1 Ийсаның Өзи ушын дуўа етиўи. 6 Ийсаның шәкиртлери ушын дуўа етиўи. 20 Ийсаның барлық исениўшилер ушын дуўа етиўи.
Юхан жазған Хош Хабар 17 bob
1 Ийса бул сѳзлерди айтып болғаннан соң, кѳзлерин аспанға тигип былай деди: – Єке, ўақыт келди. Улың Сени уллылаўы ушын, Сен де Улыңды уллыла.
2 Себеби Сениң Оған берген адамларыңның ҳәммесине Ол мәңгилик ѳмир берсин деп, Сен Оған пүткил адамзат үстинен бийлик бердиң.
3 Мәңгилик ѳмир – бул Сени, жалғыз ҳақ Ќудайды ҳәм Сен жиберген Ийса Масихты билиў.
4 Сениң Маған тапсырған исиңди тамамлағаным менен, Сени жер жүзинде уллыладым.
5 Әке, дүнья жаратылмастан бурын Сениң менен бирге болғанымда, Менде болған уллылық пенен ҳәзир Мени Өзиңниң алдыңда уллыла.
6 – Сениң Маған дүньядан берген адамларыңа Сени ашып бердим. Олар Сеники еди, Сен оларды Маған бердиң ҳәм олар Сениң сөзлериңди орынлады.
7 Сениң Маған бергенлериңниң ҳәммеси Сеннен екенин олар енди билип алды.
8 Ѳйткени Маған берген сѳзлериңди оларға тапсырдым, олар қабыл етти. Олар Мениң Сеннен келгенимди ҳақыйқаттан билди ҳәм Мени Сениң жибергениңе исенди.
9 Олар ушын сорайман: дүнья ушын емес, Маған берген адамларың ушын сорайман. Себеби олар Сеники.
10 Меникиниң ҳәммеси – Сеники ҳәм Сеникиниң ҳәммеси – Меники. Мен олар арқалы уллыландым.
11 Мен енди бул дүньяда емеспен, бирақ олар бул дүньяда. Мен Саған баратырман, Мухаддес Єке, Маған берген Ѳз атыңның күши менен оларды сақла, олар да Биз сыяқлы бир болсын.
12 Мен олар менен бирге болғанымда, Сениң Маған берген атыңның күши менен оларды қорғап сақладым. Набыт болыўға тийисли адамнан басқа олардан ҳеш бири набыт болмады. Солай етип, Мухаддес Жазыў орынланды.
13 Енди Мен Саған баратырман. Мениң қуўанышым оларда толы болыўы ушын, бул сѳзлерди дүньяда болған ўақтымда айтып атырман.
14 Мен оларға Сениң сѳзиңди тапсырдым, дүнья болса оларды жек кѳрди. Ѳйткени Мениң дүньяға тийисли болмағаным сыяқлы, олар да дүньяға тийисли емес.
15 Оларды дүньядан алыўыңды емес, жаўызлықтан, шайтаннан сақлаўыңды сорайман.
16 Мениң дүньяға тийисли болмағаным сыяқлы, олар да дүньяға тийисли емес.
17 Оларды ҳақыйқат пенен мухаддес қыл. Сениң сѳзиң – ҳақыйқат.
18 Сениң Мени дүньяға жибергениң сыяқлы, Мен де оларды дүньяға жибердим.
19 Олар да ҳақыйқат пенен мухаддес болыўлары ушын, Мен Ѳзимди олар ушын бағышлайман.
20 – Мен тек олар ушын емес, ал олардың сѳзлери арқалы Маған исенетуғынлар ушын да сорайман:
21 олардың ҳәммеси бир болсын. Єке, Мени Сениң жибергениңе дүнья исениўи ушын, Сениң Менде ҳәм Мениң Сенде болғаным сыяқлы, олар да Бизде болсын.
22 Биз бир болғанымыз сыяқлы, олар да бир болыўы ушын, Сениң Маған берген уллылығыңды оларға бердим.
23 Мен оларда, Сен Мендесең. Мени Сениң жибергениңди ҳәм Сениң Мени сүйетуғының сыяқлы, оларды да сүйетуғыныңды дүнья билиўи ушын, олар да бир тутас болсын.
24 Єке! Сениң Маған берген адамларың Мен болатуғын жерде Мениң менен бирге болып, Сен Мени дүнья жаратылмастан бурын сүйгенликтен, Сениң Маған берген уллылығыңды олардың да кѳриўин қәлеймен.
25 Єдил Єке! Дүнья Сени билмейди, бирақ Мен Сени билемен. Булар да Мени Сениң жибергениңди биледи.
26 Маған деген сүйиспеншилигиң оларда болыўы ушын ҳәм Мен де оларда болыўым ушын, Сениң атыңды оларға билдирдим ҳәм билдириўди даўам етемен.