1 Ийса – жақсы шопан.
Юхан жазған Хош Хабар 10 bob
1 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: ким қой қораға қапыдан кирмей, басқа жерден асырылып түссе, ол – уры ҳәм басқыншы.
2 Ал қапыдан кирген адам қойлардың шопаны.
3 Ќараўыл оған қапыны ашып береди. Ќойлар шопанның даўысына қулақ салады, ол ѳз қойларын атпа-ат шақырып, оларды сыртқа алып шығады.
4 Ол ѳз қойларының ҳәммесин сыртқа шығарғаннан соң, олардың алдында жүреди. Ќойлар да оның изине ереди, ѳйткени олар шопанның даўысын таныйды.
5 Олар жат адамның изине ермейди, ал оннан қашып кетеди. Себеби жат адамның даўысын танымайды.
6 Ийса оларға усы тымсалды айтып берди. Бирақ олар Ийсаның не айтпақшы болғанын түсинбеди.
7 Сонлықтан Ийса және былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мен қойлар ушын қапыман.
8 Меннен бурын келгенлердиң ҳәммеси урылар ҳәм басқыншылар еди, қойлар оларға қулақ аспады.
9 Мен – қапыман. Ким де ким Мен арқалы кирсе, қутқарылады. Ол киреди, шығады ҳәм жайлаў табады.
10 Уры тек урлаў, ѳлтириў ҳәм набыт қылыў ушын келеди. Бирақ Мен олар ѳмирге ийе болыўы ушын, дәўлетли ѳмирге ийе болыўы ушын келдим.
11 Мен – жақсы шопанман. Жақсы шопан қойлары ушын жанын береди.
12 Ал жалланған адам қойлардың шопаны ҳәм ийеси емес. Сонлықтан ол қасқырдың киятырғанын кѳрип, қойларды таслап қашып кетеди. Ал қасқыр қойларға шабыўыл жасап, тарқатып жибереди.
13 Ѳйткени ол жалланған адам болғанлықтан, қойларды қайғырмай қашып кетеди.
14 -
15 Мен – жақсы шопанман. Єкемниң Мени билетуғыны ҳәм Мениң Єкемди билетуғыным сыяқлы, Мен де қойларымды билемен, олар да Мени биледи. Мен қойларым ушын жанымды беремен.
16 Мениң бул қорадан болмаған басқа да қойларым бар. Оларды да алып келиўим тийис. Олар Мениң даўысымды еситеди, сонда бир шопаны бар, бир сүриў болады.
17 Мен жанымды қайтып алыў ушын беремен. Сонлықтан Єкем Мени сүйеди.
18 Жанымды Меннен ҳеш ким тартып ала алмайды. Бирақ Мен оны Ѳзим беремен. Менде оны бериўге де, қайтып алыўға да бийлик бар. Бул буйрықты Мен Єкемнен алдым.
19 Усы сѳзлер себепли, яҳудийлер арасында және бѳлиниў пайда болды.
20 Олардың кѳбиси: – Оны жин урған, Оның еси дурыс емес. Неге Оны тыңлап турсызлар? – деди.
21 Ал басқалары: – Бул жинли адамның сѳзлери емес. Жин соқырдың кѳзлерин аша ала ма? – деди.
22 Сол ўақытта Ерусалимде Ибадатхананы Бағышлаў байрамы болды. Ќыс еди.
23 Ийса Ибадатханада, Сулайманның айўанында жүрген еди.
24 Яҳудий басшылары Оның әтирапына жыйналып: – Ќашанға дейин бизлерди түсинбеўшиликке саласаң? Егер Сен Масих болсаң, бизлерге ашығын айт, – деди.
25 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Мен сизлерге айттым, бирақ сизлер исенбей атырсызлар. Єкемниң аты менен қылған ислерим Мен туўралы гүўалық берип атыр.
26 Бирақ та, сизлер исенбей атырсызлар. Себеби сизлер Мениң қойларым емессизлер.
27 Мениң қойларым даўысыма қулақ асады. Мен оларды билемен, олар Мениң изиме ереди.
28 Мен оларға мәңгилик ѳмир беремен ҳәм олар ҳеш қашан набыт болмайды. Ҳеш ким оларды Мениң қолымнан тартып ала алмайды.
29 Оларды Маған берген Єкем – ҳәммеден уллы. Єкемниң қолынан оларды ҳеш ким тартып ала алмайды.
30 Мен ҳәм Єкем бирмиз.
31 Сонда яҳудий басшылары Оған ылақтырыў ушын, жерден және тас алды.
32 Ийса олардан: – Мен сизлерге Єкем тапсырған кѳп жақсы ислерди кѳрсеттим. Олардың қайсы бири ушын, Мени тас пенен уражақсызлар? – деп сорады.
33 Яҳудий басшылары Ийсаға жуўап берип: – Сени жақсы ислериң ушын емес, ал Ќудайға тил тийгизгениң ушын, тас пенен уражақпыз. Сен адам бола тура, Ѳзиңди «Ќудайман», – деп атырсаң, – деди.
34 Ийса оларға былай деди: – «Мен: сизлер қудайларсыз, дедим», – деп Мухаддес Нызамыңызда жазылған емес пе?
35 Ќудай Ѳз сѳзин жиберген адамларды қудайлар деп атаған-ғо. Мухаддес Жазыўды бийкарлаўға болмайды.
36 Єкениң Ѳзине ажыратып алып, дүньяға жиберген Мени «Ќудайдың Улыман», – дегеним ушын, неге «Ќудайға тил тийгизип атырсаң», – дейсизлер?
37 Егер Єкемниң ислерин қылмай атырған болсам, Маған исенбеңлер.
38 Бирақ Оның ислерин қылып атырған болсам, Маған исенбесеңлер де, қылған ислериме исениңлер. Сонда Єкениң Менде, Мениң Єкеде екенимди түсинип, билип аласызлар.
39 Сол ўақытта олар Ийсаны услаўға және ҳәрекет қылды, бирақ Ийса олардың қолларынан қутылып қалды.
40 Ийса және Иордан дәрьясының арғы жағасына, бурын Яқыяның адамларды шомылдырып жүрген жерине барып, сол жерде қалды.
41 Оған кѳп адамлар келип: – Яқыя ҳеш қандай кәрамат ислемеген еди. Бирақ оның бул Адам ҳаққында айтқанларының ҳәммеси дурыс шықты, – деди.
42 Сол жерде кѳп адамлар Ийсаға исенди.