Юхан жазған Хош Хабар 9 bob

1 Ийсаның иштен соқыр болып туўылған адамға шыпа бериўи. 35 Руўхый соқырлық, 

1 Ийса ѳтип баратырғанда, иштен соқыр болып туўылған бир адамды кѳрди.
2 Шәкиртлери Ийсадан: – Устаз! Бул адамның соқыр болып туўылыўы кимниң гүнасы себепли болды, ѳзиниң бе ямаса ата-анасының ба? – деп сорады.
3 Ийса былай деп жуўап берди: – Бул адамның ѳзиниң де, ата-анасының да гүнасы себепли болған жоқ. Ќудайдың ислери оның ѳмиринде кѳриниўи ушын, ол соқыр болып туўылды.
4 Еле күндиз екен, Мени Жибергенниң ислерин ислеўимиз керек. Түн келеди, сонда ҳеш ким ислей алмайды.
5 Мен дүньяда екенмен, дүньяның нурыман.
6 Ийса бул сѳзлерди айтып болып, жерге түкирди де, түкириктен ылай ислеп, оны соқырдың кѳзлерине жақты
7 ҳәм оған: – Барып, Силоҳа ҳәўизинде жуўын, – деди. Силоҳа – «Жиберилген» деген мәнисти билдиреди. Ол барып жуўынды ҳәм кѳзлери кѳретуғын болып, қайтып келди.
8 Сонда қоңсылары ҳәм бурын оның тиленшилик етип отырғанын кѳргенлер: – Бул – тиленшилик етип отыратуғын сол адам емес пе? – деди.
9 Биреўлери: «Аўа, сол», десе, басқалары: «Яқ, ол тек соған уқсайды», дести. Ал оның ѳзи: «Мен сол адамман», деди.
10 – Олай болса, кѳзлериң қалай ашылды? – деп сорады олар.
11 Ол жуўап берип: – Ийса деген Адам ылай ислеп, кѳзлериме жақты ҳәм маған: «Силоҳа ҳәўизине барып, жуўын», – деди. Сонда мен барып, жуўындым ҳәм кѳзлерим кѳретуғын болды, – деди.
12 Олар: – Ол қаяқта? – деп сорады. – Билмеймен, – деди ол.
13 Адамлар бурын соқыр болған адамды парисейлердиң алдына алып барды.
14 Ийсаның ылай ислеп, соқырдың кѳзин ашқан күн дем алыс күни еди.
15 Сонда парисейлер де оннан кѳзлериниң қалай кѳретуғын болғанын сорады. Сол адам оларға: – Ийса мениң кѳзлериме ылай жақты. Мен жуўындым ҳәм енди кѳретуғын болдым, – деди.
16 Сонда гейбир парисейлер: – Бул Адам Ќудайдан емес. Ѳйткени дем алыс күни жумыс ислеп атыр, – деди. Бирақ басқалары: – Гүнакар адам бундай кәраматларды қалай ислей алады? – деди. Солай етип, олардың арасында бѳлиниў пайда болды.
17 Олар және бурын соқыр болған сол адамнан: – Кѳзлериңди ашқан сол Адам ҳаққында сен не айтасаң? – деп сорады. – Ол пайғамбар, – деди ол.
18 Бирақ яҳудий басшылары кѳзлери ашылған адамның ата-анасын шақыртпағанша, оның бурын соқыр болғанына ҳәм енди кѳзлериниң кѳретуғынына исенбеди.
19 Олар оның ата-анасынан: – Иштен соқыр болып туўылды, деп айтқан улыңыз усы ма? Енди ол қалай кѳретуғын болды? – деп сорады.
20 Оның ата-анасы жуўап берип: – Оның бизлердиң улымыз екенин ҳәм соқыр болып туўылғанын билемиз.
21 Бирақ, енди қалай оның кѳретуғын болғанын ҳәм оның кѳзлерин кимниң ашқанын билмеймиз. Ѳзинен сораң, ол ержеткен, ѳзи ушын ѳзи сѳйлесин, – деди.
22 Соқыр адамның ата-анасы яҳудий басшыларынан қорққанлықтан усылай деди. Себеби яҳудий басшылары: «Ким Ийсаның Масих екенин тән алса, ол мәжилисханадан қуўылсын», – деп тил бириктирген еди.
23 Сонлықтан оның ата-анасы: «Ол ержеткен, ѳзинен сораң», – деген еди.
24 Солай етип, парисейлер соқыр болған адамды екинши мәрте шақырып, оған: – Ҳақыйқатын айтып, Ќудайды мақта! Бизлер бул Адамның гүнакар екенин билемиз, – деди.
25 – Ол гүнакар ма, гүнакар емес пе, билмеймен. Мен тек бир нәрсени билемен: соқыр едим, енди кѳретуғын болдым, – деп жуўап берди ол.
26 Олар және оннан: – Ол саған не иследи? Кѳзлериңди қалай ашты? – деп сорады.
27 – Мен сизлерге жаңа ғана айттым-ғо, бирақ сизлер тыңламадыңлар. Және не еситпекшисизлер? Сизлер де Оның шәкиртлери болыўды қәлейсизлер ме? – деп жуўап берди ол.
28 Сонда яҳудийлер оған жекиринип: – Сен Оның шәкирти! Ал бизлер Муўсаның шәкиртлеримиз!
29 Ќудайдың Муўса менен сѳйлескенин билемиз. Бирақ бул Адамның қаяқтан келгенин билмеймиз, – деди.
30 Кѳзи ашылған адам оларға: – Таң қаларлығы сол-дә! Сизлер Оның қаяқтан келгенин билмейсизлер, бирақ Ол мениң кѳзлеримди ашты.
31 Бизлер Ќудайдың гүнакарларды тыңламайтуғынын билемиз. Бирақ ким де ким Ќудайды сыйлап, Оның еркин орынласа, соны тыңлайды.
32 Дүнья бар болғалы, иштен соқыр болып туўылған адамның кѳзин биреўдиң ашыўы – ҳеш еситилмеген гәп.
33 Егер бул Адам Ќудайдан болмағанда, ҳеш нәрсе ислей алмас еди, – деди.
34 Яҳудийлер оған жуўап берип: – Ѳзиң пүткиллей гүнаға батып туўылғансаң, сен бе бизлерди үйрететуғын? – деп, оны қуўып шығарды.
35 Парисейлердиң оны қуўып шығарғанын еситкен Ийса оны таўып: – Сен Адам Улына исенесең бе? – деп оннан сорады.
36 Ол жуўап берип: – Мырза, Ол ким? Маған айт, мен де Оған исенейин, – деди.
37 Ийса оған: – Сен Оны кѳрдиң. Мине, сениң менен сѳйлесип турған – Оның Ѳзи, – деди.
38 Сонда ол: – Ийем, исенемен, – деп, Ийсаға табынды.
39 Ийса: – Соқырлар кѳрсин, кѳретуғынлар соқыр болсын деп, Мен бул дүньяны ҳүким етиўге келдим, – деди.
40 Ийсаның қасында болған айырым парисейлер бул сѳзлерди еситип, Оған: – Не, бизлер де соқырмыз ба? – деди.
41 Ийса оларға: – Егер сизлер соқыр болғаныңызда, гүнаңыз болмас еди. Бирақ: «Кѳзлеримиз кѳреди» дегениңиз ушын, гүнаңыз мойныңызда қалады, – деди.