Юхан жазған Хош Хабар 3 bob

1 Ийса ҳәм Никодим. 22 Ийса ҳәм Яқыя. 

1 Парисейлер арасында яҳудий басшыларының бири болған Никодим атлы бир адам бар еди.
2 Ол бир күни түнде Ийсаға келип, Оған: – Устаз, Сениң Ќудайдан келген бир муғаллим екениңди билемиз. Себеби ҳеш ким Ќудай оның менен бирге болмаса, Сен ислеп атырған кәраматларды ислей алмайды, – деди.
3 Ийса оған: – Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким қайтадан туўылмаса, Ќудайдың Патшалығын кѳре алмайды, – деп жуўап берди.
4 Никодим Ийсадан: – Ќартайған адам қалай қайтадан туўыла алады? Ол анасының қурсағына екинши мәрте кирип, қайтадан туўыла ала ма? – деп сорады.
5 Ийса оған жуўап берип былай деди: – Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким де ким суўдан ҳәм Мухаддес Руўхтан туўылмаса, Ќудай Патшалығына кире алмайды.
6 Денеден туўылған – дене, Мухаддес Руўхтан туўылған – руўх болады.
7 Саған: «Ќайтадан туўылыўың керек», – дегениме ҳайран қалма.
8 Самал қәлеген жеринде еседи, оның даўысын еситесең, бирақ қаяқтан келип, қаяққа кететуғынын билмейсең. Мухаддес Руўхтан туўылған ҳәр бир адам да усындай.
9 Никодим Ийсадан: – Бул қалай болыўы мүмкин? – деп сорады.
10 Ийса оған былай деп жуўап берди: – Сен Израилдың устазы бола тура, усыларды билмейсең бе?
11 Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: бизлер билгенимизди сѳйлеймиз, кѳргенимиз ҳаққында гүўалық беремиз. Ал сизлер бизлердиң гүўалығымызды қабыл етпей атырсызлар.
12 Сизлерге жердеги нәрселер ҳаққында айтқанымда исенбесеңлер, аспандағы нәрселер ҳаққында айтсам, қалай исенесизлер?
13 Аспаннан келген Адам Улынан басқа ҳеш ким аспанға шыққан емес.
14 Муўсаның шѳлде жыланды жоқары кѳтергени сыяқлы, Адам Улы да жоқары кѳтерилиўи тийис.
15 Сонлықтан Оған исенген ҳәр бир адам мәңгилик ѳмирге ийе болады.
16 Себеби Ќудай бул дүньяны соншелли сүйгенликтен, Ѳзиниң жалғыз Улын берди. Оның Улына исенген ҳәр бир адам набыт болмай, мәңгилик ѳмирге ийе болады.
17 Ќудай Улын бул дүньяны ҳүким етиў ушын емес, ал дүньяны Ол арқалы қутқарыў ушын жиберди.
18 Оған исенген адам ҳүким етилмейди. Ал исенбеген адам әлле қашан ҳүким етилген, ѳйткени ол Ќудайдың жалғыз Улының атына исенбеди.
19 Ҳүким мынадан ибарат: дүньяға нур келди, бирақ адамлардың ислери жаман болғанлықтан, олар нурға қарағанда қараңғылықты жақсы кѳрди.
20 Жаманлық ислеўши ҳәр бир адам нурды жек кѳреди ҳәм ислери әшкара болмаўы ушын, нурға келмейди.
21 Бирақ ҳақ ис ислеўши адам ислериниң Ќудай алдында исленгени кѳринсин деп, нурға келеди.
22 Буннан соң, Ийса шәкиртлери менен Яҳудияға келди. Бир неше ўақыт олар менен бирге сол жерде қалып, адамларды шомылдырды.
23 Яқыя да Салимниң қасындағы Айнонда шомылдырып жүрди, себеби ол жерде суў мол еди. Адамлар келип, шомылдырылатуғын еди.
24 Ѳйткени Яқыя еле қамалмаған еди.
25 Сонда Яқыяның шәкиртлери менен бир яҳудий арасында диний әдет бойынша тазаланыў ҳаққында тартыс пайда болды.
26 Олар Яқыяға келип: – Устаз, Иордан дәрьясының арғы жағасында сениң менен бирге болған, сен гүўалық берген Адам бар-ғо, Сол шомылдырып жүрипти. Ҳәмме адам Оған бармақта, – деди.
27 Яқыя былай деп жуўап берди: – Ќудайдан берилмесе, адам ѳзине ҳеш нәрсе ала алмайды.
28 «Мен Масих емеспен, мен тек Оның алдынан жиберилгенмен», – деп айтқаныма сизлер гүўасызлар.
29 Келиншек кимге тийисли болса, сол күйеў болады. Бирақ күйеўди тыңлап турған досты оның даўысын еситип, қатты қуўанады. Мен де сондай қуўанышқа толдым.
30 Оның уллыланыўы, ал мениң пәсейиўим тийис.
31 Жоқарыдан келген ҳәммеден уллы. Жерден болған жерге тийисли ҳәм жердеги нәрселер ҳаққында сѳйлейди. Ал аспаннан келген ҳәммеден уллы.
32 Ол кѳргени ҳәм еситкени ҳаққында гүўалық береди, бирақ гүўалығын ҳеш ким қабыл етпейди.
33 Оның гүўалығын қабыл еткен Ќудайдың ҳақ екенин тастыйықлайды.
34 Ќудай тәрепинен жиберилген Ќудайдың сѳзлерин сѳйлейди. Себеби Ќудай Руўхын ѳлшеўсиз береди.
35 Єке Ѳз Улын сүйеди ҳәм ҳәмме нәрсени Оның қолына тапсырған.
36 Улға исенген адам мәңгилик ѳмирге ийе болады. Улды тыңламаған адам ѳмир кѳрмейди, ал Ќудайдың ғәзеби оның үстинде қалады.