1 Ийса – жол, ҳақыйқат ҳәм өмир. 15 Ийсаның Мухаддес Руўхты ўәде етиўи.
Юхан жазған Хош Хабар 14 bob
1 Ийса шәкиртлерине былай деди: – Жүреклериңиз ғам шекпесин. Ќудайға исениңлер, Маған да исениңлер.
2 Єкемниң үйинде орын кѳп. Егер олай болмағанда, сизлерге айтпас едим. Ѳйткени Мен сизлер ушын орын таярлаўға кетип баратырман.
3 Мен барып, сизлер ушын орын таярлағанымнан соң, сизлер де Мен болатуғын жерде болыўыңыз ушын, және келип, сизлерди Ѳз жаныма алып кетемен.
4 Мен баратуғын жерге апаратуғын жолды сизлер билесизлер.
5 Томас Ийсаға: – Ийем, Сениң қаяққа баратуғыныңды билмеймиз-ғо. Жолды қалай биле аламыз? – деди.
6 Ийса оған былай деди: – Мен жол, ҳақыйқат ҳәм ѳмирмен. Мен арқалы болмаса, ҳеш ким Єкеге бара алмайды.
7 Егер Мени билсеңлер, Єкемди де билесизлер. Ҳәзирден баслап Оны билесизлер ҳәм Оны кѳрдиңлер.
8 Филип Ийсаға: – Ийем, бизлерге Єкени кѳрсет, бизлерге соның ѳзи жеткиликли, – деди.
9 Ийса оған былай деди: – Филип, Мен сонша ўақыттан бери сизлер менен бирге болсам да, Мени еле билмейсең бе? Мени кѳрген Єкени кѳрген болады-ғо. Сен не ушын: «Бизлерге Єкени кѳрсет», – деп айтып атырсаң?
10 Мениң Єкеде, Єкениң Менде екенине исенбейсең бе? Сизлерге айтқан сѳзлеримди Ѳзлигимнен айтып турған жоқпан, ал Менде жасап атырған Єке Ѳз ислерин ислеп атыр.
11 Мениң Єкеде, Єкениң Менде екенине исениңлер. Ҳеш болмаса, ислеген ислерим арқалы Маған исениңлер.
12 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Маған исенген адамның ѳзи де Мен ислеген ислерди ислейди, ҳәтте, олардан да үлкенирек ислерди ислейди. Себеби Мен Єкеме баратырман.
13 Єке Улы арқалы уллыланыўы ушын, Мениң атым менен не сорасаңлар да, ҳәммесин орынлайман.
14 Мениң атым менен бир нәрсе сорасаңлар, Мен оны орынлайман.
15 – Егер Мени сүйсеңлер, Мениң буйрықларымды орынлайсызлар.
16 Мен Єкемнен сорайман ҳәм Ол сизлер менен мәңги бирге болыўы ушын басқа Жубатыўшыны жибереди.
17 Ол – Ҳақыйқат Руўхы. Дүнья Оны қабыл ете алмайды. Ѳйткени Оны кѳрмейди де, танымайды да. Бирақ сизлер Оны билесизлер. Себеби Ол сизлер менен бирге жасайды, Ол ишиңизде болады.
18 Сизлерди жетим қылып қалдырмайман, сизлерге қайтып келемен.
19 Бираздан кейин, дүнья Мени қайтып кѳрмейди. Бирақ сизлер Мени кѳресизлер. Ѳйткени Мен қайта тирилемен, сизлер де қайта тирилесизлер.
20 Сол күни сизлер Мениң Єкемде, сизлердиң Менде ҳәм Мениң сизлерде екенимди билесизлер.
21 Мениң буйрықларымды билип, оларды орынлаған адам – Мени сүйетуғын адам. Мени сүйген адамды Єкем де сүйеди. Мен де оны сүйип, оған Ѳзимди кѳрсетемен.
22 Исқариотлы емес басқа Яҳуда Ийсаға: – Ийем, бул қалай болғаны, Ѳзиңди дүньяға емес, бизлерге кѳрсетежақсаң ба? – деди.
23 Ийса оған былай деп жуўап берди: – Ким де ким Мени сүйсе, Мениң сѳзимди орынлайды. Єкем де оны сүйеди. Бизлер оған келип, оның менен бирге жасаймыз.
24 Мени сүймеген адам сѳзлеримди орынламайды. Сизлер еситип атырған сѳзлер Меники емес, ал Мени жиберген Єкемдики.
25 Мен еле сизлер менен бирге болған ўақтымда сизлерге буларды айттым.
26 Єкемниң Мениң атымнан жиберетуғын Жубатыўшысы, Мухаддес Руўх сизлерге ҳәммесин үйретеди. Ол Мениң сизлерге айтқанларымның ҳәммесин еслериңизге түсиреди.
27 Мен сизлерге тынышлық қалдыраман. Ѳз тынышлығымды сизлерге беремен. Мен беретуғын тынышлық дүнья беретуғын тынышлыққа уқсамайды. Жүреклериңиз ғам шекпесин, қорқпаңлар.
28 Сизлер Мениң: «Сизлерден кетемен ҳәм және сизлерге қайтып келемен», – дегенимди еситтиңлер. Егер сизлер Мени сүйгениңизде: «Єкемниң жанына баратырман», – дегениме қуўанар едиңлер. Себеби Єкем Меннен уллы.
29 Булар жүз бергенде исениўиңиз ушын, еле жүз берместен бурын, сизлерге ҳәзирден айттым.
30 Сизлер менен енди кѳп сѳйлеспеймен. Ѳйткени бул дүньяның ҳәкими киятыр. Оның Мениң үстимнен ҳеш қандай бийлиги жоқ.
31 Бирақ бул дүнья Мениң Єкемди сүйетуғынымды ҳәм Оның Маған буйырғанларының ҳәммесин орынлайтуғынымды билиўи тийис. Ќәне турыңлар, бул жерден кетейик.