Юхан жазған Хош Хабар 12 bob

1 Мәриямның Ийсаның аяқларына әтир май қуйыўы. 12 Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи. 20 Ийсаның Өз өлими ҳаққында алдын ала айтыўы. 37 Яҳудийлердиң Ийсаға исенбеўи. 44 Ақырғы күн ҳәм ҳүким. 

1 Ќутқарылыў байрамынан алты күн алдын Ийса Бетанияға, Ѳзи ѳлимнен тирилткен Лазар жасайтуғын жерге келди.
2 Сол жерде Ийса ушын кешки зыяпат берилди. Марта хызмет етип жүрген еди. Ийса менен дастурхан әтирапында жамбаслап жатырғанлардың арасында Лазар да бар еди.
3 Сонда Мәриям ярым литр жүдә қымбатлы, сап әтир майын алып келип, Ийсаның аяқларына қуйды ҳәм Оның аяқларын шашлары менен сүртти. Үйдиң иши майдың хош ийисине толып кетти.
4 Сонда Ийсаның шәкиртлериниң бири, соңынан Оған сатқынлық ислейтуғын Яҳуда Исқариот:
5 – Не ушын бул май үш жүз динарға сатылып, ақшасы жарлыларға берилмеди? – деди.
6 Бул сѳзлерди ол жарлыларды ойлағаны ушын емес, ал уры болғаны ушын айтты. Орталықтағы пулдың қутысы онда болып, ол қутыға салынғанлардан ѳзине алатуғын еди.
7 Ийса: – Ҳаялды тынышына қой! Ол буны Мениң жерленетуғын күним ушын сақлап қойған.
8 Жарлылар ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге, бирақ Мен сизлер менен ҳәмме ўақыт бирге болмайман, – деди.
9 Кѳплеген яҳудийлер Ийсаның Бетанияда екенин билип, сол жерге келди. Олар тек Ийса ушын емес, ал Ол ѳлимнен тирилткен Лазарды кѳриў ушын да келди.
10 Ал бас руўханийлер Лазарды да ѳлтириўге тил бириктирген еди.
11 Ѳйткени ол себепли, кѳп яҳудийлер олардан кетип қалып, Ийсаға исенетуғын еди.
12 Ертеңине Ерусалимдеги байрамға келген кѳп халық Ийсаның да сол жерге келетуғынын еситип қалды.
13 Олар хурма шақаларын алып, Ийсаны қарсы алыўға шықты ҳәм бәлент даўыс пенен былай деди: – Ҳосанна! «Ийемиздиң аты менен киятырған Израилдың Патшасы жарылқансын!»
14 -
15 Мухаддес Жазыўда: «Ќорқпа, Ерусалим халқы! Мине, гүрреге минип, сениң Патшаң киятыр», – деп жазылғандай, Ийса бир гүррени таўып, оған минди.
16 Оның шәкиртлери дәслеп буны түсинбеди. Бирақ Ийса уллылыққа ерискеннен соң, бул сѳзлердиң Ол ҳаққында жазылғанын ҳәм халықтың буларды Ол ушын ислегенин еслерине түсирди.
17 Ийсаның Лазарды қәбирден шақырып, оны ѳлимнен тирилткен ўақтында Ийса менен бирге болған халық кѳргенлерин айтып жүрди.
18 Сонлықтан Ийсаның бул кәраматты ислегенин еситкен кѳп адамлар Оны қарсы алыўға шықты.
19 Ал парисейлер бир-бирине: – Кѳрип турсызлар ма? Ќолыңыздан ҳеш нәрсе келмей атыр. Пүткил дүнья Оның изине ерип кетти! – деди.
20 Байрамда сыйыныў ушын Ерусалимге келгенлер арасында базы греклер де бар еди.
21 Олар Галиланың Бетсайда қаласынан болған Филипке келип: – Мырза, бизлер Ийсаны кѳриўди қәлеймиз, – деп ѳтиниш етти.
22 Филип барып, буны Андрейге айтты. Андрей менен Филип Ийсаға барып хабарлады.
23 Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Адам Улының уллыланатуғын ўақты келди.
24 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: бийдай дәни жерге түсип ѳлмесе, ол жалғыз қалады. Ал егер ѳлсе, кѳп зүрәәт береди.
25 Ѳз жанын сүйетуғын адам оны жойтады. Ал бул дүньяда ѳз жанын жек кѳретуғын адам оны мәңгилик ѳмир ушын сақлайды.
