Юхан жазған Хош Хабар 15 bob

1 Жүзим ағашы ҳәм оның шақалары. 18 Дүньяның жек көриўи. 

1 – Мен – ҳақыйқый жүзим ағашыман, ал Єкем бағман.
2 Мендеги жемис бермейтуғын ҳәр бир шақаны Ол кесип таслайды. Жемис беретуғын ҳәр бир шақаны және де кѳбирек жемис берсин деп, путап тазалайды.
3 Мениң сизлерге айтқан сѳзлерим арқалы сизлер әлле қашан тазасызлар.
4 Менде болыңлар, Мен де сизлерде боламан. Ағашта болмаған шақа ѳз-ѳзинен жемис бере алмағаны сыяқлы, сизлер де Менде болмасаңлар, жемис бере алмайсызлар.
5 Мен – жүзим ағашыман, сизлер – шақаларсыз. Ким Менде болып, Мен онда болсам, ол кѳп жемис береди. Себеби Менсиз ҳеш нәрсе ислей алмайсызлар.
6 Ким де ким Менде болмаса, шақа сыяқлы сыртқа тасланып, қуўрап қалады. Бундай шақалар жыйналып, отқа тасланып жандырылады.
7 Егер сизлер Менде болып, Мениң сѳзлерим сизлерде болса, қәлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи.
8 Сизлер кѳп жемис берсеңлер, Єкем уллыланады. Сонда Мениң шәкиртлерим боласызлар.
9 Єкениң Мени сүйгени сыяқлы, Мен де сизлерди сүйдим. Мениң сүйиспеншилигиме садық болыңлар.
10 Мен Єкемниң буйрықларын орынлап, Оның сүйиспеншилигине садық болғанымдай, сизлер де егер Мениң буйрықларымды орынласаңлар, Мениң сүйиспеншилигиме садық боласызлар.
11 Буларды сизлерге Мениң қуўанышым сизлерде болыўы ушын ҳәм қуўанышыңыз толы болыўы ушын айттым.
12 Мениң буйрығым бул: Мен сизлерди қалай сүйген болсам, сизлер де бир-бириңизди солай сүйиңлер.
13 Дослары ушын ѳз жанын берген адамның сүйиспеншилигинен артық сүйиспеншилик жоқ.
14 Егер сизлер буйырғанларымды орынласаңлар, Мениң досларым боласызлар.
15 Буннан былай, сизлерди «қул» деп атамайман. Ѳйткени қул хожайынының не ислейтуғынын билмейди. Сизлерди «досларым» деп атайман. Себеби Єкемнен еситкенлеримниң ҳәммесин сизлерге билдирдим.
16 Сизлер Мени емес, Мен сизлерди таңладым. Барып жемис берсин ҳәм жемиси турақлы болсын деп, сизлерди тайынладым. Солай етип, Мениң атым менен Єкеден не сорасаңлар да, Ол сизлерге береди.
17 Сизлерге буйрығым сол: бир-бириңизди сүйиңлер!
18 – Егер дүнья сизлерди жек кѳрсе, сизлерден алдын оның Мени жек кѳргенин билиңлер.
19 Сизлер бул дүньяники болғаныңызда, дүнья ѳзине тийислилерди сүйер еди. Бирақ, сизлер бул дүньяники емессизлер: ѳйткени Мен сизлерди дүньядан таңлап алдым. Сонлықтан дүнья сизлерди жек кѳреди.
20 Мениң: «Хызметши хожасынан уллы емес», – деген сѳзлеримди еслериңизге түсириңлер. Егер адамлар Мени қуўдаласа, сизлерди де қуўдалайды. Егер Мениң сѳзимди тыңласа, сизлердиң сѳзлериңизди де тыңлайды.
21 Бул ислердиң ҳәммесин сизлерге Мениң атым себепли ислейди. Себеби олар Мени Жибергенди билмейди.
22 Егер Мен келмегенимде ҳәм оларға айтпағанымда, олардың гүналары болмас еди. Бирақ енди гүналарына кеширим жоқ.
23 Мени жек кѳрген адам Мениң Єкемди де жек кѳрген болады.
24 Егер Мен олар арасында ҳеш ким ислемеген ислерди ислемегенимде, оларда гүна болмас еди. Енди болса, олар ислеримди кѳрсе де, Мени де, Єкемди де жек кѳрди.
25 Бирақ бул олардың Мухаддес Нызамындағы: «Мени бийкарға жек кѳрди», – деген сѳзлердиң орынланыўы ушын болды.
26 Єкемнен сизлерге Мен жиберетуғын Жубатыўшы, яғный Єкемнен шығатуғын Ҳақыйқат Руўхы келгенде, Ол Мен туўралы гүўалық береди.
27 Сизлер де гүўалық бересизлер. Ѳйткени әўелден-ақ Мениң менен биргесизлер.