1 Ийсаның бес мың адамды тойғызыўы. 16 Ийсаның теңиздиң үсти менен жүриўи. 25 Ийса – өмир наны. 60 Мәңгилик өмир сөзлери.
Юхан жазған Хош Хабар 6 bob
1 Буннан соң, Ийса Галила, яғный Тиберия теңизиниң арғы жағасына ѳтти.
2 Оның аўырыўларға ислеген кәраматларын кѳргенликтен, кѳп халық изине ерди.
3 Ийса таўға шығып, шәкиртлери менен бирге сол жерде отырды.
4 Яҳудийлердиң Ќутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди.
5 Ийса басын кѳтерип, Ѳзине қарай кѳп халықтың киятырғанын кѳрип, Филиптен: – Бул адамларға жегизиў ушын нанды қаяқтан сатып аламыз? – деп сорады.
6 Ийса бул гәпти оны сынаў ушын айтты. Себеби Ол не ислейжақ екенин Ѳзи билетуғын еди.
7 Филип Оған: – Олардың ҳәр бирине аз-маз берсек те, еки жүз динарлық нан жетпейди-ғо, – деп жуўап берди.
8 Шәкиртлеринен бири, Симон Петрдиң туўысқаны Андрей Ийсаға:
9 – Бул жерде бир балада бес арпа наны менен еки балық бар. Бирақ усыншама адам ушын булар не болады? – деди.
10 Ийса: – Халықты жерге отырғызыңлар, – деди. Ол жерде шѳп кѳп болғанлықтан, бес мыңға шамалас ер адам жерге жамбаслады.
11 Сонда Ийса нанларды алып, Ќудайға шүкирлик етти де, отырғанларға үлестирип берди. Сол сыяқлы, оларға балықларды да қәлегенинше бѳлип берди.
12 Ҳәмме жеп тойғанда, Ийса шәкиртлерине: – Аўысқан бѳлеклерин жыйнап алыңлар, ҳеш нәрсе зая болмасын, – деди.
13 Солай етип, шәкиртлер адамлар жеген бес арпа нанынан аўысқан бѳлеклерди жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.
14 Халық Ийсаның ислеген кәраматын кѳрип: – Ҳақыйқаттан да, Бул дүньяға келетуғын пайғамбар екен, – дести.
15 Ийса олардың келип, Ѳзин патша қылыў ушын зорлық пенен услайжақ екенин билгенде, және жалғыз Ѳзи таўға шығып кетти.
16 Кеш болғанда, Ийсаның шәкиртлери теңизге барды.
17 Олар бир қайыққа минип, теңиздиң арғы жағасындағы Капарнаҳумға қарай жол алды. Ќараңғы түссе де, Ийса еле олардың қасына келмеген еди.
18 Күшли самал есип, теңиз толқынлана баслады.
19 Шәкиртлер бес-алты шақырымдай жүзгеннен соң, теңиздиң үсти менен жүрип, қайыққа жақынласып киятырған Ийсаны кѳрип, қорқып қалысты.
20 Бирақ Ийса оларға: – Бул – Мен, қорқпаңлар! – деди.
21 Сонда олар Ийсаны қайыққа миндирмекши болды. Ќайық сол ўақытта-ақ олар баратырған жағаға келип тоқтады.
22 Ертеңине теңиздиң арғы жағасында қалған халық ол жерде тек бир қайық болғанын, Ийсаның Ѳзи шәкиртлери менен бирге бул қайыққа минбегенин, ал тек шәкиртлериниң ѳзлери кеткенин билди.
23 Сонда Ийемиз шүкирлик етип берген нанды халық жеген жердиң жақынына Тибериядан бир неше қайықлар келди.
24 Ийсаның да, шәкиртлериниң де ол жерде жоқ екенин кѳрген халық қайықларға минди ҳәм Ийсаны излеп, Капарнаҳумға кетти.
25 Олар Ийсаны теңиздиң арғы жағасынан таўып, Оннан: – Устаз, Сен бул жерге қашан келдиң? – деп сорады.
26 Ийса оларға жуўап берип: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер Мени кәраматлар кѳргениңиз ушын емес, ал нан жеп тойғаныңыз ушын излеп атырсызлар.
27 Сизлер бузылатуғын азық ушын емес, ал мәңгилик ѳмирге сақланатуғын азық ушын мийнет етиңлер. Оны сизлерге Адам Улы береди. Ѳйткени Ќудай Єке Оған Ѳз мѳрин басып, бийлик берди, – деди.
28 Олар Ийсадан: – Ќудайға унайтуғын ислерди ислеўимиз ушын не қылыўымыз керек? – деп сорады.
29 – Ќудайға унайтуғын ис – Оның Жибергенине исениў, – деп жуўап берди Ийса.
30 Олар Ийсаға: – Бизлер кѳрип, Саған исениўимиз ушын, қандай кәрамат кѳрсетежақсаң? Не ислейжақсаң?
31 «Жеў ушын оларға аспаннан нан берди», – деп жазылғандай, ата-бабаларымыз шѳлде манна жеген, – деди.
32 Ийса оларға: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлерге аспаннан нан берген Муўса емес, ал аспаннан ҳақыйқый нанды сизлерге берип турған – Мениң Єкем.
33 Себеби Ќудайдың наны аспаннан келип, дүньяға ѳмир береди, – деди.
34 Халық Ийсаға: – Мырза, бизлерге бундай нанды ҳәмме ўақыт берип тур, – деди.
