Юхан жазған Хош Хабар 20 bob

1 Ийсаның қайта тирилиўи. 11 Ийсаның магдалалы Мәриямға көриниўи. 19 Ийсаның шәкиртлерине көриниўи. 24 Ийсаның Томасқа көриниўи. 30 Бул китаптың мақсети. 

1 Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни таң азанда, еле қараңғы болғанда, магдалалы Мәриям қәбирге келди ҳәм қәбирдиң аўзындағы тастың алып тасланғанын кѳрди.
2 Ол жуўырып, Симон Петрге ҳәм Ийсаның жақсы кѳретуғын сол шәкиртине барды да, оларға: – Ийемизди қәбирден алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймиз, – деди.
3 Сонда Петр менен басқа шәкирт шығып, қәбирге қарай жол алды.
4 Олар жуўырып кетти. Бирақ сол шәкирт Петрден тезирек жуўырып, қәбирге биринши болып келди.
5 Ол еңкейип ишке қарап, сол жерде кепинликтиң жатырғанын кѳрди, бирақ ишке кирмеди.
6 Оның изинен Симон Петр жетип келип, қәбирге кирди. Сол жерде жатырған кепинликти ҳәм
7 Ийсаның басына оралған орамалды кѳрди. Орамал кепинлик пенен бирге емес, ал бѳлек жерде бүкленип турған еди.
8 Сонда қәбирге биринши болып келген сол шәкирт те ишке кирди ҳәм усыларды кѳрип, исенди.
9 Себеби олар Ийсаның ѳлимнен қайта тирилиўи тийис екенин айтқан Мухаддес Жазыўды елеге дейин түсинбейтуғын еди.
10 Буннан соң, шәкиртлер үйлерине қайтып кетти.
11 Ал Мәриям қәбирдиң сыртында жылап турған еди. Жылап турып, еңкейип қәбирдиң ишине қарады
12 ҳәм ақ кийимли еки периштени кѳрди. Бири Ийсаның денеси жатқан жердиң бас ушында, екиншиси аяқ ушында отырған еди.
13 Олар Мәриямнан: – Ҳаял, сен неге жылап турсаң? – деп сорады. – Ийемди алып кетипти. Оны қай жерге қойғанын билмеймен, – деди ол.
14 Усыларды айтып болып, арқасына бурылды ҳәм Ийсаның турғанын кѳрди. Бирақ Оның Ийса екенин танымады.
15 Ийса оған: – Ҳаял, сен неге жылап турсаң? Кимди излеп жүрсең? – деди. Мәриям Оны бағман деп ойлап, Оған: – Мырза, егер Оны сен алып кеткен болсаң, қай жерге қойғаныңды маған айт, мен Оны алып қайтайын, – деди.
16 Ийса оған: – Мәриям! – деди. Мәриям бурылып, еврейшелеп: – Рәббуний! – деди. (Рәббуний – «устаз» дегенди аңлатады.)
17 Ийса оған: – Маған қол тийгизбе! Себеби Мен еле Єкемниң жанына кѳтерилмедим. Ал сен туўысқанларыма барып, Мениң Єкемниң ҳәм сизлердиң Єкеңиздиң, Мениң Ќудайымның ҳәм сизлердиң Ќудайыңыздың алдына кѳтерилип баратырғанымды айт, – деди.
18 Магдалалы Мәриям шәкиртлерге барып, оларға: – Мен Ийемди кѳрдим! – деди ҳәм Ийсаның ѳзине не айтқанларын оларға хабарлады.
19 Ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни кеште шәкиртлер бирге жыйналған еди. Яҳудий басшыларынан қорққанлықтан, олар үйдиң қапыларын илип қойғанда, Ийса келди. Олардың ортасында турып, оларға: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди.
20 Буны айтып, оларға қолларын ҳәм бүйирин кѳрсетти. Шәкиртлер Ийемизди кѳрип, қатты қуўанды.
21 Ийса оларға және былай деди: – Тынышлық сизлерге яр болсын! Єкем Мени жибергени сыяқлы, Мен де сизлерди жиберип атырман.
22 Усылай деди де, оларға қарай үплеп: – Мухаддес Руўхты алыңлар.
23 Сизлер кимниң гүналарын кеширсеңлер, Ќудай да оның гүналарын кеширеди. Сизлер кимниң гүналарын кеширмесеңлер, Ќудай да оның гүналарын кеширмейди, – деди.
24 Он еки шәкирттиң бири, Егиз деп аталған Томас Ийса келгенде олардың арасында жоқ еди.
25 Сонлықтан басқа шәкиртлер оған: – Бизлер Ийемизди кѳрдик, – дести. Бирақ Томас оларға: – Оның қолларындағы шеге излерин кѳрмегенимше, бармағым менен шеге излерин ҳәм қолларым менен Оның бүйирин услап кѳрмегенимше, исенбеймен, – деди.
26 Бир ҳәптеден соң, Ийсаның шәкиртлери және үйде жыйналған еди. Томас та олар менен бирге еди. Үйдиң қапылары илик болғанда, Ийса келип, олардың ортасында турды да: – Тынышлық сизлерге яр болсын! – деди.
27 Соңынан Томасқа: – Бармағыңды берман соз. Ќолларыма қара, қолыңды созып, бүйиримди услап кѳр. Гүманланбай, исен, – деди.
28 Томас Оған жуўап берип: – Ийем мениң, Ќудайым мениң! – деди.
29 Ийса оған: – Сен Мени кѳргенликтен исендиң. Бирақ, кѳрмей исенгенлер қандай бахытлы! – деди.
30 Ийса шәкиртлериниң алдында бул китапта жазылмаған басқа да кѳп кәраматлар иследи.
31 Бирақ булар сизлердиң Ийсаның Масих, Ќудайдың Улы екенине исениўиңиз ушын ҳәм исенип, Оның аты менен ѳмирге ийе болыўыңыз ушын жазылды.