Юхан жазған Хош Хабар 8 bob

1 Бузықшылықта усланған ҳаял. 12 Ийса – дүньяның нуры. 31 Ибрайымның урпақлары. 48 Ийса ҳәм Ибрайым. 

1 Ал Ийса Зәйтүн таўына кетти.
2 Таң атқанда, Ол және Ибадатханаға қайтып барды. Пүткил халық Оның қасына келди ҳәм Ийса отырып, оларға тәлим бере баслады.
3 Сонда диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсаның алдына бузықшылық ислеп атырғанда усланған бир ҳаялды алып келди. Ҳаялды ортаға турғызып:
4 – Устаз! Бул ҳаял бузықшылық ислеп атырғанда усланды.
5 Муўса Нызамда бизлерге бундай ҳаялларды тас пенен урыўды буйырған. Сен не дейсең? – деди.
6 Олар бул сѳзлерди Ийсаны сынап, Оны айыплайтуғын бир сылтаў табыў ушын айтты. Бирақ Ийса еңкейип, бармағы менен жерге жазып отыра берди.
7 Олар сораўларын даўам ете бергеннен соң, Ийса түргелип: – Араңызда ким гүнасыз болса, сол биринши болып ҳаялға тас атсын, – деди.
8 Соңынан және еңкейип, жерге жаза берди.
9 Олар бул сѳзлерди еситкенде, жасы үлкенлеринен баслап, бирим-бирим кете баслады. Ақырында жалғыз Ийса менен ортада турған ҳаял қалды.
10 Ийса орнынан турып, ҳаялға: – Ҳаял! Олар қаяқта? Ҳеш ким сени айыпламады ма? – деди.
11 – Ҳеш ким, Мырза! – деп жуўап берди ҳаял. Ийса оған: – Мен де сени айыпламайман, бар, буннан былай гүна ислеме, – деди.
12 Ийса және халыққа былай деди: – Мен – дүньяның нурыман. Ким де ким Маған ерсе, қараңғылықта жүрмейди, ал ѳмир нурына ийе болады.
13 Сонда парисейлер Ийсаға: – Сен Ѳзиң ҳаққында Ѳзиң гүўалық берип атырсаң. Сениң гүўалығың ҳақыйқат емес, – деди.
14 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мен Ѳзим ҳаққында Ѳзим гүўалық берсем де, гүўалығым ҳақыйқат. Ѳйткени Мен қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билемен. Ал сизлер Мениң қаяқтан келгенимди ҳәм қаяққа кететуғынымды билмейсизлер.
15 Сизлер адамның ой-пикири менен ҳүким етесизлер, ал Мен ҳеш кимди ҳүким етпеймен.
16 Егер Мен ҳүким етсем де, Мениң ҳүкимим әдил. Себеби Мен жалғыз емеспен. Мен ҳәм Мени Жиберген Єкем екеўмиз бирге ҳүким етемиз.
17 Сизлердиң Мухаддес Нызамыңызда: «Еки адамның гүўалығы дурыс», – деп жазылған-ғо.
18 Мен Ѳзим ҳаққында Ѳзим гүўалық беремен ҳәм Мени жиберген Єкем де гүўалық береди.
19 Сонда олар Ийсадан: – Сениң Єкең қаяқта? – деп сорады. Ийса оларға: – Сизлер Мени де, Мениң Єкемди де билмейсизлер. Егер Мени билгениңизде, Єкемди де билер едиңлер, – деди.
20 Ийса бул сѳзлерди Ибадатханада тәлим берип атырып, садақа қутысының қасында айтты. Бирақ ҳеш ким Оны усламады, ѳйткени Оның ўақты еле келмеген еди.
21 Ийса оларға және: – Мен кетип баратырман. Сизлер Мени излейсизлер. Бирақ ѳз гүналарыңыз бенен ѳлесизлер. Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар, – деди.
22 Сонда яҳудий басшылары ѳз ара: – Ол Ѳзин Ѳзи ѳлтирежақ па екен? Неге: «Мениң баратуғын жериме сизлер келе алмайсызлар», – деп атыр? – дести.
23 Ийса оларға былай деди: – Сизлер тѳменненсиз, Мен жоқарыданман. Сизлер бул дүньядансыз, ал Мен бул дүньядан емеспен.
24 Сонлықтан Мен: «Сизлер ѳз гүналарыңыз бенен ѳлесизлер», – деген едим. Себеби Мениң Сол екениме исенбесеңлер, ѳз гүналарыңыз бенен ѳлесизлер.
25 Сонда олар Ийсадан: – Сен кимсең? – деп сорады. Ийса оларға: – Бастан-ақ сизлерге ким туўралы айтқан болсам, анық Солман.
26 Сизлер туўралы айтатуғын ҳәм сизлерди ҳүким ететуғын кѳп нәрселерим бар. Мени Жиберген ҳақыйқат ҳәм Мен Оннан не еситсем, дүньяға соны сѳйлеймен, – деди.
27 Олар Ийсаның Єке ҳаққында айтып турғанын түсинбеди.
28 Солай етип, Ийса былай деди: – Адам Улын жоқары кѳтергениңизде, Мениң Сол екенимди ҳәм Ѳзлигимнен ҳеш нәрсе ислемегенимди, ал Єкемниң Маған үйреткенлерин айтқанымды билип аласызлар.
29 Мени Жиберген Мениң менен бирге, Ол Мени жалғыз қалдырмады. Ѳйткени Мен ҳәмме ўақыт Оған унайтуғын ислерди ислеймен.
