Юхан жазған Хош Хабар 5 bob

1 Ҳәўиздеги ләңниң шыпа табыўы. 19 Қудай Улының бийлиги. 

1 Буннан соң, яҳудийлердиң бир байрамы болып, Ийса Ерусалимге кетти.
2 Ерусалимдеги Ќой дәрўазасы қасында еврейше Бейтеста деп аталған бес айўанлы бир ҳәўиз бар еди.
3 -
4 Бул жерде соқыр, ақсақ ҳәм ләң болған жүдә кѳп кесел адамлар жататуғын еди.
5 Сол жерде отыз сегиз жылдан бери кесел болған бир адам бар еди.
6 Ийса оның жатырғанын кѳргенде, узақ ўақыттан бери усы аўҳалда екенин билип, оннан: – Тәўир болыўды қәлейсең бе? – деп сорады.
7 Кесел адам Оған: – Мырза, суў қозғалғанда, мени ҳәўизге түсиретуғын ҳеш кимим жоқ. Мен бараман дегенше, басқа адам меннен бурын түсип алады, – деди.
8 Ийса оған: – Орныңнан тур, тѳсегиңди ал да, жүр, – деди.
9 Ол адам сол ўақытта-ақ шыпа тапты ҳәм тѳсегин алып жүрип кетти. Бул дем алыс күни еди.
10 Сонлықтан яҳудий басшылары шыпа тапқан адамға: – Бүгин дем алыс күни-ғо, тѳсегиңди алып жүриўге болмайды, – деди.
11 Бирақ, сол адам оларға былай деп жуўап берди: – Маған шыпа берген Адам: «Тѳсегиңди ал да, жүр», – деди.
12 – Саған: «Тѳсегиңди ал да, жүр», – деген Адам ким? – деп сорады олар.
13 Ал шыпа тапқан адам Оның ким екенин билмейтуғын еди. Себеби Ийса сол жердеги халықтың арасында кѳринбей қалған еди.
14 Соңынан Ийса сол адамды Ибадатханада ушыратып қалды ҳәм оған: – Мине, сен шыпа таптың. Саған және де жаманырақ нәрсе болмаўы ушын, буннан былай гүна ислеме, – деди.
15 Сол адам барып, ѳзине шыпа берген Адамның Ийса екенин яҳудий басшыларына айтып берди.
16 Сонлықтан бундай ислерди дем алыс күни ислегени ушын, яҳудий басшылары Ийсаны қуўдалай баслады.
17 Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Єкем усы күнге дейин мийнет етип киятыр, Мен де мийнет етип атырман.
18 Сол себепли яҳудий басшылары Оны ѳлтириў ушын және де кѳбирек ҳәрекет етти. Ѳйткени Ол тек дем алыс күнин бузып ғана қоймай, Ќудайды Єкем деп, Ѳзин Ќудайға теңлестирген еди.
19 Ийса яҳудийлерге былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ул Єкениң қылған ислерин кѳрмегенше, Ѳзлигинен ҳеш нәрсе ислей алмайды. Єке нени ислесе, Улы да соны ислейди.
20 Себеби Єке Улын сүйеди ҳәм ислегенлериниң ҳәммесин Оған кѳрсетеди. Сизлерди ҳайран қалдыратуғын булардан да уллырақ ислерди Оған кѳрсетеди.
21 Єкениң ѳлилерди тирилтип, оларға ѳмир бергени сыяқлы, Улы да қәлеген адамына ѳмир береди.
22 Єке ҳеш кимди ҳүким қылмайды, Ол пүткил ҳүкимди Улына тапсырған.
23 Солай етип, ҳәмме адам Єкени ҳүрмет еткени сыяқлы, Улды да ҳүрмет етсин. Улды ҳүрмет етпеген Оны жиберген Єкени де ҳүрмет етпеген болады.
24 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң сѳзлеримди тыңлап, Мени Жибергенге исенген адамда мәңгилик ѳмир бар. Ол ҳүким етилмей, ѳлимнен ѳмирге ѳтти.
