Юхан жазған Хош Хабар 19 bob

1 Ийсаның өлимге ҳүким етилиўи. 17 Ийсаның атанақ ағашқа шегелениўи. 28 Ийсаның жан тапсырыўы. 38 Ийсаның қәбирге қойылыўы. 

1 Сонда Пилат Ийсаны услап, қамшылаўды буйырды.
2 Єскерлер тикенли шыбықлардан таж ѳрип, Ийсаның басына салды. Соңынан Оған шым қызыл шапан кийгизди.
3 Алдына келип: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп жүзине шапалақ пенен урды.
4 Пилат және сыртқа шығып, яҳудийлерге: – Мине, мениң Оннан ҳеш бир айып таппағанымды сизлерди билсин деп, Оны сизлердиң алдыңызға шығарып атырман, – деди.
5 Сонда басында тикенли тажы, үстинде шым қызыл шапаны бар Ийса сыртқа шықты. Пилат оларға: – Мине, бул Адам! – деди.
6 Бас руўханийлер менен олардың сақшылары Ийсаны кѳргенде: – Оны атанақ ағашқа шегеле, шегеле! – деп бақырысты. Пилат оларға: – Оны сизлер алып кетип, атанақ ағашқа шегелеңлер. Ѳйткени мен Оннан ҳеш қандай айып таппай атырман, – деди.
7 Яҳудий басшылары оған жуўап берип: – Бизлерде нызам бар ҳәм сол нызам бойынша, Ол ѳлиўи шәрт. Себеби Ол Ѳзин Ќудайдың Улы деп атады, – деди.
8 Пилат бул сѳзлерди еситкенде, бурынғыдан бетер қорқып кетти.
9 Ќайтадан ҳәкимханаға кирип, Ийсадан: – Сен қай жерденсең? – деп сорады. Бирақ Ийса оған жуўап бермеди.
10 Пилат Оған: – Мениң менен сѳйлеспейжақсаң ба? Сени азат қылыўға да, атанақ ағашқа шегелетиўге де бийлигим бар екенин билмейсең бе? – деди.
11 Ийса жуўап берип: – Саған Ќудайдан берилмегенде, сенде Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлик болмас еди. Сонлықтан Мени саған услап бергенниң гүнасы сениң гүнаңнан аўырырақ, – деди.
12 Сол ўақыттан баслап, Пилат Ийсаны азат етиўге тырысты. Бирақ яҳудий басшылары: – Бул Адамды азат қылсаң, Рим патшасы-Ќайсардың досты емессең. Ѳзин патша деп атайтуғын ҳәр бир адам Ќайсарға қарсы болады, – деп бақырысты.
13 Пилат бул сѳзлерди еситкенде, Ийсаны сыртқа шығарды ҳәм «Тас майданша», еврейше Габбата деп аталған жердеги ҳүким гүрсисине отырды.
14 Таярлық күни, Ќутқарылыў байрамынан бир күн бурын саат он екилер шамасында Пилат яҳудийлерге: – Мине, сизлердиң Патшаңыз! – деди.
15 Бирақ олар бақырысып: – Жоқ қыл Оны! Жоқ қыл, атанақ ағашқа шегеле! – деди. Пилат оларға: – Сизлердиң Патшаңызды атанақ ағашқа шегелейин бе? – деди. – Бизлердиң Ќайсардан басқа патшамыз жоқ, – деп жуўап берди бас руўханийлер.
16 Солай етип, Пилат Ийсаны атанақ ағашқа шегелеў ушын әскерлерге тапсырды. Єскерлер Ийсаны алып кетти.
17 Ийса Ѳз атанақ ағашын арқалап, «Бас сүйек орны», еврейше Голгота деп аталған жерге келди.
18 Сол жерде Ийсаны ҳәм Оның менен бирге еки адамды атанақ ағашқа шегеледи. Олардың биреўи оң тәрепте, екиншиси сол тәрепте, ал Ийса ортада еди.
19 Пилат жазыў жаздырып, оны атанақ ағаштың үстине илдиртти. Онда: «НАСЫРАЛЫ ИЙСА – ЯҲУДИЙЛЕРДИЊ ПАТШАСЫ», – деп жазылған еди.
20 Яҳудийлердиң кѳбиси бул жазыўды оқыды. Ѳйткени Ийса атанақ ағашқа шегеленген жер қалаға жақын еди ҳәм бул жазыў еврейше, латынша ҳәм грекше жазылған еди.