30 Ийса бул сѳзлерди айтқанда, Оған кѳп адамлар исенди.
31 Сол ўақытта Ийса Ѳзине исенген яҳудийлерге: – Егер Мениң сѳзлерим бойынша жасасаңлар, ҳақыйқый шәкиртлерим боласызлар.
32 Сизлер ҳақыйқатты билип аласызлар, ҳақыйқат сизлерди азат қылады, – деди.
33 – Бизлер – Ибрайымның урпағымыз. Ҳеш қашан ҳеш кимге қул болмағанбыз. Неге: «Азат боласызлар», – деп атырсаң? – деди олар.
34 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: гүна ислейтуғын ҳәр бир адам – гүнаның қулы.
35 Ќул үйде мәңги қалмайды, ул мәңги қалады.
36 Сонлықтан егер Ул сизлерди азат қылса, ҳақыйқаттан азат боласызлар.
37 Сизлердиң Ибрайымның урпағы екениңизди билемен. Бирақ Мени ѳлтириўди қәлейсизлер, себеби Мениң сѳзим кеўлиңизден жай алмайды.
38 Мен Єкемнен кѳргенимди айтаман. Ал сизлер әкеңизден еситкениңизди ислейсизлер.
39 Олар Ийсаға жуўап берип: – Бизлердиң бабамыз Ибрайым-ғо, – дести. Ийса оларға: – Егер сизлер Ибрайымның урпақлары болғаныңызда, Ибрайымның ислерин ислер едиңлер.
40 Бирақ енди Мени, Ќудайдан еситкен ҳақыйқатты сизлерге айтқан Адамды ѳлтирежақсызлар. Ибрайым бундай исти ислемеди.
41 Сизлер ѳз әкеңиздиң ислерин қылып атырсызлар, – деди. – Бизлер некесиз туўылған жоқпыз. Бизлердиң бир ғана Єкемиз бар, Ол – Ќудай, – деп жуўап берди олар.
42 Ийса оларға былай деди: – Егер Ќудай сизлердиң Єкеңиз болғанда, Мени сүйер едиңлер. Ѳйткени Мен Ќудайдан келдим ҳәм усы жердемен. Мен Ѳзлигимнен келгеним жоқ, Мени Ол жиберди.
43 Неге айтқанларыма түсинбейсизлер? Себеби Мениң сѳзимди тыңлай алмайсызлар.
44 Сизлер ѳз әкеңиз шайтаннансыз, сизлер оның тилеклерин орынлаўды қәлейсизлер. Ол бастан-ақ адам ѳлтириўши еди. Ол ҳақыйқат тәрепинде турмаған, ѳйткени онда ҳақыйқатлық жоқ. Ол ѳтирик сѳйлеген ўақытта ѳз тәбиятына тән сѳйлейди. Себеби ол ѳтирикши ҳәм ѳтириктиң әкеси.
45 Бирақ Мен ҳақыйқатты айтып турғанлықтан, Маған исенбей атырсызлар.
46 Ќайсы бириңиз Мени гүналы деп, айыплай аласыз? Егер ҳақыйқатты айтып турған болсам, неге Маған исенбей атырсызлар?
47 Ким Ќудайдан болса, Ќудайдың сѳзлерин тыңлайды. Ал сизлер Ќудайдан болмағанлықтан тыңламай атырсызлар.
48 Яҳудийлер Ийсаға жуўап берип: – Сен самариялысаң ҳәм Сени жин урған, деп айтқанымыз дурыс емес пе? – деди.
49 Ийса жуўап берип былай деди: – Мени жин урған жоқ. Бирақ Мен Єкемди ҳүрмет қыламан, ал сизлер Мени масқаралап атырсызлар.
50 Мен Ѳзиме уллылық излемеймен. Уллылығымды излеўши ҳәм ҳүким етиўши Биреў бар.
51 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким сѳзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан ѳлим кѳрмейди.
52 Яҳудийлер Ийсаға: – Сени жин урғанын енди билдик. Ибрайым ҳәм пайғамбарлар ѳлип кетти. Ал Сен: «Ким де ким Мениң сѳзлеримди орынласа, ол ҳеш қашан ѳлим кѳрмейди», – деп атырсаң.
53 Сен бизлердиң бабамыз Ибрайымнан уллымысаң? Ол да, пайғамбарлар да ѳлип кеткен. Сен Ѳзиңди ким деп санайсаң? – деди.
54 Ийса жуўап берип былай деди: – Егер Мен Ѳзимди Ѳзим уллыласам, Мениң уллылығым пуш болады. Мени уллылайтуғын, сизлер «Ќудайымыз» деп атайтуғын Мениң Єкем.
55 Сизлер Оны билмейсизлер, ал Мен Оны билемен. Егер Оны билмеймен, десем, сизлер сыяқлы ѳтирикши боламан. Бирақ Мен Оны билемен ҳәм Оның сѳзин орынлайман.
56 Бабаңыз Ибрайым Мениң келетуғын күнимди кѳретуғынына қуўанды ҳәм кѳрип шадланды.
57 Яҳудийлер Ийсаға: – Сен еле елиў жасқа да толғаның жоқ-ғо. Сен Ибрайымды кѳрдиң бе? – деди.
58 Ийса оларға: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ибрайым туўылмастан бурын Мен бар едим, – деди.
59 Сонда олар Ийсаға ылақтырыў ушын тас алды. Бирақ Ийса олардан жасырынып, Ибадатханадан шығып кетти.