35 Ийса оларға былай деди: – Мен – ѳмир наныман. Маған келген адам ҳеш қашан аш болмайды ҳәм Маған исенген адам ҳеш қашан шѳллемейди.
36 Бирақ Мен сизлерге: «Мени кѳрдиңлер, сонда да Маған еле исенбей атырсызлар», – дедим-ғо.
37 Єкемниң Маған бергенлериниң ҳәммеси Маған келеди. Маған келгенлерди ҳеш қашан қуўып шығармайман.
38 Ѳйткени Мен Ѳз еркимди емес, ал Мени Жибергенниң еркин орынлаў ушын аспаннан келдим.
39 Оның Маған бергенлериниң ҳеш бирин жойтпаўым, ал ақырғы күнде ҳәммесин тирилтиўим – бул Мени Жибергенниң ерки.
40 Єкемниң ерки – Оның Улын кѳрип, Оған исенген ҳәр бир адамның мәңгилик ѳмирге ийе болыўы. Мен оны ақырғы күни тирилтемен.
41 Сонда «Мен аспаннан келген нанман», – дегени ушын, яҳудийлер Ийсаға наразылық билдире баслады.
42 – Бул – Юсуптың улы Ийса емес пе? Бизлер Оның ата-анасын таныймыз-ғо. Енди қалай Ол: «Аспаннан келдим», – деп айтып отыр? – дести олар.
43 Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Ѳз ара наразы болмаңлар.
44 Егер Мени Жиберген Єкем алып келмесе, ҳеш ким Маған келе алмайды, ал Маған келгенди ақырғы күни тирилтемен.
45 Пайғамбарлардың Жазыўларында: «Ҳәммеси Ќудай тәрепинен үйретиледи», – деп жазылған. Єкемнен еситип, Оннан үйренген ҳәр бир адам Маған келеди.
46 Ќудайдан Келгеннен басқа ҳеш ким Єкени кѳрген емес, Єкени тек ғана Ол кѳрген.
47 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: исенген адам мәңгилик ѳмирге ийе.
48 Мен – ѳмир наныман.
49 Ата-бабаларыңыз шѳлде манна жесе де, ѳлип кетти.
50 Бул жерде аспаннан келген бир нан бар, оны жеген адам ѳлмейди.
51 Мен – аспаннан келген тири нанман. Егер ким де ким бул нанды жесе, мәңги жасайды. Дүньяға ѳмир бериў ушын, Мен беретуғын бул нан – Ѳз денем.
52 Сонда яҳудийлер: – Ол қалай бизлерге Ѳз денесин жеўге бере алады? – деп ѳз ара тартыса баслады.
53 Ийса оларға былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Адам Улының денесин жеп, қанын ишпесеңлер, сизлерде ѳмир болмайды.
54 Мениң денемди жеп, қанымды ишкен адамда мәңгилик ѳмир бар ҳәм Мен оны ақырғы күни тирилтемен.
55 Себеби Мениң денем – ҳақыйқый азық, қаным – ҳақыйқый ишимлик.
56 Денемди жеп, қанымды ишкен адам Менде жасайды, Мен онда жасайман.
57 Мени тири Єкем жибергендей ҳәм Мениң Єкем арқалы жасап атырғанымдай, Мениң денемди жеген адам да Мен арқалы жасайды.
58 Аспаннан түскен нан, мине – усы. Бул нан ата-бабаларыңыз жеген маннаға уқсамайды. Олар ѳлип кетти, ал бул нанды жеген адам мәңги жасайды.
59 Ийса бул сѳзлерди Капарнаҳумдағы мәжилисханада тәлим бергенде айтты.
60 Шәкиртлериниң кѳбиси буны еситип: – Ќандай қыйын сѳзлер! Буны ким қабыллай алады? – деди.
61 Шәкиртлериниң буған наразы болғанын билип, Ийса былай деди: – Бул сѳзлер исениўиңизге тосқынлық қылып атыр ма?
62 Егер Адам Улының бурын болған жерине кѳтерилгенин кѳрсеңиз ше?
63 Руўх ѳмир береди, ал дене пайда келтирмейди. Сизлерге айтқан сѳзлерим руўх ҳәм ѳмир.
64 Бирақ араңызда исенбейтуғынлар бар. Ѳйткени Ийса кимлердиң исенбейтуғынын ҳәм кимниң Ѳзине сатқынлық ислейтуғынын бурыннан-ақ билетуғын еди.
65 Ийса және: – «Єкем жол қоймаса, ҳеш ким Маған келе алмайды», – деп сол себепли айтқан едим, – деди.
66 Сол ўақыттан баслап, Ийсаның шәкиртлериниң кѳбиси кетип қалып, енди Оның менен жүрмейтуғын болды.
67 Сонда Ийса он еки шәкиртинен: – Сизлер де кетпекшимисиз? – деп сорады.
68 Симон Петр жуўап берип: – Ийем, бизлер кимге барамыз? Сенде мәңгилик ѳмир сѳзлери бар.
69 Бизлер исенемиз ҳәм билемиз: Сен – Ќудайдың Мухаддесисең, – деди.
70 Ийса оларға: – Сизлерди, он екини таңлап алған Ѳзим емес пе? Бирақ араңыздағы бириңиз – шайтан, – деди.
71 Ол Симон улы Яҳуда Исқариот ҳаққында айтқан еди. Себеби Яҳуда он екиниң бири болса да, кейин Ийсаға сатқынлық иследи.