21 Яҳудийлердиң бас руўханийлери Пилатқа былай деди: – «Яҳудийлердиң Патшасы» деп жазба, «Оның Ѳзи: Мен – Яҳудийлердиң Патшасыман, деди», – деп жаз.
22 – Не жазажақ болсам жаздым, – деп жуўап берди Пилат.
23 Єскерлер Ийсаны атанақ ағашқа шегелегеннен соң, Оның сыртқы кийимин алды ҳәм оны тѳрт бѳлекке бѳлип, ҳәр қайсысы бир бѳлектен алды. Кѳйлегин де алды. Ол тигилмеген болып, бастан-аяқ бир пүтин тоқыма еди.
24 Сонлықтан әскерлер бир-бирине: – Буны жыртпайық, шек таслайық, кимге түссе, сол алсын, – деди. Бул Мухаддес Жазыўдағы мына сѳзлердиң орынланыўы ушын болды: «Сыртқы кийимимди ѳз ара бѳлисти, Кѳйлегим ушын шек таслады». Єскерлер усы айтылғанды иследи.
25 Ийсаның атанақ ағашының қасында Оның анасы, анасының апасы, Клопаның ҳаялы Мәриям ҳәм магдалалы Мәриям турған еди.
26 Ийса анасын ҳәм оның жанында турған Ѳзиниң сүйикли шәкиртин кѳргенде, анасына: – Апа, мине, сениң улың, – деди.
27 Кейин шәкиртине: – Мине, бул сениң анаң, – деди. Сол ўақыттан баслап, сол шәкирт оны ѳз үйине алды.
28 Соннан соң, Ийса ҳәммесиниң тамамланғанын билип, Мухаддес Жазыў орынланыўы ушын: – Шѳллеп турман! – деди.
29 Сол жерде ашшы шарапқа толы бир гүзе тур еди. Єскерлер сорғышты оған сиңдирип алып, иссоптың шыбығына қадады да, Ийсаның аўзына тутты.
30 Ийса оны татып кѳрип: – Орынланды, – деди де, басын ийип, жан тапсырды.
31 Бул таярлық күни еди. Ертеңги күн Ќутқарылыў байрамына туўра келетуғын айрықша дем алыс күни болғанлықтан, яҳудий басшылары денелерди атанақ ағашта қалдырыўды қәлемеди. Олар Пилаттан шегеленгенлердиң аяқларын сындырып, денелерди алып таслаўды сорады.
32 Сонда әскерлер барып, Ийса менен атанақ ағашқа шегеленгенлердиң дәслеп бириншисиниң, соңынан екиншисиниң аяқларын сындырып таслады.
33 Бирақ Ийсаның қасына келгенде, Оның әлле қашан жан тапсырғанын кѳрип, аяқларын сындырмады.
34 Буның орнына, әскерлердиң бири Оның бүйирин найза менен тести. Сол ўақытта-ақ қан менен суў ағып шықты.
35 Буны кѳрген адамның гүўалығы ҳақыйқат. Ол ѳзиниң ҳақыйқатлықты айтып атырғанын биледи. Сизлер де исениўиңиз ушын ол гүўалық берди.
36 Булардың ҳәммеси: «Оның ҳеш бир сүйеги сынбайды», – деген Мухаддес Жазыўдағы сѳзлердиң орынланыўы ушын болды.
37 Мухаддес Жазыўдың басқа бир жеринде: «Ѳзлери найза менен тескен Адамға қарайды», – делинген.
38 Буннан соң, ариматиялы Юсуп Ийсаның денесин алып кетиў ушын Пилаттан рухсат сорады. Юсуп Ийсаның шәкирти еди. Бирақ ол яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, буны жасырып жүрген еди. Пилат рухсат бергеннен соң, Юсуп барып, Ийсаның денесин алып кетти.
39 Бурын түнде Ийсаға келген Никодим де жүз қадаққа жақын мирра менен алоэ араласпасын алып келди.
40 Олар Ийсаның денесин алып, яҳудийлердиң жерлеў дәстүри бойынша, Оны хош ийисли затлар менен кепинликке орады.
41 Ийса атанақ ағашқа шегеленген жерде бир бағ болып, бул бағдың ишинде еле ҳеш ким қойылмаған бир жаңа қәбир бар еди.
42 Бул күн яҳудийлердиң таярлық күни болғанлықтан, қәбир жақын жайласқаны себепли, олар Ийсаны сол жерге қойды.