ийса: – Мен баратуғын жерге сен ҳәзир изимнен ерип бара алмайсаң. Бирақ соңынан изимнен келесең, – деп жуўап берди.
37 Петр Оған: – Ийем, не ушын Сениң изиңнен ҳәзир бара алмайман? Мен Сен ушын жанымды беремен! – деди.
38 Ийса оған былай деп жуўап берди: – Мен ушын жаныңды бермекшимисең? Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: қораз шақырмастан бурын сен Меннен үш рет танасаң.