1 Ийсаның биринши кәраматы. 13 Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы.
Юхан жазған Хош Хабар 2 bob
1 Еки күн ѳткеннен соң, Галиланың Кана қаласында үйлениў тойы болды. Ийсаның анасы сол жерде еди.
2 Ийса менен шәкиртлери де тойға мирәт етилген еди.
3 Шарап таўсылғанда, Ийсаның анасы Оған: – Олардың шарабы таўсылды, – деди.
4 Ийса оған: – Апа, бул Мениң жумысым емес. Мениң ўақтым еле келген жоқ, – деди.
5 Ийсаның анасы хызметшилерге: – Ол сизлерге не десе де, соны ислеңлер, – деди.
6 Сол жерде диний әдет бойынша яҳудийлер тазаланыў ушын қолланатуғын, ҳәр қайсысы шама менен жүз литр алатуғын алты тас гүзе бар еди.
7 Ийса хызметшилерге: – Гүзелерди суўға толтырыңлар, – деди. Олар гүзелерди аўзына дейин толтырды.
8 Сонда Ийса хызметшилерге: – Енди буннан алып, той басқарыўшыға апарыңлар, – деди. Олар алып барды.
9 Той басқарыўшы шарапқа айланған суўды татып кѳрди. Оның қаяқтан келгенин билмеди, тек алып келген хызметшилер ғана билетуғын еди. Той басқарыўшы күйеўди шақырып:
10 – Ҳәр бир адам алдын жақсы шарапты, адамлар мәс болғаннан соң пәсирегин береди. Бирақ сен жақсы шарапты ҳәзирге дейин сақлапсаң-ғо, – деди.
11 Ийса бул биринши кәраматын Галиланың Кана қаласында ислеп, Ѳз уллылығын кѳрсетти. Шәкиртлери де Оған исенди.
12 Буннан кейин Ийса анасы, туўысқанлары ҳәм шәкиртлери менен Капарнаҳум қаласына келди ҳәм ол жерде бир неше күн қалды.
13 Яҳудийлердиң Ќутқарылыў байрамы жақынласып қалғанда, Ийса Ерусалимге кетти.
14 Ибадатханада ири қара мал, қой ҳәм кептер сатыўшыларды, сол жерде отырған ақша алмастырыўшыларды кѳрди.
15 Ийса арқаннан қамшы ислеп, қойлар менен ири қара малға қосып ҳәммесин Ибадатханадан қуўып шығарды. Ақша алмастырыўшылардың ақшаларын шашып, столларын аўдарып таслады.
16 Ол кептер сатыўшыларға: – Мыналарды бул жерден жоқ етиңлер, Єкемниң үйин базарға айландырмаңлар! – деди.
17 Сонда шәкиртлери: «Сениң үйиңе болған қызғанышым Мени жеп жиберди», – деп айтылған Мухаддес Жазыўдағы аятты еслерине түсирди.
18 Яҳудий басшылары Ийсадан: – Буларды ислеўге бийлигиң бар екенин бизлерге қандай кәраматлы белги менен дәлиллей аласаң? – деп сорады.
19 Ийса оларға жуўап берип: – Бул Ибадатхананы бузыңлар, Мен оны үш күнниң ишинде қайта тиклеймен, – деди.
20 Олар Ийсаға: – Бул Ибадатхана қырық алты жылда қурылған, Сен оны үш күнниң ишинде тиклемекшимисең? – деди.
21 Бирақ Ийсаның Ибадатхана деп айтқаны Ѳз денеси еди.
22 Ийса ѳлимнен қайта тирилгеннен соң, шәкиртлери Оның бул сѳзлерин еслерине түсирип, Мухаддес Жазыўға ҳәм Ийсаның бул сѳзине исенди.
23 Ийса Ерусалимде, Ќутқарылыў байрамында болғанда, кѳплер Ол ислеген кәраматларды кѳрип, Оның атына исенди.
24 Бирақ Ийса ҳәмме адамлардың кеўиллерин билгенликтен, оларға исенбеди.
25 Оған адам ҳаққында ҳеш кимниң гүўалығының ҳәжети жоқ еди. Ѳйткени адамның кеўлинде не бар екенин Ол билетуғын еди.