26 Ким де ким Маған хызмет етиўди қәлесе, изиме ерсин. Мен қай жерде болсам, Мениң хызметшим де сол жерде болады. Ким де ким Маған хызмет етсе, оны Єкем иззет етеди.
27 Енди жүрегим қайғыға толды. Мен не дейин? «Єке, Мени бул ўақыттан қутқар», – дейин бе? Бирақ Мен усы ўақыт ушын келгенмен.
28 Єке, Ѳз атыңды уллыла! Сонда аспаннан: – Атымды уллыладым, Мен оны және де уллылайман, – деген саза келди.
29 Сол жерде турып, буны еситкен халық: «Аспан гүркиреди», – деди. Ал басқалары: «Оған периште сѳйледи», – деди.
30 Ийса оларға жуўап берип: – Бул саза Мен ушын емес, ал сизлер ушын еситилди.
31 Ҳәзир бул дүньяның ҳүким етилетуғын ўақты келди. Ҳәзир бул дүньяның ҳәкими қуўып шығарылады.
32 Мен жерден жоқарыға кѳтерилгенимде, ҳәмме адамларды Ѳзиме тартаман, – деди.
33 Ийса буны қандай ѳлим менен ѳлетуғынын билдириў ушын айтты.
34 Халық Оған былай деп жуўап берди: – Бизлер Мухаддес Жазыўдан Масихтың мәңги жасайтуғынын еситкенбиз. Ќалай Сен: «Адам Улы жоқарыға кѳтерилиўи тийис», – деп атырсаң? Бул Адам Улы дегени ким?
35 Ийса былай деди: – Және аз ўақыт нур сизлер менен бирге болады. Сизлерди қараңғылық баспаўы ушын, нур бар ўақытта жүрип қалыңлар. Ќараңғылықта жүрген адам қаяққа баратырғанын билмейди.
36 Сизлерде нур бар ўақытта нурға исениңлер. Сонда нурдың балалары боласызлар. Ийса усы сѳзлерди айтып болып, олардың кѳзлеринен тасаланды.
37 Ийса олардың кѳз алдында сонша кәраматлар ислесе де, олар Ийсаға исенбеди.
38 Солай етип, Ийшая пайғамбардың айтқан мына сѳзлери орынланды: «Ийем, бизлер айтқан хабарға ким исенди? Ийемниң қүдирети кимге кѳринди?»
39 Сонлықтан олар исене алмады. Себеби Ийшая пайғамбар және былай деген еди:
40 «Ќудай олардың кѳзлерин соқыр етти ҳәм жүреклерин тас қылды. Кѳзлери менен кѳрмейди, Жүреклери менен түсинбейди. Мен оларға шыпа бериўим ушын, Маған қайтып келмейди».
41 Ийшая Ийсаның уллылығын кѳргенликтен, Ол ҳаққында сѳйлеп, усы сѳзлерди айтқан еди.
42 Соған қарамастан, басшылар арасында да кѳбиси Ийсаға исенди. Бирақ парисейлерден қорқып, мәжилисханадан қуўылмаўы ушын, исенимлерин ашық мойынламады.
43 Ѳйткени олар Ќудайдың мақтаўынан гѳре, адамның мақтаўын кѳбирек жақсы кѳрди.
44 Сонда Ийса бәлент даўыс пенен былай деди: – Маған исенген адам Мени Жиберген Ќудайға исенген болады.
45 Және де, Мени кѳрген адам Мени Жиберген Ќудайды кѳрген болады.
46 Маған исенген ҳәр бир адам қараңғылықта қалмаўы ушын, Мен дүньяға нур болып келдим.
47 Ким де ким Мениң сѳзлеримди еситсе де, бирақ оларды орынламаса, Мен оны ҳүким етпеймен. Себеби Мен дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал оны қутқарыў ушын келдим.
48 Мени тән алмай, сѳзлеримди қабылламаған адамның ҳүким етиўшиси бар. Мениң сѳйлеген сѳзим ақырғы күни оны ҳүким етеди.
49 Ѳйткени Мен Ѳзлигимнен сѳйлеген жоқпан. Ал Мени жиберген Єкемниң Ѳзи не айтыўымды ҳәм қалай сѳйлеўимди Маған буйырды.
50 Оның буйрығының мәңгилик ѳмир екенин билемен. Сонлықтан Мен не айтсам да, Єкемниң Маған айтқанын айтып атырман.