25 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ѳлилердиң Ќудайдың Улының даўысын еситетуғын ўақты келеди ҳәм ол ҳәзир келди де. Оның даўысын еситкенлер тириледи.
26 Ѳйткени Єкениң Ѳзи ѳмирдиң тийкары болғаны сыяқлы, Улдың Ѳзине де ѳмирдиң тийкары болыўды рухсат етти.
27 Оған ҳүким етиў бийлигин де берди. Себеби Ол – Адам Улы.
28 Буған ҳайран қалмаңлар. Ќәбирдегилердиң ҳәммесиниң Оның даўысын еситетуғын ўақты киятыр.
29 Олар қәбирлерден шығады. Жақсылық қылғанлар жасаў ушын, жаманлық қылғанлар ҳүким етилиў ушын қайта тириледи.
30 Мен Ѳзлигимнен ҳеш нәрсе ислей алмайман. Ќалай еситсем, солай ҳүким қыламан ҳәм Мениң ҳүкимим әдил. Ѳйткени Мен Ѳз еркимди емес, ал Мени жиберген Єкемниң еркин орынлаўға тырысаман.
31 Егер Мен Ѳзим туўралы Ѳзим гүўалық берсем, гүўалығым ҳақыйқый болмайды.
32 Бирақ Мен туўралы гүўалық бериўши басқа Биреў бар, Оның Мен туўралы берип атырған гүўалығының ҳақыйқат екенин билемен.
33 Сизлер Яқыяға адамларды жибердиңлер, ол ҳақыйқат ҳаққында гүўалық берди.
34 Мен адамның гүўалығына мүтәж болмасам да, буларды сизлердиң қутқарылыўыңыз ушын айтып атырман.
35 Яқыя – жанып, нур шашып турған шыра еди. Сизлер оның нурында аз ўақыт қуўаныўды қәледиңлер.
36 Бирақ Менде Яқыяникинен уллырақ гүўалық бар. Себеби Єкемниң Маған орынлаўым ушын тапсырған ислери, усы ислеп атырған ислеримниң ѳзи Мени Єкемниң жибергени ҳаққында гүўалық берип атыр.
37 Мени жиберген Єкемниң Ѳзи Мен туўралы гүўалық берип тур. Сизлер ҳеш қашан Оның даўысын да еситпегенсизлер, жүзин де кѳрмегенсизлер.
38 Оның сѳзлери де сизлерде жай алмайды, ѳйткени сизлер Оның Жибергенине исенбей атырсызлар.
39 Сизлер Мухаддес Жазыўларды изертлейсизлер, себеби олар арқалы мәңгилик ѳмирге ийе боламыз, деп ойлайсызлар. Ал олар Мен туўралы гүўалық береди.
40 Бирақ сизлер мәңгилик ѳмирге ийе болыў ушын, Маған келиўди қәлемейсизлер-ғо.
41 Мен адамлардан мақтаў қабыл қылмайман.
42 Бирақ сизлерди билемен, кеўиллериңизде Ќудайдың сүйиспеншилиги жоқ.
43 Мен Єкемниң атынан келсем де, Мени қабыл етпей атырсызлар. Егер басқа биреў ѳз аты менен келсе, оны қабыл етесизлер.
44 Сизлер бир-бириңизден мақтаў еситиўди жақсы кѳресизлер, бирақ жалғыз Ќудайдың мақтаўына ерисиўге умтылмайсызлар. Олай болса, Маған қалай исене аласызлар?
45 Мени Єкемниң алдында сизлерди айыплайды, деп ойламаңлар. Сизлерди айыплаўшы ѳзлериңиз үмит ететуғын Муўса болады.
46 Муўсаға исенгениңизде, Маған да исенер едиңлер. Ѳйткени ол Мен туўралы жазған еди.
47 Бирақ Муўсаның Жазыўларына исенбесеңлер, Мениң сѳзлериме қалай исенесизлер?